Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Республикамызда жабайы түрде өсетуғын геўрек өсимлигиниң тәбийғый резервлерин сақлаў, олардың қайта тиклениўин тәмийинлеў, мәдений усылда геўрек плантацияларын жаратыў және қайта ислеў кәрханалары ҳәм үй хожалықлары арасында кооперацияны жолға қойыў, геўректен алынатуғын шийки затты қайта ислеў, сондай-ақ, таяр ҳәм ярым таяр өним сыпатында экспортқа шығарыўды хошаметлеў, сондай-ақ, тараўға инвестицияларды кеңнен тартыў мақсетинде:

  1. Пиллешилик ҳәм жүн санаатын раўажландырыў комитетине (кейинги орынларда – Комитет) геўрек жетистириўди жедел раўажландырыўды тәмийинлеў бойынша төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:

өзине тийисли жайлаў жер майданларында жумыс ислеп атырған хожалық жүргизиўши субъектлерге жабайы ҳалда өсетуғын геўрек өсимлигин сақлап қалыў, қорғаў, нәтийжели тиклениўин ҳәм қайта көбейтиўди шөлкемлестириўде жәрдемлесиў;

республикамыз аймақларының тәбийғый-ықлым шараятларына сәйкес болған мәдений геўрек плантацияларының шөлкемлестирилиўин мониторинг етиў;

республика аймақларында геўректи санаат усылында қайта ислеў көлемин көбейтиў ҳәм таяр өним ҳалында экспорт етиў және өнимди сатыў базарларын кеңейтиў бойынша шараятлар жаратыў.

2. «Жайлаў хожалығын раўажландырыў» ассоциациясына (кейинги орынларда – Ассоциация) геўрек жетистириўди раўажландырыў бойынша төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин:

геўрек жетистириў ҳәм оны экспорт етиў менен шуғылланатуғын хожалық жүргизиўши субъектлердиң жумысын муўапықластырыў, тараўдағы нызамшылық базасын жетилистириў, геўрек өнимлериниң бәсекиге шыдамлылығын ҳәм сапасын арттырыў бойынша системалы және мақсетли илажларды әмелге асырыў;

санаат усылында жетистирилген геўректиң сатыў базарларын кеңейтиў мақсетинде маркетинг изертлеўлерин алып барыў, экспорт көлемин арттырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

геўрек жетистириў тараўына сырт ел қәнигелери менен инвестицияларын тартыў ушын шараятлар жаратыў;

геўрек өсимлигин мәдений усылларда көбейтиў, оны терең қайта ислеў ҳәм таяр өним ислеп шығарыў процесслерине илимий қолланбаларды кеңнен енгизиў;

геўрек өсимлигиниң техникалық шийки затын жыйнаў, оны қайта ислеў ҳәм экспорт етиўге шекемги процесслерде физикалық тәреплер ҳәм қайта ислеўши кәрханалар арасында кооперацияны шөлкемлестириў арқалы геўрек жетистириў субъектлериниң жумысын муўапықластырыў ҳәм нызамшылықта белгиленген басқа да ўазыйпаларды әмелге асырыў.

3. Комитет «Геўрек жетистириўшилер ҳәм экспорт етиўшилер» және «Жайлаў хожалығын раўажландырыў» ассоциацияларының «Геўрек жетистириўшилер ҳәм экспорт етиўшилер» ассоциациясын «Жайлаў хожалығын раўажландырыў» ассоциациясына қосып алыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

4. 2022-2026-жыллары жайлаў жер майданларында геўрек плантацияларын жаратыўдың прогноз көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Бас министрдиң орынбасары Ш.Ғаниев, Комитет (Б.Қ.Шарипов), Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Самарқанд, Сурхандәрья ҳәм Ферғана ўәлаятлары ҳәкимликлери исбилерменлик субъектлерин кеңнен тартқан ҳалда, усы прогноз көрсеткишлериниң өз ўақтында орынланыўын тәмийинлесин.

5. Комитет Ассоциация менен биргеликте 2022-жыл 1-июньге шекем Бухара, Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Самарқанд ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларының геўрек өсиўи ушын қолайлы ықлым шараятларына ийе аймақларында  геўректи қайта ислейтуғын кәрханалар, геўрек жыйнаў ҳәм жетистириў менен шуғылланатуғын үй хожалықлары (физикалық тәреплер) ҳәм геўрек нәлшилиги хожалықларының кооперациясына тийкарланған геўрек жетистириў кластерлери (кейинги орынларда – геўрек жетистириў кластерлери) шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.

6. Геўрек жетистириў кластерлерин шөлкемлестириў төмендеги шәртлер тийкарында әмелге асырылады:

Комитет, Ассоциация ҳәм интакерлер арасында тәреплердиң ҳуқықлары менен миннетлемелерин нәзерде тутатуғын шәртнама дүзиледи;

интакерлерге жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыў, олардың жағдайын жақсылаў, жабайы түрде өсетуғын геўрек өсимлигин сақлап қалыў, оны мәдений усылларда көбейтиў, кластер қатнасыўшылары арасында кооперация усылында геўрек шийки затын жыйнаў, оны қайта ислеў ҳәм таяр өнимге айландырыўға байланыслы миннетлемелер жүкленеди.

Комитет усы талаплар ттийкарында потенциаллы инвесторларды тартыўға жеке жуўапкер болып есапланады.

7. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола 2022-жыл 1-майдан баслап:

а) Комитеттиң турақлы ийелигиндеги жер майданларында:

жабайы түрде өсетуғын геўрек өсимлигин жыйнаў ушын квоталар Комиттетиң буйыртпасына бола, төлем есабынан Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының жуўмағы тийкарында Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен тастыйықланады;

бул квоталар шеңберинде жабайы түрде өсетуғын геўрек өсимлигиниң шийки затынан арнаўлы пайдаланыў ушын және жабайы түрде өсетуғын геўрек өсимлигин шетке алып шығыў ушын руқсатнамалар Комитет тәрепинен бериледи. Онда, жабайы түрде өсетуғын геўрек өсимлигин жыйнаў ҳәм шетке алып шығыў ушын руқсатнамалар ажыратылатуғын квотаның кеминде 50 проценти көлеминде мәдений плантацияларды қурыў шәрти менен бериледи;

б) Комитет геўрек өнимлериниң базар конъюнктурасы ҳәм өндирис қәрежетлерин таллайды, сондай-ақ, экспорт көлемлери мониторингин жүргизеди ҳәм усы өнимлерди ислеп шығарыў және олардың экспорт көлемин арттырыў ушын жуўапкер болып есапланады.

Комитет Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте усы бәнттиң талапларынан келип шығып бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасының «Өсимлик дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында»ғы нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

Онда жабайы түрде өсетуғын өсимликлерди қәстерлеп сақлаў, оларды қайта тиклеў ҳәм популяциясын кеңейтиў және нызамсыз жол менен жыйнаўдың алдын алыў илажлары да нәзерде тутылады.

Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети Илимлер академиясы менен биргеликте жабайы түрде өсетуғын геўрек өсимлигин жыйнаў ушын квоталар Комитеттиң буйыртпасына бола 2022-жыл 10-майға шекем, ендиги жылдан ҳәр жылдың 1-февралына шекем тастыйықланыўын тәмийинлесин.

8. Комитет ҳәм Ассоциацияның:

Комитеттиң турақлы ийелигинде болған жер майданларындағы геўрек өсимлигинен пайдаланғаны ушын сырт ел пуқаралары ҳәм юридикалық тәреплерден алынатуғын төлем муғдарын:

«Өзбекстан Республикасының қызыл китабы»на киргизилмеген геўрек ширесиниң (клей) 1 килограммы ушын төрт есеге арттырыў;

«Өзбекстан Республикасының қызыл китабы»на киргизилмеген геўрек ширесиниң (клей) 1 килограммы ушын еки есеге арттырыў;

б) әмелдеги тәртипке муўапық, геўрек өсимлигинен пайдаланғаны ушын сырт ел пуқаралары ҳәм юридикалық тәреплерден өндирилип, тийислисинше бөлистирилетуғын суммаларды сақлап қалыў;

в) усы бәнтке муўапық геўрек өсимлигинен пайдаланғаны ушын әмелге асырылып атырған төлем өндириўден алынған қаржыларды Қаракөлшиликти раўажландырыў қорының арнаўлы есап-бетине өткериў, олардын 50 процентин Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районын раўажландырыў қорына қаратыў және 50 процентин Қаракөлшиликти раўажландырыў қорында қалдырыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

9. Қаракөлшиликти раўажландырыў қоры геўрек өсимлигинен пайдаланғаны ушын әмелге асырылып атырған төлем өндириўден алынған қаржыларды:

геўрек жетистириў кластерлериниң қатнасыўшыларына аймақларда шахталы ҳәм тик қудықлар, сондай-ақ, суў тартыў ушын насос станцияларын жаңадан қурыў ҳәм реконструкциялаўға субсидиялар беретуғыны;

шөлкемлестирилетуғын мәдений плантациялар ушын жер майданларын таярлаў, геўрек нәлин сатып алыў ҳәм егиў қәржетлериниң бир бөлегин қаплаўға субсидиялар беретуғыны;

геўрек жетистириў менен шуғылланатуғын исбилерменлик субъектлерине жаңа заманагөй технологиялар, инновациялық идеялар ҳәм қолланбаларды енгизиў ушын субсидиялар беретуғыны;

Комитеттиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, жумысшы хызметкерлерди материаллық ҳәм социаллық хошаметлеўге қаратылатуғыны белгиленсин.

Комитет еки ай мүддетте геўрек жетистириў менен шуғылланатуғын исбилерменлик субъектлерине субсидиялар бериў тәртибин ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин.

10. а) 2022-жыл 1-майдан баслап үш жыл даўамында:

геўрек жетистириўден алған дәраматлары ағымдағы есабат (салық) дәўири жуўмақлары бойынша жәми дәраматтың кеминде 80 процентин қурайтуғын исбилерменлик субъектлеринен алынатуғын пайда салығы, мүлк салығы, жер салығы ҳәм суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық ставкалары 50 процент муғдарында қолланылатуғыны;

геўрек өсимлигин жетистириўшилер ҳәм оның шийки затын қайта ислейтуғын кәрханалар тәрепинен белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша сырт елден импорт етилетуғын, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын шийки зат, материаллары ҳәм фурнитуралар бажыхана бажысынан азат етилетуғыны. Онда, импорт етилетуғын товарлардың Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылыўы ҳаққында экспертиза жуўмағы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жанындағы «Жойбарлар ҳәм импорт контрактларын комплексли экспертизалаў орайы» МУК тәрепинен берилетуғыны;

б) Комитет Ассоциация менен биргеликте жүн ҳәм геўрек өнимлери (ТИФ ТН бойынша 5101-5109, 5602, 570110, 5701109, 1301 90 0000 кодлары) экспорт көлемлериниң мониторингин алып баратуғыны ҳәм бул өнимлердиң экспорт көлемин арттырыў илажларын көретуғыны белгиленсин.

11. Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Комитет Ассоциацияның 2022-жыл 1-майдан 5 жыл мүддетке геўрек өсимлиги туқымларының республикамыздан алып шығылыўына руқсатнамалар берилиўин тоқтатыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

12. Пиллешилик ҳәм жүн санаатын раўажландырыў комитети бир ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте Өзбекстан Республикасының шегарасына жақын аймақларда геўрек жетистириў кластерлери тәрепинен геўрек ширеси ҳәм туқымын жыйнап алыў ушын шараят жаратыў бойынша усыныс киргизсин.

13. Комитет, Қаржы министрлиги және Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң:

Ассоциация системасындағы субъектлерде муўсимлик жумысшылардың толық бир мәўсим ислеген дәўирин оларға пенсия тайынлаў ушын нызамшылық ҳүжжетлеринде тастыйықланған, бир жыллық мийнет стажына өтетуғын мәўсимлик жумыслар дизимине киргизиў;

2022-жыл 1-июльден 2025-жыл 1-январьға шекем Ассоциация системасындағы субъектлерде жумыс ислеп атырған мәўсимлик жумысшылар ушын социаллық салық ставкасын 1 процентлик муғдарда өндириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Салық кодексине усы бәнттиң үшинши абзацынан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша нызам жойбарын Олий Мажлис Нызамшылық палатасына киргизсин.

14. Комитет Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги менен биргеликте жабайы түрде өсетуғын геўрек өсимлигин қорғаў, оларды қайта тиклеў ҳәм популяциясын кеңейтиў және нызамсыз жол менен геўрек жыйнаўдың алдын алыў илажларын көрип барсын.

15. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.

16. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлери 3-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.

17. Комитет еки ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

18. Усы Пәрманның орынланыўын шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Пиллешилик ҳәм жүн санаатын раўажландырыў комитетиниң баслығы Б.Қ.Шарипов белгиленсин.

Пәрманның орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ш.М.Ғаниевке жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                 Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 27-апрель