Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Ашық-айдынлық сиясаты, бай мәдений мийрасымыз ҳәм туризм тараўын қоллап-қуўатлаў нәтийжесинде кейинги жылларда елимизге келип атырған туристлердиң саны бир неше мәрте өсти. Пандемия усы тараўға да өзиниң унамсыз тәсирин көрсетти.

Соның менен бирге, мәмлекетимизде туризм хызметлерин жедел раўажландырыў, әсиресе, инфраструктураны жақсылаў, зыярат туризми ҳәм ишки имканиятларды кеңирек иске қосыў, сондай-ақ, мәдений мийрас объектлериниң инфраструктурасын күшейтиўге байланыслы жумыслардың нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў зәрүр.

Сондай-ақ, спорт тараўында – мәҳәллелер ҳәм билимлендириў мәкемелеринде спортты буннан былай да ғалаба ен жайдырыў, оларда спорт пенен шуғылланыў ушын барлық зәрүрли шараятларды жаратыў арқалы халықты, соның ишинде, жасларды спорттың барлық түрлерине кеңнен тартыў, саламат турмыс тәризин кең түрде үгит-нәсиятлаў арқалы ул-қызларымыз, ҳаял-қызларымыздың саламатлығын беккемлеў, нураный апа ҳәм аталарымыздың өмирин узайтыў, Олимпиада ҳәм Паралимпия, Азия ҳәм Паразия ойынлары ҳәм халықаралық жарысларда қатнасыў ушын спортшыларымыздың буннан былай да пуқта таярлық көриўине барлық шараятларды жаратыў керек.

Бул ўазыйпалардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў, жаңа қатнаслар тийкарында туризм ҳәм спорт тараўларындағы басқарыўдың сапасын буннан былай да арттырыў мақсетинде:

  1. Төмендегилер шөлкемлестирилсин:

а) Туризм ҳәм спорт министрлиги негизинде:

Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги;

Спортты раўажландырыў министрлиги;

б) Туризм ҳәм спорт министрлигиниң аймақлық бөлимлери негизинде:

Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги, Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигиниң ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының бас басқармалары, районлық (қалалық) бөлимлери.

  1. Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги туризм ҳәм мәдений мийрас, Спортты раўажландырыў министрлиги болса спорт тараўларында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўшы мәмлекетлик басқарыў уйымлары болып есапланатуғыны;

Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги ҳәм Спортты раўажландырыў министрлиги өз ўәкилликлери шеңберинде улыўма мәжбүрий болған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл ететуғыны;

туризм, мәдений мийрас ҳәм спорт мәселелерине байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары мәжбүрий тәртипте тийислисинше Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги ҳәм Спортты раўажландырыў министрлиги менен келисилетуғыны;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ, республиканың сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги ҳәм Спортты раўажландырыў министрлигиниң мүрәжаты бойынша тийисли мағлыўматларды орнатылған тәртипте усынатуғыны;

Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги ҳәм Спортты раўажландырыў министрлиги Туризм ҳәм спорт министрлигиниң тийисли ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары, соның ишинде, халықаралық шәртнамалар бойынша ҳуқықый мийрасқоры есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер:

а) Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

сыртқы ҳәм ишки туризмди ҳәр тәреплеме кеңейтиў, бирден-бир туризм бағдарларын ислеп шығыў ҳәм оларды туризм базарларында енгизиў, туризм бойынша абырайлы халықаралық ҳәм миллий шөлкемлер менен бирге ислесиўди кеңейтиў, халықаралық ҳәм мәмлекетлераралық стандартлар ҳәм нормаларды туризмниң жумысы ҳәм әмелиятына енгизиў, мәмлекеттиң туризм имиджин буннан былай да раўажландырыў;

туризм түрлерин көбейтиў, бәринен бурын, ишки ҳәм зыярат туризми, экологиялық туризм, этнотуризм, исбилерменлик туризми, спорт, гастрономиялық, медициналық, билимлендириў ҳәм илимий туризмди ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша мәнзилли илажларды әмелге асырыў, республика аймақларының туризм потенциалынан келип шығып туризмниң перспективалы бағдарларын белгилеў, жаңа туризм өнимлерин жаратыў;

мәдений мийрас объектлерин анықлаў, есапқа алыў, қорғаў, үгит-нәсиятлаў, мәмлекетлик реестрди, электрон каталогы, паспорты ҳәм мәмлекетлик кадастрды жүргизиў, мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў, ЮНЕСКО ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер ҳүжжетлериниң нормалары ҳәм усынысларын имплементациялаў, тарийхый-мәдений аймақлардың тарийхый-мәдений баҳасы, сийрек ушырасатуғынлығы, тәбийғый ландшафты ҳәм өзине тәнлигин сақлап қалыў;

туризм хызметлериниң сыртқы ҳәм ишки базарларында маркетингти алып барыў, мәмлекетимиздиң бийбаҳа туризм потенциалын ғалаба ен жайдырыў ҳәм үгит-нәсиятлаў, миллий туризм өнимлери ҳәм брендлериниң халықаралық туризм базарларына кирип барыўына бағдарланған жедел реклама-мәлимлеме сиясатын әмелге асырыў;

туризм инфраструктурасын қәлиплестириў, соның ишинде, туризм объектлерин жайластырыў ушын потенциаллы аймақларда режелестириў ҳәм жойбарлаў жумысларын шөлкемлестириў, оларға инвесторларды тартыў, туризм тараўында исбилерменлик белсендилиги артыўына ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў, туризм объектлерин мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында нәтийжели басқарыў ҳәм усы тараўды басқышпа-басқыш толық санластырыў;

б) Спортты раўажландырыў министрлигиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

ҳәр бир поселка, аўылда, сондай-ақ, қалалар, поселкалар ҳәм аўыллардағы ҳәр бир мәҳәлледе халық, әсиресе, балалар ҳәм жаслар арасында спорт пенен шуғылланыўды ғалаба ен жайдырыў, ғалабалық спорт түрлери ҳәм саламат турмыс тәризин жүргизиўге кеңнен тартыў бағдарында кең көлемли жумысларды шөлкемлестириў, оларды спорт пенен турақлы түрде шуғылланыўға тартыў, спорт билимлендириў системасын жетилистириў ҳәм санластырыў, спорт түрлери бойынша жоқары нәтийжеге ерискен спортшылардың резервин жаратыў;

спорт инфраструктурасын раўажландырыў, соның ишинде, аўыл ҳәм шетки аймақларда спорт объектлерин көбейтиў, спорт маркентингин раўажландырыў, спорт объектлерин мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында нәтийжели басқарыў ҳәм тараўды басқышпа-басқыш толық санластырыў, мәмлекетлик емес спорт объектлери ҳәм мәкемелери тармағын кеңейтиў, оларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў;

мәмлекетимизде профессионал спортты, соның ишинде, командалық, қысқы ҳәм экстремал спорт түрлерин раўажландырыўды, алдынғы халықаралық тәжирийбени есапқа алған ҳалда, спорт таярлығы процесине заманагөй технологияларды енгизиў, барлық спорт түрлери бойынша миллий чемпионатлар дәрежеси ҳәм сапасын арттырыў, халықаралық ҳәм регионаллық жарыслар шөлкемлестириў, саламат емес спортқа қарсы системалы илажлар көриўди тәмийинлеў;

Олимпиада ҳәм Паралимпия, Азия ҳәм Паразия ойынлары, жәҳән, Азия чемпионатлары ҳәм басқа да халықаралық жарыс ҳәм турнирлерде табыслы қатнасыўын тәмийинлеў ушын перспективалы спортшыларды таңлап алыў (селекциялаў), таярлаў ҳәм шеберлигин арттырыўдың, олардың арасынан мәмлекетлик сайланды командаларының сапалы спорт резерви ҳәм қурамын қәлиплестириўдиң нәтийжели системасын жаратыўда Өзбекстан Миллий олимпия комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети, спорт федерациялары (ассоциациялары) менен бирге ислесиў;

паралимпия ҳәрекетин раўажландырыў, соның ишинде, физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахсларға спорт пенен шуғылланыў ушын шараятларды кеңейтиў, инфраструктураны жаратыў, перспективалы спортшыларды таңлап алыў (селекциялаў) ҳәм профессионал спортқа бағдарлаў, маман қәнигелерди таярлаў.

  1. Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри лаўазымы Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги лаўазымы етип қайта аталсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 19-июньдеги «Бизнестиң нызамлы мәплери мәмлекет тәрепинен қорғалыўы ҳәм исбилерменлик жумысын буннан былай да раўажландырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы ПП-5087-санлы Пәрманының 3-бәнтине қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  3. Министрлер Кабинети бир ай мүддетте:

Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм мәдений мийрас министриниң функционаллық ўазыйпаларын тастыйықласын;

нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын киргизсин.

  1. Усы пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2022-жыл 18-февраль