Өзбекистан Республикасы Президентиниң п ә р м а н ы
Соңғы жыллары валюта сиясаты ҳәм сыртқы саўда жумысы саласын жетилистириў бойынша көрилген илажлар елимиз экономикасына шет ел инвестицияларын тартыў, экспорт потенциалын арттырыў, заманагөй, экспортқа бағдарланған өндирислерди және киши бизнес ҳәм жеке меншик исбилерменлик субъектлерин турақлы раўажландырыўға хызмет еткени атап өтилсин.
Мақул муғдарда сыртқы қарызларды тартыў бойынша избе-из әмелге асырылып атырған сиясат Өзбекистанның миннетлемелерин өз ўақтында орынлайтуғын исенимли, төлеўге уқыплы халықаралық шерик сыпатындағы имиджин тәмийинледи, кейин ала валюта курсын либералластырыў ушын зәрүр алтын-валюта резервин қәлиплестириў, валюта ресурсларын реал экономиканың жетекши тармақларын модернизациялаў, техникалық жақтан қайта үскенелеў ҳәм диверсификациялаўдың әҳмийетли салаларына бағдарлаў, жер жүзилик қаржы дағдарысының кери тәсирлерин жумсартыў имканиятын берди.
Соның менен бирге, валюта айланысы саласының ҳәдден тыс ҳәкимшилик тәртипке салыныўы айрықша тармақлар ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлер ушын жеңилликлер менен преференциялардың тийкарсыз рәўиште нәтийжеси аз болған системасын қәлиплестирди, бизнес жүргизиўде тең болмаған шараятлардың жүзеге келиўи ҳәм бәсекиниң базар принциплери бузылыўына алып келди, шет ел инвестицияларын тартыўда, товарлар ҳәм хызметлер экспортын арттырыўда, улыўма, елимиз экономикасын раўажландырыўда тосқынлық ететуғын факторға айланды.
2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық және валюта саласын тәртипке салыўдың базар механизмлерин енгизиў, республиканың экспорт потенциалын арттырыўды хошаметлеў, тиккелей шет ел инвестицияларын жедел тартыў, жергиликли өндирисшилердиң сыртқы ҳәм ишки базардағы бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, елимизде инвестициялық және исбилерменлик орталығын жақсылаў мақсетинде:
- Валюта базарын буннан былай да либералластырыў саласында мәмлекетлик экономикалық сиясаттың тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:
бириншиден, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың шет ел валютасын еркин сатып алыў ҳәм сатыў және өзиниң қаржыларын өзиниң қәлеўине бола еркин ийелеў ҳуқықларын жүзеге шығарыўды толық тәмийинлеў;
екиншиден, миллий валютаның шет ел валютасына салыстырмалы курсын белгилеўде тек ғана базар механизмлерин қолланыў;
үшиншиден, валюта ресурсларынан пайдаланыўда базар инструментлериниң ролин арттырыў, валюта базарында барлық хожалық жүргизиўши субъектлер ушын теңдей бәсеки шараятларын жаратыў, валюта сиясатын дәстүрий емес тармақларда экспортты раўажландырыўда, регионаллық ҳәм халықаралық экономикалық бирге ислесиўди беккемлеўде хошаметлеўши ролин арттырыў;
төртиншиден, сапалы жумыс орынлары ҳәм жоқары қосымша қунға ийе өнимлерди ислеп шығарыўды тиккелей хошаметлеў ушын экономиканың барлық секторларына тиккелей шет ел инвестицияларын, билим ҳәм технологияларды тартыўға хызмет ететуғын исбилерменлик және инвестициялық орталықты жақсылаў;
бесиншиден, миллий валютаның турақлылығын тәмийинлеўге қаратылған қатаң монетар сиясатты әмелге асырыў, бул бағдарда монетар инструментлерден белсене ҳәм сәйкеслеслендирилген ҳалда пайдаланыў, мәмлекетлик қымбат баҳалы қағазлар базарын раўажландырыў, сондай-ақ, ашық базарда операциялар және мәмлекетлик қымбат баҳалы қағазларды банклер ликвидлигине гиреўге бериў бойынша операцияларды әмелге асырыўды әмелиятқа енгизиў;
алтыншыдан, монетар ҳәм фискал сиясатты муўапықластырыў және Мәмлекетлк бюджеттиң теңсалмақлылығын тәмийинлеў арқалы пул массасы ҳәдден тыс өсиўиниң алдын алыў;
жетиншиден, банк системасының турақлылығын тәмийинлеў ҳәм оның тәўекелшиликлерге шыдамлылығын, соның ишинде, валюта сиясатын либералластырыўдың жүзеге келиўи мүмкин болған кери тәсирин жумсартыўға қаратылған нәтийжели илажларды қолланыўдың есабынан арттырыў;
сегизиншиден, валюта сиясатының жаңа шараятларында таяныш тармақлар кәрханалары нәтийжели жумыс алып барыўы ушын оларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў бойынша зәрүр илажлар көриў;
тоғызыншыдан, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларының турмыс дәрежесине валюта сиясатын либералластырыўдың унамсыз ақыбетлерин азайтыў имканиятын беретуғын ҳәр тәреплеме социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша мәнзилли илажларды әмелге асырыў.
- 2017-жылдың 5-сентябринен:
Өзбекистан Республикасының юридикалық шахслары ағымдағы халықаралық операциялар (товар, жумыс ҳәм хызметлердиң импорты, пайда репатриациясы, кредитлерди қайтарыў, хызмет сапары қәрежетлерин төлеў ҳәм басқа да саўда характерине ийе болмаған өткериўлер) бойынша төлемлерди әмелге асырыў ушын коммерциялық банклерде сырт ел валютасын шеклеўсиз сатып алыўы мүмкин;
Өзбекистан Республикасының резиденти болған физикалық шахслар сырт ел валютасын коммерциялық банклердиң валюта алмастырыў шақапшаларына еркин сатыўы ҳәм конверсиялық бөлимлерде сатып алынған қаржыларды халықаралық төлем карталарына өткериў бойынша әмелдеги тәртипке тийкарланып сатып алыўы ҳәм шет елде ҳеш қандай шеклеўлерсиз жумсаўы мүмкин;
тутыныў товарларының импорты менен шуғылланатуғын юридикалық шахс шөлкемлестирместен жумыс алып баратуғын ямаса жеке тәртиптеги исбилерменлерге шет ел валютасын физикалық шахслар ушын орнатылған тәртипте, банклердеги есап бетлери арқалы сатып алыўға руқсат бериледи;
меншик түрине қарамастан барлық экспортшы кәрханалардың шет ел валютасындағы түсимин мәжбүрий сатыў бойынша талап бийкарланады;
шет ел валютасында дәрамат алатуғын юридикалық шахс шөлкемлестирместен жумыс алып баратуғын жеке тәртиптеги исбилерменлер, сондай-ақ, фермер хожалықлары өзиниң банк есап бетлериндеги шет ел валютасын нақ көринисинде алыўы мүмкин.
- Өзбекистан Республикасы аймағында:
товар (жумыс ҳәм хызмет)лар ушын төлемлерди шет ел валютасында әмелге асырыў қадаған етилетуғыны, халықаралық тәжирийбеге муўапық халықаралық төлем карталары арқалы төлемлер буған кирмейтуғыны;
товар жумыс ҳәм хызметлер ушын баҳа және тарифлер, сондай-ақ, жәмийетлердиң устав капиталына қойылатуғын минимал талаплар тек ғана миллий валютада белгиленетуғыны;
мәмлекетлик бажылар, жыйымлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер тек ғана миллий валютада өндирилетуғыны, консуллық жыйымлар буған кирмейтуғыны белгилеп қойылсын.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:
шет ел валютасында кредитлер бериў ҳәм өндириў шәртлери кредит сиясатынан келип шыққан ҳалда тәреплердиң өз-ара келисимине тийкарланып коммерциялық банклер тәрепинен еркин белгиленеди;
банклердиң шет ел валютасында алды-саттысына байланыслы операциялар бойынша тәўекелшилиги исбилерменлик тәўекелшилиги болып есапланады және оларды басқарыў коммерциялық банклердиң ўәкиллигине киреди;
шет ел валютасының алды-саттысы бойынша комиссиялық дәлдалшылық ҳақы муғдары коммерциялық банк тәрепинен еркин белгиленеди;
коммерциялық банклерге шет ел валютасында операцияларды әмелге асырыў бойынша лицензия бериў әмелияты бийкар етиледи. Коммерциялық банклердиң шет ел валютасы менен операциялары банктиң жумысын әмелге асырыў ҳуқықын беретуғын лицензия тийкарында әмелге асырылады.
- Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 23-июньдеги ПҚ-3082-санлы қарары менен дүзилген Социаллық әҳмийетке ийе азық-аўқат товарларының тийкарғы түрлерине баҳаны мониторинг етиў ҳәм қадағалаў Республикалық ҳәм турақлы жумыс алып баратуғын аймақлық комиссиялар баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў бойынша тәсиршең илажлар көрсин, соның ишинде төмендегилер арқалы:
ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте социаллық әҳмийетке ийе товар ҳәм хызметлер ушын баҳа ҳәм тарифлердиң тийкарсыз көбейиўиниң алдын алыў және оған шек қойыў, олардың қытшылығы ҳәм оларға болған ажиотажлы талап жүзеге келиўиниң алдын алыў бойынша илажларды, сондай-ақ, оларды сатыў процесинде коррупцияға ҳәм қыянет етиўге қарсы гүресиў илажларын күшейтиў;
социаллық әҳмийетке ийе тийкарғы товарларды, соның ишинде, дәри қуралларын ҳәм медицина буйымларын усақлап сатыў баҳаларын қәлиплестириў бойынша белгиленген тәртипке әмел етилиўин ҳәр күни системалы үйрениўди ҳәм қадағалаўды тәмийинлеў;
елимиздиң аймақлық базарларын Ишки тутыныў базарында баҳаны турақластырыўға көмеклесиў қорының қаржылары есабынан және азық-аўқат товарларын ислеп шығарыўшылар, сондай-ақ, фермер ҳәм дийқан хожалықларына шараятлар жаратыў, соның ишинде, өзлери ислеп шығарған товарларды дәлдалшысыз тиккелей халыққа сатыў ушын арнаўлы майданшалар шөлкемлестириў арқалы тутыныў товарлары менен жедел толықтырыў;
ири көтере импортшы шөлкемлер менен биргеликте импорт етилетуғын тутыныў товарлары баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў.
- Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте валюта сиясатын либералластырыў ақыбетлерин жумсартыўды нәзерде тутатуғын ҳүкиметлик қарарлардың жойбарларын ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын киргизсин, оларда төмендегилер:
банклердиң капиталласыў дәрежесин ҳәм ликвидлилигин тәмийинлеў арқалы олардың тәўекелшиликлерге шыдамлылығын арттырыў, халықаралық әмелиятты есапқа ала отырып, банк тәўекелшиликлерин баҳалаўды жетилистириў, коммерциялық банклердиң жумысын тәртипке салыў ҳәм қадағалаўдың заманагөй принциплери менен механизмлерин енгизиўди нәзерде тутатуғын республика банк системасының қаржылық турақлылығын тәмийинлеў бойынша илажлар;
экономика ҳәм халықты энергия ресурслары менен үзликсиз тәмийинлеўге, шет елли кредитлерге өз ўақтында хызмет көрсетиўге мәмлекет тәрепинен қаржылай жәрдем бериў, салыққа тартыў механизмлерин ҳәм принциплерин жетилистириў, мәмлекет тәрепинен ўақтынша субсидиялар ажыратыў, Өзбекистан тиклениў ҳәм раўажланыў қоры ҳәм коммерциялық банклердиң кредитлерин реструктуризациялаўға қаратылған экономиканың таяныш тармақларын қаржылай қоллап-қуўатлаў илажлары;
импорт етилип атырған товарлар ҳәм хызметлердиң ишки баҳаларының өсиўине жол қоймаў мақсетинде бажыхана төлемлериниң ставкаларын оптималластырыў илажлары;
2017-2018-жылларда 14 жасқа толмаған перзентлери болған шаңарақлар ушын белгиленген напақа алыўшылардың санын орташа 1,5 есеге ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлар ушын белгиленген материаллық жәрдем алыўшылардың санын 2 есеге арттырыў, жумыссыз пуқаралар ушын елатлы пунктлерди, мәҳәллелерди абаданластырыў, жап-салмаларды, ирригация тармақларын тазалаў, турақ жай коммунал хожалығы объектлерин оңлаў, инфраструктураны жақсылаў, жол ҳәм көшелерди оңлаў бойынша ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларды шөлкемлестириў, сондай-ақ, Мәмлекетлик бюджет, Өзбекистан Кәсиплик аўқамлары федерациясы ҳәм «Мәҳәлле» қайырқомлық қорының қаржылары есабынан кем тәмийинленген шаңарақларды материаллық қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар көриў, соның ишинде, шаңарақлардың айрықша мәмлекетлик жәрдемге мүтәж топарларына, турақ жай оңлаў ямаса сатып алыў, қарамал, қус ҳәм ең зәрүр турмыслық техника сатып алыўға көмеклесиўдиң есабынан халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажларын күшейтиў нәзерде тутылсын;
- Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги:
cалыққа тартыў базасын кеңейтиў ҳәм ишки резервлерди мобилизациялаў етиў бойынша нәтийжели илажларды әмелге асырыўдың есабынан бюджет дәраматларын көбейтиў арқалы 2017-жылғы Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң профицит пенен орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, Мәмлекетлик бюджетте нәзерде тутылған барлық илажлардың толық қаржыландырылыўын тәмийинлеў ҳәм тастыйықланған қәрежетлерди тийкарсыз қысқартыў әмелиятына шек қойыў;
социаллық-экономикалық раўажланыў бойынша тастыйықланған мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған илажларды сөзсиз әмелге асырыўды нәзерде тута отырып, 2018-жылғы Мәмлекетлик бюджет жойбарын профицит болжаўы менен ислеп шығыў;
хожалық жүргизиўши субъектлердиң есап бетлериндеги шет ел валютасын қайта баҳалаўдың нәтийжесинде алған пайдасы салыққа тартыў базасына киргизилмейтуғын ўақтынша тәртип (2018-жылдың 1-июлине шекем) белгилеў бойынша илажларды әмелге асырсын.
- Өзбекистан Республикасы Орайлық банки 2018-жылдың биринши ярым жыллығының жуўмағы бойынша усы Пәрманда белгиленген нормалардың тәсирин талқылаўдан келип шығып, Өзбекистан Республикасының «Валютаны тәртипке салыў ҳаққында»ғы нызамының жаңа редакциядағы жойбарын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин. Онда:
усынылатуғын нормаларды максимал дәрежеде қысқартылған ҳалда, валюта операцияларының әмелиятта ушырасатуғын барлық тәреплери;
Өзбекистан Республикасы миллий валютасының турақлылығын тәмийинлеў;
юридикалық ҳәм физикалық шахслардың өз валюта қаржыларын еркин ийелеў ҳуқықын толық жүзеге шығарыў;
республиканың экономикалық мәплерин есапқа алған ҳалда, капитал ҳәрекети менен байланыслы операцияларды тәртипке салыў мәселелери нәзерде тутылсын.
- Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы, Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Ишки ислер министрлиги Өзбекистан Республикасы аймағында нақ шет ел валютасының нызамсыз айланысын ҳәм нақ шет ел валютасы менен нызамсыз операцияларды әмелге асырыўды сапластырыў бойынша тәсиршең илажлар көрсин.
- Өзбекистан Республикасы Орайлық банки Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылыққа усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
Министрликлер ҳәм ведомстволар өзлери қабыл еткен ведомстволық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы Пәрманның талапларына муўапықластырсын.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Орайлық банки баслығы М.Б.Нурмуратовқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 2-сентябрь
***
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Валюта сиясатын либералластырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳақында»ғы Пәрманына
ТҮСИНИК
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Валюта сиясатын либералластырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳақында»ғы Пәрманы бәринен бурын әмелдеги валютаны тәртипке салыў системасын түп-тийкарынан реформалаў, валюта сиясатын либералластырыў, барлық исбилерменлик субъектлерине сыртқы саўда жумысын әмелге асырыўда теңдей шараятлар жаратыўға қаратылған.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы Пәрманының қабыл етилиўине елимиздиң экспорт потенциалын арттырыў, исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталығын жақсылаў, шет ел инвестицияларын тартыўға тосқынлық етип атырған бир қатар машқалалар менен кемшиликлер бар екени тийкарғы себеп болды.
Соның ишинде, валютаны тәртипке салыўға ҳәдден тыс ҳәкимшилик араласыў, сыртқы саўда ислерин әмелге асырыўда экономиканың айырым тармақлары ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлери ушын айрықша жеңилликлер менен преференциялар болғаны себепли исбилерменлик субъектлери арасында бизнести жүргизиўге байланыслы тең болмаған шараятлар пайда болды және параллел шет ел валютасы базары ҳәм алмастырыў курсы жүзеге келди.
Валюта курсы сиясатының сыртқы саўданы хошаметлеўдеги ролиниң төменлеўи жергиликли өндирисшилердиң товар ҳәм хызметлериниң баҳаларының сыртқы ҳәм ишки базардағы бәсекиге шыдамлылығын төменлетти.
Елимизде тек ғана базар механизмлери тийкарында жумыс алып баратуғын валюта базарын қәлиплестириў барлық банклердиң қарыйдарлар (юридикалық ҳәм физикалық шахслардың, соның ишинде жеке тәртиптеги исбилерменлердиң)дың талапларын қанаатландырыў мақсетинде шет ел валютасын сатып алыў ҳәм сатыў ушын валюта биржасы саўдаларына еркин қатнасыўын, сондай-ақ, қарыйдарлардың шет ел валютасын сатып алыў бойынша әмелдеги тәртибине ҳәм техникалық регламентине әмел еткен ҳалда өзиниң валюта қаржыларын ҳеш қандай шеклеўлерсиз ийелеўин талап етеди.
Усы Пәрман менен юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен шет ел валютасы ағымдағы халықаралық валюта операцияларын әмелге асырыў ушын банклерде еркин сатып алыныўы ҳәм сатылыўы кепилликке алынады.
Атап айтқанда, юридикалық шахслар өзиниң қаржыларын банклерде әмелдеги халықаралық валюта операцияларын, соның ишинде, товар, жумыс ҳәм хызметлер импорты, пайданы репатриациялаў, кредитлерди қайтарыў, хызмет сапары қәрежетлерин төлеў ҳәм басқа да саўда характерине ийе болмаған операцияларды әмелге асырыў ушын шет ел валютасына шеклеўлерсиз еркин конвертация етиўи мүмкин.
Ағымдағы, усы халықаралық операциялар бойынша төлемлерди банклердеги есап бетлер арқалы әмелге асырыўда хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен базар курсында шет ел валютасын сатып алыў имканиятының жаратылыўы «жасырын» экономиканың қысқарыўына ҳәм пул қаржыларын банк айланысына тартыўға хызмет ететуғынын атап өтиў керек.
Физикалық шахслар да коммерциялық банклердиң конверсиялық бөлимлеринде шет ел валютасын еркин сатып алыўы, сатып алынған қаржыларды халықаралық төлем карталарына өткерип, олардан шет елде ҳеш қандай шеклеўлерсиз, соның ишинде, банк есап бетлери арқалы шет елде оқыў, емлениў ҳәм басқа да мақсетлердеги төлемлер ушын пайдаланыўы мүмкин.
Халық тутыныў товарларын импорт етиў менен шуғылланатуғын жеке тәртиптеги исбилерменлер банклердеги есап бетлеринде саўда түсимин ҳәм басқа да дәраматларды топлап барған ҳалда кейин ала оны физикалық шахслар ушын орнатылған тәртипте, яғный сатып алынған валюта қаржыларын халықаралық төлем карталарына өткериў ҳәм шет елде шеклеўлерсиз, соның ишинде товарларды, импорт етиў ушын пайдаланыўы мүмкин.
Халықтан нақ шет ел валютасын сатып алыў коммерциялық банклердиң барлық филиаллары ҳәм мини-банклери тәрепинен шекленбеген муғдарда ҳәм әўерегершиликсиз әмелге асырылады.
Буннан тысқары, банклер тәрепинен халық пенен валюта алмастырыў операцияларын сапалы әмелге асырыўды тәмийинлеў мақсетинде:
физикалық шахслар тәрепинен шет ел валютасын сатып алыў ҳәм сатыў тәртибин әпиўайыластырыў;
байрам ҳәм дем алыс күнлеринде валюта алмастырыў шақапшаларының созылған жумыс тәртибин енгизиў;
коммерциялық банклердиң филиалларында ҳәм мини-банклерде, әсиресе, ири саўда орайларында ҳәм базарларда қосымша валюта алмастырыў шақапшаларын ашыў;
конверсиялық бөлимлер арқалы шет ел валютасын сатып алыўда алынатуғын дәлдалшылық ҳақысының муғдарын имкан дәрежесинде азайтыў илажларын көриў;
халықаралық төлем карталарынан шет елде пайдаланыўда әмелдеги барлық шеклеўлерди бийкарлаў етиў нәзерде тутылған.
Соның менен бирге, өним ислеп шығаратуғын жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм фермер хожалықларының экспорт жумысын хошаметлеў мақсетинде оларға шет ел валютасындағы дәраматларын өзиниң қәлеўине бола еркин ийелеў, онда банк есап бетлеринен нақ шет ел валютасын шешип алыўға шекем болған ҳуқық бериледи.
Соңғы жыллары экспортшыларды хошаметлеў ушын көплеген жумыслар әмелге асырылды, оларға салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер бойынша көплеген жеңилликлер берилди, экспорт жумысын шөлкемлестириў бойынша бир қатар тәртиплер бийкарланды. Экспорт бойынша әмелдеги жеңилликлерге қарамастан валюта түсимин мәжбүрий сатыў талабы экспортты буннан былай да хошаметлеў жолында тийкарғы тосқынлық болып, экспортшылар өз валюта түсимин толық ийелеў имканиятына ийе емес еди, бул болса экспортты қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған сиясатқа сәйкес келмейди.
Сонлықтан усы Пәрман менен товарлар (жумыслар, хызметлер) экспортынан түскен валюта түсимин мәжбүрий сатыў тәртиби меншик түрине ямаса экспорт етип атырған өнимниң түрине қарамастан, барлық экспортшы шөлкемлер ушын пүткиллей бийкарланды.
Базар принциплери тийкарында валюта ресурслары ағымының нәтийжелигин арттырыў, шет ел инвестицияларын тартыў ушын қолайлы инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын қәлиплестириў, сондай-ақ, сыртқы саўдада валюта сиясатының хошаметлеўши ролин арттырыў мақсетинде миллий валютаның шет ел валютасына салыстырмалы алмастырыў курсы тек ғана валюта биржасының банклераралық электрон саўдаларында валютаға болған талап ҳәм усыныстан келип шыққан ҳалда белгиленеди.
Онда алмастырыў курсын базар механизмлери тийкарында қәлиплестириў мақсетинде банклераралық саўдаларда Орайлық банктиң қатнасы азайтылады. Айырықша жағдайларда Орайлық банк алмастырыў курсының ҳәдден тыс шайқалыўын сапластырыў ушын шет ел валютасын сатыў ямаса сатып алыў операцияларын әмелге асырыў мүмкин.
Алмастырыў курсын ийилиўшең ҳалда тәртипке салыў республикаға келетуғын барлық валюта ресурслары (экспорт түсими, трансшегаралық пул өткермелери ҳәм басқалар) ағысының рәсмий базарға келип түсиўи арқалы шет ел валютасына болған жәми талап ҳәм усыныстың тең салмақлылығын тәмийинлеў ҳәм алтын-валюта резервлери көлемлерин бурынғыдай жоқары дәрежеде сақлап қалыў имканиятын береди.
Шет ел валютасын еркин сатып алыў ҳәм сатыў имканияты және миллий валютаны алмастырыў курсын базар механизмлеринен пайдаланған ҳалда белгилеў елимизде ислеп шығарылған өнимлердиң ишки ҳәм сыртқы базардағы бәсекиге шыдамлылығын ҳәм рентабельлигин арттырыў менен бир қатарда елимизде инвестициялық және исбилерменлик орталығын жақсылаў, тийккелей шет ел инвестицияларын көбейтиў, хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен жаңа технологиялар менен билимлерди тартыўға, экспорт имканиятларын кеңейтиўге хызмет етеди.
Буннан тысқары, алмастырыў курсының либералластырылыўы экспорт имканиятларын арттырыўда күшли хошаметлеўши фактор болып, ол дәстүрий емес сала ҳәм тармақларда экпорт көлеминиң артыўына көмеклеседи ҳәм алмастырыў курсына тәсиршең товар экспортшыларының қаржылық жағдайын тек ғана экспорт көлеминиң артыўы емес, ал алынған дәраматларды миллий валютаға қайта есаплағанда жүзеге келетуғын пайданың есабынан да түп-тийкарынан жақсылайды.
Валюта сиясатын реформалаўға Өзбекистан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыўдағы биринши зәрүр қәдем сыпатында қаралмақта ҳәм реформалардың табысы көп жағынан пул-кредит, салық-бюджет ҳәм экономикалық сиясаттың басқа да салаларында әмелге асырылып атырған ҳәрекетлердиң нәтийжели муўапықластырылыўына байланыслы.
Алмастырыў курсының турақлылығын тәмийинлеўде пул-кредит көрсеткишлериниң өзгериўи шешиўши әҳмийетке ийе екенин есапқа ала отырып, Орайлық банкке монетар инструменттен жедел ҳәм кең түрде пайдаланыў арқалы миллий валютаның турақлылығын және инфляцияның төмен дәрежеде болыўын тәмийинлеў, пул массасының ҳәдден тыс ҳәм тийкарланбаған ҳалда өсиўиниң алдын алыў, мәмлекетлик қәрежетлер ҳәм дәраматлардың теңсалмақлылығын тәмийинлеўге қаратылған қатаң монетар сиясат жүргизиў ўазыйпасы жүкленген.
Пәрманда нәзерде тутылған фискал илажларды көриў, яғный бюджет қәрежетлерин қатаң түрде Мәмлекетлик бюджетке келип түскен дәраматлар шеңберинде әмелге асырыў 2017-2018-жылларда Мәмлекетлик бюджетти профицит пенен орынлаў имканиятын береди.
Онда экономикада баҳалардың өзгериўи үстинен нәтийжели қадағалаўды тәмийинлеў және монетар ҳәм фискал сиясатты муўапықластырыў әмелиятын жетилистириўге қаратылған пул-кредит сиясатының жаңа принциплери менен механизмлерин енгизиў әҳмийетли орын ийелейди.
Валюта сиясатын либерлластырыў шараятында банк системасының турақлылығын тәмийинлеў бағдарында жүзеге келиў мүмкин болған қәўиплерди қадағалаў айықша әҳмийетке ийе.
Банк системасының турақлылығы тек ғана қарыйдарлардың сырт ел валютасына болған талабын қанаатландырыў көз-қарасынан емес, ал кредит портфелиниң, депозит базасының ҳәм көрсетилип атырған кредитлердиң қурамында күтилип атырған сапалы өзгерислер жағынан да әҳмийетли болып табылады.
Усы мүнәсибет пенен банк системасының турақлылығы коммерциялық банклердиң капиталласыў дәрежесин сақлаў, пруденциал қадағалаўды күшейтиў, сондай-ақ, валюта сиясатын либералластырыўдың жүз бериўи мүмкин болған унамсыз ақыбетлериниң алдын алыўға қаратылған илажларды әмелге асырыў арқалы тәмийинленеди.
Мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың дәслепки басқышы сыпатында мәмлекетлик банклердиң устав капиталына 655 миллион АҚШ доллары муғдарында қаржы киргизилгенин атап өтиў керек. Банклердиң ликвидлилигин тәмийинлеў ушын оларға қайта қаржыландырыў кредитлерин бериў механизми енгизилди.
Президент Пәрманында алдынғы халықаралық стандартларды есапқа алған ҳалда жүз бериўи мүмкин болған банк қәўиплеринен ерте ескертиў, оларды баҳалаўды жетилистириўди өз ишине алған бир қатар банк қадағалаўы ҳәм мониторинги инструментлерин енгизиў илажлары нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, усы Пәрманда:
хожалық жүргизиўши субъектлердиң есап бетлериндеги шет ел валютасындағы қаржыларын қайта баҳалаў нәтийжесинде жүзеге келетуғын қаржылық нәтийже салыққа тартыў базасына киргизилмейтуғынын нәзерде тутатуғын ўақтыншалық тәртип енгизиў;
экономиканың әҳмийетли тармақларын қаржылай қоллап-қуўатлаў, оларды салыққа тартыў механизмин жетилистириў, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры және банклердиң кредитлерин реструктуризациялаў бойынша қосымша илажларды ислеп шығыў белгиленген.
Халықаралық валюта қорларының баҳаларына бола, валюта сиясатын либералластырыў орта ҳәм узақ мүддетли келешекте жумыс орынларын жаратыў ҳәм экономиканың өсиў пәтлерине сезилерли унамлы тәсир етеди.
Әмелге асырылып атырған реформалардың қысқа мүддетли перспективада халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламларына салыстырмалы жүзеге келиўи мүмкин болған унамсыз ақыбетлерин жумсартыў мақсетинде анық мәнзилли ҳәм ҳақыйқый социаллық напақа ҳәм субсидиялар енгизиў, жумысты бөлип алып ислеўге, қыйтақ жер майданларынан нәтийжели пайдаланыўға кеңнен тартыў арқалы олардың бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, кем тәмийинленген шаңарақлардың турмыс шараятларын жеңилликли микрокретидлер ажыратыў арқалы жақсылаў сыяқлы илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.
Бәнт болмаған халықты социаллық қоллап-қуўатлаўдың оларды ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға тартыў, соның ишинде, турақ жай фонды объектлерин ҳәм турақ жай коммуналлық инфраструктурасын, көшелерди, жолларды, мәҳәллелердиң аймақларын, социаллық-мәдений әҳмийеттеги объектлерди, ирригация тармақларын абаданластырыў ҳәм оңлаў, сондай-ақ, мәўсимлик аўыл хожалығы жумысларына ҳәм имканияты шекленген шахсларға жәрдем бериўге тартыў нәзерде тутылған жаңа механизми енгизилип атырғанын атап өтиў керек.
Валюта алмастырыў курсын либералластырыўдың товарлар ҳәм хызметлер, әсиресе, халық тутыныў товарларына ишки баҳаның қәлиплесиўине тәсирин азайтыў мақсетинде әмелдеги бажыхана нормалары ҳәм төлемлери ставкаларын түп-тийкарынан қайта көрип шығыў ўазыйпасы белгиленди.
Буннан тысқары, социаллық әҳмийетке ийе азық-аўқат товарларының тийкарғы түрлерине баҳаны мониторинг етиў ҳәм қадағалаў республикалық ҳәм турақлы жумыс алып баратуғын аймақлық комиссияларға баҳалардың турақлылығын ҳәм базарлардың тутыныў товарлары менен жедел толықтырылыўын тәмийинлеў ўазыйпасы тапсырылды.
Усы Пәрман менен миллий валютаға болған исенимди күшейтиўге қаратылған бир қатар нормалар белгиленди. Соңғы жыллары айырым товар ҳәм хызметлерди (автомобильлер, авиабилетлер ҳәм басқалар) республика аймағында шет ел валютасына сатыў әмелияты исбилерменлерге ҳәм халыққа қолайсызлықлар жаратып, олардың наразылығына себеп болып атырған еди.
Буннан тысқары, товар ҳәм хызметлердиң баҳасын шет ел валютасында орнатыў жағдайлары да Орайлық банктиң рәсмий курсының өзгериўи ақыбетинде баҳалардың миллий валютаға есапланғанда тийкарсыз түрде артыўына алып келип атырған еди.
Буннан былай республика аймағында барлық товарлар ҳәм хызметлер ушын есап-санақлар ҳәм төлемлер, мәмлекетлик бажылардың өндирилиўи, товар ҳәм хызметлер баҳаларының белгилениўи тек ғана миллий валютада әмелге асырылады.
Исбилерменлик жумысының раўажланыўына қолай шараятлар жаратыў мақсетинде усы Пәрман менен шет ел валютасында ажыратылған кредитлерди банктиң кредит сиясаты ҳәм тәреплердиң келисими тийкарында миллий ямаса шет ел валютасында қайтарылыўына руқсат берилди.
Валюта базарын либералластырыў процесинде мәмлекетлик экономикалық сиясаттың усы Пәрманда белгиленген тийкарғы бағдарларының толық орынланыўының тәмиийнлениўи барлық сыртқы саўда жумысы қатнасыўшыларына теңдей шараят жаратады және Өзбекистан Республикасы миллий валютасының абыройын беккемлейди, елимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўын жеделлестириўге, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге ҳәм турмыс дәрежесин арттырыўға хызмет етеди.