Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетте ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, олардың экономикалық, социаллық ҳәм сиясий белсендилигин арттырыў, денсаўлығын сақлаў, кәсипке оқытыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликке кеңнен тартыў, мүтәж ҳаял-қызларды социаллық қоллап-қуўатлаў, гендер теңликти тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған реформаларды системалы даўам еттириў, сондай-ақ, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Глобаллық күн тәртибиниң Турақлы раўажланыў мақсетлерин избе-из әмелге асырыў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

2022-2026-жылларда ҳаял-қызлардың мәмлекеттиң экономикалық, сиясий ҳәм социаллық турмысының барлық салаларында белсендилигин арттырыў бойынша Миллий бағдарлама 1-қосымшаға муўапық;

2022-2026-жылларда ҳаял-қызлардың мәмлекеттиң экономикалық, сиясий ҳәм социаллық турмысының барлық салаларында белсендилигин арттырыў бойынша Миллий бағдарламаны 2022-2023-жылларда әмелге асырыўға қаратылған комплексли илажлар режеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. 2022-жыл 1-сентябрьден баслап:

бюджет шөлкемлеринен тысқары барлық юридикалық тәреплерде кейинги 6 ай даўамында үзликсиз жумыс стажына ийе болған ҳаял-қызларға ҳәр ай ушын минимал тутыныў қәрежетлери муғдарынан келип шыққан ҳалда Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы төленетуғыны;

бул юридикалық тәреплердиң усы бәнттиң екинши абзацында көрсетилген хызметкерлердиң алдындағы миннетлемелери Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан төленген ҳәмилердарлық ҳәм туўыў напақасы көлеминде азайтылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Ҳаял-қызларға билим алыўы ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў, олардың илимий потенциалы ҳәм маманлығын системалы арттырып барыўды қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2022-2023-оқыў жылынан баслап:

а) жоқары оқыў орынлары, техникум ҳәм колледжлерде, соның ишинде, сыртқы ҳәм кешки билимлендириў түринде оқып атырған ҳаял-қызлардың тәлим контрактлерин төлеў ушын 7 жыл мүддетке процентсиз тәлим кредитлерин қаржыландырыў мақсетинде коммерциялық банклерге Мәмлекетлик бюджеттен ҳәр жылы 1,8 триллион сум ресурс қаржылары қаратылсын.

Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Ҳ.Тошкулов) еки ай мүддетте усы киши бәнтте нәзерде тутылған қаржыларды ажыратыў графигин коммерциялық банклер кесиминде тастыйықласын;

б) мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратура басқышында оқып атырған барлық ҳаялқызлардың контракт төлемлерин қайтарыў шәртисиз қаплаў мақсетинде, Мәмлекетлик бюджеттен ҳәр жылы кеминде 200 миллиард сум қаржыландырылсын.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы  билимлендириў министрлиги (А.Ҳ.Тошкулов) ҳәм Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) 2022-жыл 1-сентябрьге шекем мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратура басқышына төлемли-контракт тийкарында қабыл етилген ҳәм билим алып атырған ҳаял-қызлардың мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери кесиминде дизимин қәлиплестирсин ҳәм 2022-жыл 1-октябрьге шекем контракт төлемлерин қаплап берсин;

в) сырт ел билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша – 50, магистратура тәлим бағдарлары бойынша – 10 ҳаял-қызға ҳәр жылы «Элюрт умиди» қоры арқалы қосымша грантлар ажыратып барылсын.

Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) усы киши бәнтте нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў ушын «Эл-юрт умиди» қорына ҳәр жылы Мәмлекетлик бюджеттен кеминде 6 миллиард сум ажыратылыўын тәмийинлесин;

г) ҳәр жылы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитетиниң (кейинги орынларда – Комитет) усынысларына тийкарланып Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен 150 ден жәми 2 100  социаллық жақтан жәрдемге мүтәж шаңарақ ўәкиллери, жетим ямаса ата-анасының қарамағынан айырылған студент ҳаял-қызлардың тәлим контрактлери жергиликли бюджеттиң қосымша дәреклери есабынан қайтарыў шәртисиз қаплап берилсин.

Комитет (З.Б.Махкамова) ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Ҳ.Тошкулов) еки ай мүддетте усы киши бәнтте нәзерде тутылған жәрдемге мүтәж шаңарақ ўәкиллери, жетим ямаса ата-анасының қарамағынан айырылған студент ҳаял-қызлардың дизимин қәлиплестириў, оларға усыныслар бериў ҳәм тәлим контрактлерин қаплап бериў тәртибин тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин;

д) қәнигелиги бойынша кеминде 5 жыл мийнет стажына ийе, бирақ жоқары мағлыўматқа ийе болмаған 500 ҳаялқызды ҳәр жылы Комитеттиң усынысларына тийкарланып мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат тәлим бағдарларына улыўма қабыллаў параметрлеринен тысқары өз алдына тест сынақларының нәтийжелерине муўапық төлемликонтракт тийкарында оқыўға қабыллаў әмелияты енгизилсин.

Комитет (З.Б.Махкамова), Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Ҳ.Тошкулов) ҳәм Мәмлекетлик тест орайы (М.М.Каримов) бир ай мүддетте усы киши бәнтте нәзерде тутылған өз алдына квоталарды мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери кесиминде бөлистириў, ҳаял-қызларға усыныслар бериў, өз алдына тест сынақларын өткериў тәртибин тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин;

е) мәмлекетлик илимий шөлкемлер ямаса жоқары билимлендириў мәкемелери докторантурасына ҳаял-қызлар ушын ҳәр жылы кеминде 300 ден мақсетли квота ажыратып барылсын.

Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Ю.Абдурахманов) ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Ҳ.Тошкулов) еки ай мүддетте ҳаял-қызлар ушын усы киши бәнтте нәзерде тутылған мақсетли квоталар мәмлекетлик илимий шөлкемлер ямаса жоқары билимлендириў мәкемелериниң кесиминде тастыйықланыўын тәмийинлесин.

  1. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Пиллешилик ҳәм жүн санаатын раўажландырыў комитети, «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы ҳәм «Өзбекстан пахта-тоқымашылық кластерлери» ассоциациясының:

тийкарынан ҳаялқызларға дизайн, тоқымашылық, мәлимлеме технологиялары, тармақлар экономикасы, маркетинг ҳәм талап жоқары болған басқа да тәлим бағдарлары бойынша билим беретуғын өз алдына университетти;

усы университет жанында пахта-тоқымашылық ҳәм пиллешилик кластерлериниң қатнасыўында басқышпа-басқыш аймақлық техникумларды шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары қоллап-қуўатлансын.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Ҳ.Тошкулов), Комитет (З.Б.Махкамова), Мәмлекетлик активлерди бақарыў агентлиги (А.Ж.Ортиқов), Ташкент қаласы ҳәкимлиги (Ж.А.Артикходжаев) еки ай мүддетте университеттиң жумысын жолға қойыў, оның материаллық-техникалық тәмийнаты ҳәм жайластырылыўы бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Ҳаял-қызларды илимий ҳәм инновациялық жумыс пенен шуғылланыўға тартыў мақсетинде Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Ю.Абдурахманов):

Комитет (З.Б.Махкамова) пенен биргеликте ҳәр жылы март айында әмелий инновациялық жойбарлар бойынша «Илимпаз ҳаял» таңлаўын өткерип барсын;

еки ай мүддетте «Болажақ илимпаз» таңлаўы шеңберинде «Ҳаялқызлар бизнеси ушын биринши қәдем» таңлаўын өткериў ушын Илимди қаржыландырыў ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан кеминде 10 миллиард сум ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Комитет, Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң ҳаял-қызлардың илимий потенциалын арттырыў, илимий-изертлеў нәтийжелерин турмысқа енгизиў, стартап жойбарларын қаржыландырыў мақсетинде Комитет жанында «Илимпаз ҳаялқызлар жәмийети»н дүзиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Комитет (З.Б.Махкамова) ҳәм Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) бир ай мүддетте «Илимпаз ҳаял-қызлар жәмийети»н дүзиў илажлары бойынша Ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин. Онда «Илимпаз ҳаял-қызлар жәмийети»не ҳаял-қызларды әмелде қоллап-қуўатлаў ҳәм және де хошаметлеў ушын Мәмлекетлик бюджеттен 50 миллиард сум ажыратылыўы нәзерде тутылсын.

  1. 2022-жыл 1-июньнен баслап мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелеринде мәмлекетлик буйыртпа тийкарында ҳаял-қызларды кәсипке оқытыўдың жаңа тәртиби енгизилсин.

Онда:

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы «Жумысқа мәрҳамат» моноорайлары жанында маманлықты баҳалаў орайлары шөлкемлестириледи;

маманлықты баҳалаў орайлары кәсиплик маманлық талапларын ислеп шығады ҳәм потенциаллы билимлендириў мәкемелерине мәмлекетлик буйыртпаны береди;

оқыў курсларын тамамлаған ҳаял-қызлардың билим дәрежеси маманлықты баҳалаў орайлары тәрепинен анықланады ҳәм усы тәризде оларға маманлық сертификатлары бериледи;

маманлық сертификатын алған ҳаял-қызларға мийнет жолын баслаўы ушын оқыў қәрежетлерине тең муғдарда маманлықты баҳалаў орайлары тәрепинен субсидиялар бериледи;

маманлықты баҳалаў орайлары тәрепинен улыўма орта билимлендириў мектеплери, кәсип-өнер мектеплери, академиялық лицей ҳәм колледжлердиң питкериўши класс оқыўшықызларын мәлимлеме технологиялары бағдарларында қосымша курсларда оқытыў бойынша мәмлекетлик буйыртпа бериледи.

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (С.М.Холхўжаев), Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Б.Хусанов), Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Ҳ.Тошкулов) ҳәм Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) бир ай мүддетте мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелеринде мәмлекетлик буйыртпа тийкарында ҳаял-қызларды кәсипке оқытыў тәртибин нәзерде тутатуғын буйыртпа тийкарында ҳаял-қызларды кәсипке оқытыў тәртибин нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. «2022-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызамға тийкарланып 2022-жылы ҳаял-қызларды кәсипке үйретиў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдемлесетуғын ҳәм олардың машқалалары менен шуғылланатуғын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге 17,1 миллиард сум муғдарындағы грант қаржылары ажыратылғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Аўыллық жерлердеги ҳаялқызларды кәсипке оқытыў, исбилерменликке тартыў ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў жойбарларын әмелге асырыў мақсетинде 2023-жылдан баслап:

ҳәр жылы мәмлекетлик емес шөлкемлерге базалық есаплаў муғдарының 7 мың есеси муғдарына шекем грантлар бериў ушын Мәмлекетлик бюджеттен кеминде 50 миллиард сум Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қорына ажыратып барылсын;

район (қала)лық сектор штаблары жайласқан имаратлардың кеминде бир ханасында оқыў курсларын өткериў ушын зәрүр шараятлар жаратылсын.

  1. 2022-жыл 1-сентябрьден баслап мийнет ресурслары тығыз болған аўыллық жерлердиң реестри (кейинги орынларда – Реестр) енгизилсин.

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (С.М.Холхўжаев):

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары ўәлаятлық Кеңеслери менен биргеликте 2022-жыл 1-июльге шекем районларда мийнет ресурслары тығыз болған аўыллық жерлердиң дизимин қәлиплестирсин;

мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте Реестрди қәлиплестириў ҳәм жүргизиў тәртибин нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

2022-жыл 1-сентябрьден 2025-жыл 1-январьға шекем Реестрге киргизилген аймақлардағы улыўма хызметкерлер санын кеминде 10 болған ҳәм оларда жумыс ислейтуғын ҳаял-қызлардың мийнетине ҳақы төлеў фондының кеминде 50 процентин қурайтуғын киши исбилерменлик субъектлерине:

Реестрге киргизилген аймақта жайласқан объектлер бойынша юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық ҳәм юридикалық шахслардан жер салығы 50 процент жеңиллик қолланған ҳалда есапланатуғыны;

оларда жумыс ислейтуғын ҳаял-қызлардың мийнетине ҳақы төлеў фондына социаллық салық 1 процентлик ставкада есапланатуғыны;

бюджет шөлкемлерине жыллық улыўма баҳасы базалық есаплаў муғдарының 750 есесине шекем болған өнимлерди тиккелей сатыў ҳуқықы берилетуғыны;

олар тәрепинен көшпес мүлк ижараға алынғанда 3-қосымшаға муўапық жеңилликлер берилетуғыны белгиленсин.

  1. Олий Мажлис Сенаты ҳәм Министрлер Кабинети тәрепинен Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша республикалық комиссия қурамының тастыйықланғаны, Олий Мажлис Сенатының баслығы Т.К.Нарбаева – комиссия баслығы ҳәм Бас министрдиң орынбасары З.Б.Махкамова ҳәм Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының баслығы Қ.М.Рафиков – комиссия баслығының орынбасарлары етип белгиленгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша республикалық комиссия (Т.К.Нарбаева) бир ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Мәмлекетлик басқарыўда ҳаялқызлардың белсендилигин арттырыў бағдарламасы»н тастыйықласын ҳәм орынлаўға қаратылыўын тәмийинлесин:

а) Мәмлекетлик басқарыў академиясында басшы ҳаял-қызларды таярлаў бойынша өз алдына оқыў курсларын шөлкемлестириў ҳәм ҳәр жылы кеминде 100 ҳаял-қызды оқытыў;

б) 2024-жыл 1-январьға шекем:

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитети және олардың системасындағы шөлкемлердиң хызметкерлери арасында ҳаял-қызлардың үлесин кеминде 30 процентке жеткериў;

барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, устав капиталында мәмлекетлик үлес 50 процент ҳәм оннан аслам болған шөлкемлер және олардың системасындағы шөлкемлер басшыларының кеминде 1 орынбасарын ҳаял-қызлар арасынан тайынлаў. Онда усы талап тийисли шөлкем басшысы ҳаял-қызлар арасынан тайынланғанда ямаса онда тек ғана бир орынбасар болған жағдайда мәжбүрий есапланбайды.

  1. Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде ҳаял-қызлардың бизнес-жойбарларын қаржыландырыў ушын 2022-жылы қосымша 1 триллион сум ажыратсын.

Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасының координаторлары (С.М.Холхўжаев, А.А.Камалов, Д.Ш.Султанов) 2022-жылы усы бағдарлама шеңберинде ажыратылып атырған қаржылардың жәми 4 триллион сум бөлеги исбилерменлик, дәрамат табыўға қаратылған белгили мийнет түри менен шуғылланыў ҳәм жумыс түрин кеңейтиў тилегин билдирген ҳаял-қызларға бағдарланыўын тәмийинлесин.

  1. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Ш.А.Вафаев) үш ай мүддетте ҳаял-қызлардың исбилерменлигин жолға қойыў ҳәм раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мақсетинде халықаралық финанс институтларының 300 миллион АҚШ доллары муғдарындағы финанслық ресурслары тартылыўын тәмийинлесин.
  2. 2022-жыл 1-апрельден баслап:

исбилерменлик жумысын жаңадан баслап атырған исбилермен ҳаял-қызларға ажыратылып атырған субсидияның муғдары 7 миллион сумнан 10 миллион сумға арттырылатуғыны;

«Өнермент» ассоциациясы жанындағы өнерментшилик орайларында кеминде 40 процент исбилермен ҳаял-қызлар тәрепинен ислеп шығарылған өнимлер жайластырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (С.М.Холхўжаев), Комитет (З.Б.Махкамова) және Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (А.Б.Воитов) еки ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын 2022-2024-жылларға мөлшерленген «Бизнесмен ҳаяллар» бағдарламасының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин:

исбилерменлик субъектлери арасында ҳаял-қызлардың үлесин 40 процентке шекем жеткериў;

ҳаял-қызларға өзиниң қыйтақ жеринде гүл ҳәм мийўе-овощ жетистириў ушын ыссыхана қурыў, шарўашылық, қусшылық, балықшылық ҳәм пал ҳәррешиликти жолға қойыў ушын 35 миллион сумға шекем жеңилликли кредитлер ажыратыў.

  1. 2022-жыл 1-июньнен баслап мәҳәллелерде ҳаялқызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм денсаўлығын беккемлеў орайлары (кейинги орынларда – орайлар) шөлкемлестирилсин. Онда:

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери орайларды қурыў ушын ҳәр бир мәҳәлледен 300 квадрат метрге шекемги жер майданын турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында ямаса бос турған мәмлекетлик мүлк объектин оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында мәҳәллелерге ажыратсын;

Орайлар район (қала) ҳәкимликлери тәрепинен жергиликли бюджетлердиң қосымша дәреклери ямаса нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да қаржылардың есабынан қурылыўы нәзерде тутылсын;

қурылған орайлар мәҳәллелер тәрепинен тигиўшилик, кондитерлик, фитнес, шейпинг, ҳаялқызларды кәсипке оқытыў жумысын шөлкемлестириў ушын исбилерменлик субъектлерине узақ мүддетли ижараға берилсин.

  1. Ҳаял-қызлардың турақ жай шараятларын жақсылаў мақсетинде:

а) 2022-жылы ипотека кредитлери бойынша ажыратылатуғын субсидиялардың кеминде 40 проценти ҳаял-қызларға қаратылсын;

б) 2022-жыл 1-апрельден баслап турақ жай шараятларын жақсылаўға мүтәж болған, соның ишинде, «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери» ҳәм «Темир дәптер»ге киргизилген, жетим ямаса ата-анасының қарамағынан айырылған ер жеткен турақ жайға мүтәж қызларды ижара ҳуқықы тийкарында ўақтынша орналастырыў ушын социаллық турақ жайларды «Халықшыл» комиссиялары менен келискен ҳалда екилемши турақ жай базарынан сатып алыўға рухсат берилсин;

в) турақ жайға мүтәж, соның ишинде, жеке меншик турақ жай фондында ижара ҳуқықы тийкарында жасап атырған «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген мүтәж ҳаял-қызларға олар тәрепинен топланатуғын айлық ижара төлеминиң 50 проценти, бирақ көби менен 500 мың сумға шекемги бөлеги «Ҳаял-қызлар дәптери» қоры және Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлери қаржылары есабынан қаплап берилсин. Онда:

Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң қосымша дәреклери есабынан 2022-жылдан баслап зәрүр қаржылар ажыратып барылсын;

усы бәнтте көрсетилген жеңилликлерден пайдаланыў ушын ҳаял-қызларға социаллық контракт тийкарында кәсип үйрениў, мийнет етиў имканиятына ийе болса, бийғәрез ямаса Халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайлары жолламасы тийкарында жумысқа орналасыў бойынша социаллық миннетлемелерди жүклеў тәртиби енгизилсин.

  1. 2022-жыл 1-апрельден баслап:

а) бағыўшысынан айырылған ҳаял-қызлардың:

перзентлери мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине төленетуғын ата-аналар төлеминен азат етилсин;

3 жасқа шекемги перзентлери ушын мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине Мәмлекетлик бюджеттен субсидиялар белгиленген тәртипте ажыратылсын;

б) толық қуўатлылық пенен ислемей атырған мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине 2 жастан 3 жасқа шекемги балаларды төлемли хызмет көрсетиў түринде қабыл етиўге рухсат берилсин;

в) кешки сменада ҳаял-қызлар ислейтуғын кәрхана ҳәм шөлкемлер өзиниң жанында  мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин шөлкемлестиргенде, олардағы тәрбияшылардың мийнет ҳақысы Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаплап берилсин.

Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги (А.В.Шин) ҳәм Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) еки ай мүддетте усы бәнттиң «в» киши бәнтинде нәзерде тутылған компенсация төлемлерин әмелге асырыў тәртибин нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Алимент төлеўшиниң басқа да орынлаў ҳүжжетлери бойынша миннетлемелери болғанда, қарыздардан өндирилген қаржылар алимент төлемлери бойынша қарыздарлық толық қапланғаннан соң нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте ҳәм гезеги менен бөлистириледи. Әне, усы сыяқлы, орынлаў ҳәрекетлери даўамында қарыздарға салынған жәриймалар ҳәм орынлаў ҳәрекетлерин әмелге асырыў қәрежетлери де алимент төлемлеринен сол ўақтағы қарыздарлық толық қапланғаннан соң өндирилетуғыны;

алимент миннетлемелерин орынлаўдан бас тартып киятырған ҳәм излеўде болған шахслар ҳаққындағы мағлыўматларды мәжбүрий орынлаў уйымларының рәсмий веб-сайтларына жайластырыў, сондай-ақ, мәмлекетлик ғалаба хабар қуралларында жәриялаў әмелияты енгизилетуғыны, онда усы дәреклерде излеўдеги шахслар ҳәм олардың мүлки ҳаққында мағлыўматқа ийе болған пуқараларға мәжбүрий орынлаў ҳәм ишки ислер уйымларына хабар бериў имканияты жаратылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Әдиллик министрлиги (Р.Қ.Давлетов) ҳәм Бас прокуратура (Н.Т.Йўлдошев) үш ай мүддетте алимент төлемлерин өндириў системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша нызам жойбарын белгиленген тәртипте киргизсин. Онда, соның ишинде, төмендегилер нәзерде тутылсын:

а) алимент бойынша қарыздарлық бар болғанда қарыздарлық толық сапластырылғанға шекем:

қарыздардың транспорт қуралын басқарыў ҳуқықын ўақтынша шеклеў;

қарыздарға лизенция ҳәм рухсат бериў уқыбына ийе болған мәмлекетлик хызметлерди ўақтынша көрсетпеў;

  1. Мәжбүрий орынлаў бюросы жанында юридикалық шахс шөлкемлестирмеген ҳалда «Алимент төлемлери» мәмлекетлик мақсетли қоры дүзилсин ҳәм оған Мәжбүрий орынлаў бюросын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан 50 миллиард сум ажыратылсын.

Суд қарары менен алимент төлеў миннетлемеси жүкленген адамлардан белгиленген қәрежетлерди үш ай мүддетте өндириў имканияты болмаған жағдайда «Алимент төлемлери» мәмлекетлик мақсетли қорының қаржылары алимент төлемлери бойынша қәлиплескен қарыздарлықты бир мәрте төлеў ушын қаратылатуғыны ҳәм кейин ала алимент төлеў миннетлемеси жүкленген қарыздардан судтың қарарысыз мәжбүрий тәртипте өндирип алынатуғыны белгилеп қойылсын.

Бас прокуратура (Н.Т.Йўлдошев) ҳәм Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) еки ай мүддетте «Алимент төлемлери» мәмлекетлик мақсетли қорының жумысын жолға қойыў, қордың қаржылары есабынан алимент төлемлеринен қарыздарлық төленетуғын жағдайлар ҳәм адамлар топарын белгилеў тәртибин нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Ҳаял-қызлардың денсаўлығын беккемлеў, ҳаял-қызларға тән болған кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм алдын алыў мақсетинде:

а) комитет (З.Б.Махкамова) ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.А.Мусаев) еки ай мүддетте жоқары технологиялық медициналық жәрдем көрсетилиўи зәрүр болған мүтәж 6 мың ҳаял-қызлар, реабилитация қураллары менен тәмийинлеўге мүтәж болған 10 мың майыплығы болған ҳаял-қызлардың дизимлерин Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлиги ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша республикалық комиссияға усынсын;

б) Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.А.Мусаев):

Комитет (З.Б.Махкамова) пенен биргеликте 2022-жылы 3 миллион ҳаял-қыздың онкологиялық скринингтен өткерилиўин тәмийинлесин;

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Ш.А.Вафаев) менен биргеликте 2022-2025-жыллар даўамында 227 туўыў комплекси ҳәм 46 районлараралық перинатал орайларын толық оңлаў ҳәм үскенелеў ушын халықаралық финанс институтларының 105 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржыларды тартсын;

в) Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) 2022-жылы Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан төмендегилер ажыратылыўын тәмийинлесин:

жоқары технологиялық медициналық жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар ушын Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қорына қосымша – 100 миллиард сум;

майыплығы болған ҳаял-қызларды реабилитация қураллары менен тәмийинлеў ушын Медициналық ҳәм социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлигине қосымша – 17 миллиард сум;

барлық районлық ҳәм қалалық медицина бирлеспелери қурамындағы «Онко-қадағалаў» («Cancer – қадағалаў») ҳаялларды тексериў ханаларын медициналық әсбап-үскенелер ҳәм медицина қураллары менен тәмийинлеў ушын – 20 миллиард сум;

9-12 жастағы 815 мың жас өспирим қызларды адам папилломасы вирусына қарсы және 12 түрдеги вакциналар менен шаншыў ушын – 200 миллиард сум.

  1. Әдиллик министрлиги (Р.Қ.Давлетов), Бас прокуратура (Н.Т.Йўлдошев), Жоқарғы суд (К.Ф.Камилов), Ишки ислер министрлиги (П.Р.Бобожонов) ҳәм Комитет (З.Б.Махкамова) 2022-жыл 1-июньге шекем төмендегилерди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин:

жәбирлеў ҳәм зорлықтан жәбирлениўшиге мәмлекетлик қорғаўды беретуғын ордер суд тәрепинен бир жыл мүддетке шекем берилиўин белгилеў;

сырт ел пуқарасы Өзбекстан Республикасы аймағында алимент миннетлемелерин орынламағаны ушын судланған ямаса ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған болса, оған Өзбекстан Республикасынан шығарып жибериў ҳәм Өзбекстан Республикасына кириў ҳуқықын шеклеў бойынша мәжбүрлеў илажларын қолланбаў;

ҳаялды өз ҳәмилесин жасалма түсириўге мәжбүрлегени ушын жуўапкершиликти күшейтиў;

жақын туўысқаны болған ҳаял-қызға қастан дене жарақатын жеткергени ушын жуўапкершиликти күшейтиў;

адам өмириниң сыр тутылатуғын тәреплерин сәўлелендириўши, абырайын ҳәм намысын кемситетуғын мағлыўматларды жәриялағаны ушын жынайый жуўапкершиликти белгилеў;

еки айдан артық мүддет ишинде материаллық жәрдемге мүтәж болған жас өспирим ямаса мийнетке жарамсыз шахсты материаллық тәмийинлеўден бас тартқан шахсқа ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға ямаса басқа да жумысқа мәжбүрий тартыў тәризиндеги ҳәкимшилик ҳуқықбузарлыққа байланыслы жаза түрин белгилеў.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Ж.Хаджаев) комитет (З.Б.Махкамова) ҳәм Жаслар ислери агентлиги (А.З.Саъдуллаев) менен бирге үш ай мүжддетте:

қәбилетли қызлардың дөретиўшилик потенциалын қоллап-қуўатлаў және интеллектуаллық ҳәм инновациялық басламаларды раўажландырыў мақсетинде «Билимли қызлар» телекөрсетиўи;

ҳәр қыйлы тараўларда жетискенликлерге ерискен ҳаял-қызлар ҳаққында ийбелилик, пәклик, сабыр-тақат ҳәм илимге умтылыў сыяқлы ийгиликли қәдириятларды үгит-нәсиятлайтуғын «Ҳаял жетискенлиги» рубрикасындағы телебағдарламалардың таярланыўын және эфирге берилиўин тәмиийнлесин.

  1. Абадан ҳәм турақлы шаңарақлардың турмыслық тәжирийбелерин ғалаба ен жайдырыў мақсетинде шаңарақ институтын беккемлеў, шаңарақлық қәдириятларды сақлаў ҳәм раўажландырыўға мүнәсип үлес қосқан шаңарақларға берилетуғын «Үлгили шаңарақ» көкирек белгиси шөлкемлестирилсин ҳәм оны 15-майХалықаралық шаңарақ күнинде тапсырыў тәртиби белгиленсин.

Комитет (З.Б.Махкамова) бир ай мүддетте «Үлгили шаңарақ» көкирек белгиси ҳаққындағы режениң жойбарын тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарлары 4-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  2. Комитет (З.Б.Махкамова) еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде:

Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша республикалық комиссияның баслығы Т.К.Нарбаева – 10 бәнт;

Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйи А.А.Абдуваҳитов – 3- бәнт;

Бас министрдиң орынбасары З.Б.Махкамова –1-, 4-,5-, 22-, 25- бәнтлер;

Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқаров  –2-, 6-9, 11-, 13-16., 20- бәнтлер;

Бас министрдиң орынбасары С.Ў.Умурзақов –12 бәнт;

Бас прокуратура Н.Т.Йўлдошев –17-,19-, 21- бәнтлерде нәзерде тутылған илажлардың орынланыўы сапалы ҳәм өз ўақтында тәмийинлениўи ушын жуўапкер етип белгиленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлиги ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша республикалық комиссиясының баслығы Т.К.Нарбаева ҳәм Бас министрдиң орынбасары З.Б.Маҳкамова ҳәр үш айда Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме киргизип барсын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 7-март