Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Елимизде егислик жерлерден нәтийжели пайдаланыў, фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, аўылда бәнтликти ҳәм абаданлықты арттырыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, айырым районларда фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң жер участкаларынан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша жумысларының жағдайын үйрениў нәтийжелери усы бағдардағы жумысты шөлкемлестириўди буннан былай да жетилистириў бойынша анық илажлар көриў зәрүрлигин көрсетпекте.

Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери жумысының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң бул тараўдағы ўәкилликлерин кеңейтиў ҳәм белсене қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Тийисли аймақта дийқан хожалықларына ҳәм қыйтақ жер ийелерине ажыратылған жер участкаларынан мақсетли пайдаланылыўы районды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша сектор басшыларының жумысын баҳалаў көрсеткишлеринен бири деп есаплансын.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм районлардың ҳәкимлери, аўыл хожалығы министри және Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси (кейинги орынларда Кеңес деп аталады) басшыларына фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери районлық кеңеслери жанындағы фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерине комплексли хызмет көрсетиў орайларының жумысын шөлкемлестириў тәмийинленбегенлиги қатаң көрсетип өтилсин.
  3. 2018-жыл 1-июльден:

барлық фермер ҳәм дийқан хожалықларының Кеңеске ағзалығы мәжбүрий, қыйтақ жер ийелери ушын болса ықтыярлы болып есапланатуғыны:

фермер ҳәм дийқан хожалықларының Кеңеске ағзалығы районлық фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси президиумының қарарына муўапық сапластырылыўы жер участкасына ийелик етиў, оннан турақлы ямаса мүддетли пайдаланыў ҳуқықы ямаса оны ижараға алыў ҳуқықы бийкарланыўы ушын тийкар болатуғыны;

фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеслери аўыл хожалығында шәртнама миннетлемелериниң орынланыўы бойынша мониторинг ҳәм жәмийетлик қадағалаўды әмелге асыратуғыны белгиленсин.

  1. Кеңес, Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм Аўыл хожалығы министрлигиниң кеңеске ағзалық төлемлерин төмендегише белгилеў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын:

пахта шийки заты ҳәм дәнли егинлер жетистириўге қәнигелескен фермер хожалықлары ушын пахта шийки заты ҳәм дәнниң сатып алыў баҳасынан 0,8 процент муғдарында;

басқа фермер хожалықлары ушын олар тәрепинен ислеп шығарылған өнимлерди сатыўдан түскен ақша қаржыларының 0,5 проценти муғдарында;

дийқан хожалықлары және қыйтақ жер ийелери ушын Кеңеске ағзалық ҳаққындағы шәртнамада көрсетилген муғдарда.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Орайлық банк, Аўыл хожалығы министрлиги, Кеңес, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте усы бәнттиң талапларына муўапық Кеңеске ағзалық төлемлерин өткерип бериў тәртибин ислеп шықсын және орнатылған тәртипте тастыйықласын.

  1. Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң кеңеслерине төмендеги ҳуқықлар берилсин:

үйме-үй жүриў арқалы дийқан хожалықларының ҳәм қыйтақ жер ийелериниң жер участкаларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўын, соның ишинде, жерди таярлаў, туқым, нәл ҳәм тереклер егиў, ыссыханалар қурыў, қарамал ҳәм қусларды көбейтиў жағдайын күнделикли мониторинг етип барыў;

Кеңес ағзалары – фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерине тийисли жер участкаларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў зәрүрлиги ҳаққында көрсетпелер бериў;

район ҳәкимлерине фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң тийисли жер участкаларына болған ҳуқықларын жер нызамшылығына муўапық сапластырыў зәрүрлиги ҳаққында көрип шығылыўы мәжбүрий болған усыныслар киргизиў.

  1. Барлық районларда тийкарғы ўазыйпасы төмендегилер арқалы фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерине аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм әмелий жәрдем көрсетиў болып есапланған «Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖлар шөлкемлестирилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин:

фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерине шәртнама тийкарында зәрүр материаллық ресурслар, соның ишинде, туқымлар, нәллер, таралар, техника ҳәм басқа да қуралларды жеткериў бериў;

жерлерди  рекультивациялаў ҳәм аўыл хожалығы егинлерин егиў;

суўғарыў системасын жаратыў ҳәм жақсылаў, суў насосларын орнатыў, артезиан қудықларды қазыў ҳәм тамшылатып суўғарыўды шөлкемлестириў;

ислеп шығарылған өнимлерди ҳәм аўыл хожалығы егинлерин ишки ҳәм сыртқы базарларда сатыў, соның ишинде, оларды таярлаў, сақлаў, қайта ислеў ҳәм экспорт етиў.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлардың ҳәкимликлери Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Саўда-санаат палатасы ҳәм Кеңес пенен биргеликте районлардың қәнигелесиўинен келип шыққан ҳалда «Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖлардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириўде, соның ишинде, бос турған ҳәм пайдаланылмай атырған мәмлекет мүлки объектлерин белгиленген тәртипте ажыратыў арқалы көмеклессин.
  2. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Қаржы министрлиги және Кеңестиң юридикалық шахс статусына ийе болған Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси жанындағы Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қорын (кейинги орынларда Қор деп аталады) шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныс мақуллансын.
  3. а) төмендегилер Қор қаржыларын қәлиплестириў дәреклери есапланатуғыны:

Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Жәмийетлик жумыслар қорынан ҳәм Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қорынан тийислисинше 350 миллиард сум және 150 миллиард сум муғдарында ажыратылатуғын бир мәртелик бийғәрез қаржылай жәрдем;

аукцион саўдаларында пуқараларға жер участкаларына мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықын сатыўдан түсетуғын түсимниң 10 проценти;

Қорға жүкленген ўазыйпаларды орынлаў ушын тартылатуғын халықаралық қаржы институтлары, шет елдеги ҳүкиметлик шөлкемлердиң ҳәм басқа да донорлардың кредитлери (қарызлары) ҳәм грантлары;

Қордың дәраматлары, соның ишинде, қаржыларды дипозит есап бетлерине жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар;

нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер;

б) Қор қаржылары төмендегилер ушын пайдаланылатуғыны;

фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерине 3 жыл мүддетке, соның ишинде, 1 жылға шекемги жеңиллетилген дәўир менен 2 процентлик банк маржасын есапқа ала отырып, жыллық 7 процент ставкада кредитлер бериў ушын «Микрокредитбанк» АКБ, «Агробанк» АКБ менен Өзбекстан Республикасы Халық банкине ресурслар жайластырыў;

коммерциялық банклер арқалы Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржылаў ставкасында 2 процент банк маржасын есапқа ала отырып, «Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖ, аўыл хожалығы тараўындағы басқа да өндирис, қайта ислеў, таярлаў, тәмийинлеў, саўда шөлкемлери менен лизинг компанияларына материаллық-техникалық базасын беккемлеў, аўыл хожалығы техникаларын ҳәм транспортларын сатып алыў, фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ыссыханаларын қурыў ушын материаллар және комплектлеўши бөлеклерди сатып алыўға кредитлер бериў;

Қорды сақлап турыў ҳәм жумысын материаллық-техникалық жақтан тәмийинлеў;

айланыс қаржыларына мүтәж болған «Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖлардың устав қорын 25 проценттен аз болмаған муғдарда қәлиплестириў;

фермер, дийқан хожалықларына ҳәм қыйтақ жерлерин раўажландырыўға инвестицияларды тартыў және инновациялық жойбарларды әмелге асырыўға байланыслы басқа да бағдарлар;

в) Қор қаржылары есабынан кредитлер аймақлық фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеслери менен келисилген ҳалда берилетуғыны;

г) қаржыларды коммерциялық банклерге жайластырыў есабынан алынатуғын дәраматлардың 30 процентке шекемги муғдардағы Қор дәраматлары Кеңести материаллық-техникалық ҳәм қаржы жағынан тәмийинлейтуғыны, сондай-ақ, оның хызметкерлерин материаллық хошаметлеў ушын жумсалатуғыны белгиленсин.

  1. «Ўзбекозиқовқатзахира» ассоциациясы, «Ўзбекозиқовқатхолдинг» компаниясы дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери тәрепинен усы қарарға муўапық ажыратылған кредит қаржылары есабынан жетистирилген аўыл хожалығы өнимлериниң базар баҳалары бойынша сатып алыныўын тәмийинлесин.

Дийқан хожалықлары, қыйтақ жер ийелери ҳәм «Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖлар өзлериниң аўыл хожалығы өнимлерин басқа да шахсларға сатыў ҳуқықына ийе екенлиги белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Қордың Қәўендерлик кеңеси, Режеси және 25 штат бирликтен, соның ишинде, 7 бирлик орайлық аппаратта, 18 бирлик Қордың аймақлық ўәкиллеринен ибарат болған Қордың атқарыўшы аппараты структурасын тастыйықласын.
  2. Қордың Қәўендерлик кеңеси ҳәр шеректе есап бериў дәўиринен кейинги айдың 20-сәнесине шекем Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигине Қор қаржыларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққында есаплар усынып барсын.
  3. Төмендегилер:

Қор барлық түрдеги салықларға ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларына мәжбүрий ажыратпалардан;

«Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖлар мәмлекетлик дизимнен өткен күннен баслап усы қарарға муўапық олардың тийкарғы жумысы шеңберинде 3 жыл мүддетке барлық түрдеги салықларға ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларға мәжбүрий ажыратпалардан;

Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын ҳәм оның аймағына шеттен келтирилетуғын жеңил конструкциялы ыссыханаларды орнатыў ушын үскенелер, аўыл хожалығы техникасы менен аўыл хожалығы транспорт қураллары белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизим бойынша 2021-жыл 1-январьға шекем бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестириўи ушын төлемлерден тысқары);

«Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖ ямаса фермер хожалықлары менен дүзилген жумысты үйге алып ислеў шәртнамасы тийкарында жумыс алып барып атырған қыйтақ жер ийелери – физикалық шахслар олардың жумысты үйге алып ислеў жумысы шеңберинде физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы және Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары пенсия қорына мәжбүрий ажыратпалардан азат етилсин.

  1. 2018-жыл 1-июльден:

дийқан хожалығы ҳәм 4 сотихтан аз болмаған қыйтақ жеринде бәнт болған ямаса усы участкада қарамал яки 50 бастан аз болмаған қус бағып атырған физикалық шахслар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары пенсия қорына жылына ең кем айлық ҳақысының бир есеси муғдарында қамсызландырыў төлеми төленген жағдайда, қамсызландырыў төлеми төленген жыл мийнет стажына киргизилетуғыны;

Кеңес системасында ислейтуғын пенсионерлерге пенсиялар Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары пенсия қорының қаржылары есабынан толық төленетуғыны;

фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийлери кеңеслери тәрепинен Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары пенсия қорына бирден-бир социаллық төлем 5 процент муғдарында төленетуғыны белгиленсин.

  1. Төмендегилер Өзбекстан Республикасы Бәнтликке көмеклесиў қоры қаржыларынан пайдаланыўдың қосымша бағдарлары деп есаплансын:

жеңил конструкциялы ыссыханалар орнатыў, туқымларды, нәллерди ҳәм суўғарыў қуралларын сатып алыў ушын «Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖ, халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайы және қыйтақ жер ийелери арасында дүзилген үш тәреплеме шәртнамалар тийкарында ең кем айлық мийнет ҳақысының 3 есесинен 10 есесине шекемги муғдарда субсидиялар бериў;

кәсип-өнерге оқытыў орайларында, колледжлерде ҳәм жоқары оқыў орынларында кәсип-өнерге таярлаў, агротехнология, бағшылық, овощ жетистириў, шарўашылық, қусшылық, балықшылық және пал ҳәррешилик тараўында фермер ҳәм дийқан хожалықларының басшылары менен хызметкерлерин және қыйтақ жер ийелерин қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў ушын грантлар ажыратыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги фундаменталь, әмелий және инновациялық изертлеўлер мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарламаларын қәлиплестириўде оларға фермер, дийқан хожалықларының жер участкаларынан ҳәм қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыў бойынша инновациялық қолланбалар ҳәм заманагөй технологиялар ислеп шығыўды нәзерде тутатуғын илимий жойбарлар киргизилиўин тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Аўыл хожалығы министрлиги Кеңес пенен биргеликте бир ай мүддетте дийқан хожалықларын ҳәм қыйтақ жерлерди раўажландырыў тийкарында аўыл хожалығының дәраматларын арттырыў ушын Жәҳән банкиниң және басқа да халықаралық қаржы институтларының кредитлерин ҳәм заёмларын тартыў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине анық усыныслар киргизсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги «Ўзагрокимёхимоя» АЖ ҳәм Кеңес пенен биргеликте бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине:

киши аўыл хожалығы өндирисин және дийқан хожалықларында ҳәм қыйтақ жерлерде мини – агротехнологияларды раўажландырыў бойынша илимий-изертлеў орайын;

республика аймақларында дийқан хожалықлары менен қыйтақ жер ийелерине аўыл хожалығы егинлерин кеселликлерден қорғаў, зәрүр усыныслар ҳәм мәсләҳәтлер бериўге көмеклесетуғын ҳәм хызмет көрсететуғын «Өсимликлер клиникасы» ЖШЖларды шөлкемлестириў бойынша усыныслар киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 10-октябрьдеги «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери жумысын буннан былай да раўажландырыў бойынша шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3318-санлы қарарына қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министирлиги Аўыл хожалығы министрлиги, Әдиллик министрлиги, Кеңес, басқа да министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте:

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин;

олар тәрепинен қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға  муўапықластырсын.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары З.Т.Мирзаевқа, Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Мурадовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы.

2018-жыл 26-апрель