Өзбекстан Республикасы Президентиниң
Пәрманы
Көп әсирлик миллий ҳәм диний қәдриятларымызды қәстерлеп сақлаў, илим ҳәм мәденияттың раўажланыўына үлкен үлес қосқан бабаларымыздың бийбаҳа мийрасын үйрениў, сол тийкарда жасларды кәмил инсан етип тәрбиялаў жәмийетте турақлы социаллық-руўхый орталықты тәмийинлеўдиң әҳмийетли шәртлеринен бири болып есапланады.
Соңғы жыллары елимизде шөлкемлестирилген Ислам цивилизациясы орайы, Ислам академиясы, Мир Араб жоқары медресеси, Имам Бухарий ҳәм Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайлары бай илимий-тарийхый мийрасымызды үйрениўге және үгит-нәсиятлаўға хызмет етпекте.
Соның менен бирге, дүньяда жүз берип атырған ўақыя-ҳәдийселерди ҳәм жәмийетлик-сиясий жағдайды талқылаў диний-ағартыўшылық тараўындағы жумыстың нәтийжелилигин арттырыўды ҳәм маман кадрлар таярлаўдың бир пүтин системасын жаратыўды талап етпекте.
Халқымызға бурыннан тән болған ағартыўшылық, кеңпейиллик, мийрим-шәпәәт, дөретиўшилик сыяқлы жақсы пазыйлетлерди ҳәм қәдриятларымызды кеңнен үгит-нәсиятлаў, жәмийетте социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеўде диний-ағартыўшылық тараўы ўәкиллериниң орнын ҳәм қатнасын арттырыў және 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық:
- Төмендегилер диний-ағартыўышылық тараўының жумысын түп-тийкарынан жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
«Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» уллы идея тийкарында динниң негизги инсаныйлық мәнисин жақсылық, тынышлық ҳәм адамгершилик сыяқлы пазыйлетлер бурыннан қәдриятларымыздың көриниси екенлигин кеңнен сәўлелендириў ҳәм бул тараўдағы илимий-ағартыўышылық жумысты жедел шөлкемлестириў;
ислам ҳәм дүнья цивилизациясына бийбаҳа үлес қосқан бабаларымыздың бай мәдений мийрасын терең үйрениў тийкарында жаслардың ақыл-санасын қәлиплестириў;
динди зорлық ҳәм қан төгиў менен бир қатарға қоятуғын бузғыншы жат идеялардың негизги мәниси және мақсетлери ҳаққында халықтың, әсиресе, жаслардың хабардарлық дәрежесин арттырыў;
жәмийетте миллий ҳәм диний қәдриятларымызға жат болған идеяларға тақатсызлық орталығын қәлиплестириў;
жәмийетте кеңпейиллик. өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт, тынышлық ҳәм татыўлықты, социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеўде диний-ағартыўшылық тараўы ўәкиллериниң жуўапкершилик сезимин және қатнасын буннан былай да арттырыў;
диний-ағартыўшылық шөлкемлердиң материаллық-техникалық тәмийинлениўин беккемлеў, тараў ўәкиллериниң мийнетин мүнәсип хошаметлеў ҳәм социаллық қорғалыўын күшейтиў; глобалласыў шараятында жәмийетимиздеги социаллық- руўхый орталықтың турақлылығына ҳәм исеним еркинлигине қәўип туўдырыўы мүмкин болған факторларды ерте анықлаў ҳәм алдын алыўға қаратылған мәлимлеме-талқылаў жумысын күшейтиў;
диний ҳәм дүньялық билимлердиң үйлесимлилигин раўажландырыў тийкарында билимлендириўдиң сапасын арттырыў, диний-ағартыўшылық тараўында маман кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўдың бир пүтин системасын жаратыў.
- Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша илажлар бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети структурасында 15 штат бирлигинен ибарат Диний-жәмийетлик процесслерди үйрениў мәлимлеме-талқылаў орайы (кейинги орынларда Орай деп жүргизиледи) шөлкемлестирилсин.
Орай Дин ислери бойынша комитеттиң диний темаларға байланыслы әдебиятлар, Интернет ҳәм ғалаба хабар қуралларының материалларын терең талқылаў, диний-жәмийетлик орталықтың турақлылығына унамсыз тәсир ететуғын факторларды ерте анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў жумысын әмелге асыратуғын мәлимлеме-талқылаў структурасы болып есапланады.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң Өзбекстан ислам академиясының ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Ташкент ислам университети тийкарында Өзбекстан халықаралық ислам академиясын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Өзбекстан халықаралық ислам академиясы:
Өзбекстан мусылманлар мәкемеси ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети қарамағындағы Қуран илимлери, ҳәдис, ислам ҳуқықы, догматизм, суфизм, ислам экономикасы ҳәм финансы, халықаралық қатнасықлар, шет тили (араб, парсы, инглис, орыс, урду, түрк ҳәм т.б) ҳәм басқа да халықаралық көлемде талап жоқары болған тараўлар бойынша тәжирийбели кадрларды таярлаўға, орта арнаўлы, жоқары билимлендириў, жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў, маманлығын арттырыў басқышларында үзликсиз билимлендириўдиң бир пүтин системасын шөлкемлестириўге ҳәм илимий мийрасты терең изертлеўге және қәстерлеп-сақлаўға, диний ҳәм дүньялық билим бериўге қәнигелескен жетекши ҳәм илимий-изертлеў мәкемеси болып есапланады;
республикадағы барлық ислам билимлендириў мәкемелериниң жумысын оқыў-нормативлик ҳәм оқыў-методикалық жақтан тәмийинлеўди және муўапықластырыўды әмелге асырады;
Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети қаржылары ҳәм нызамда қадаған етилмеген басқа дәреклер есабынан қаржыландырылады;
ҳуқықлары менен миннетлемелери бойынша қайта шөлкемлестирилип атырған Өзбекстан ислам академиясының және Министрлер Кабинети жанындағы Ташкент ислам университетиниң ҳуқықый мийрасқоры болып есапланады.
Өзбекстан халықаралық ислам академиясын питириўшилерге улыўма билимлендириў мектеплеринде, орта арнаўлы ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде тараўға тийисли илимлер бойынша педагогикалық жумыс пенен шуғылланыў ҳуқықы берилсин.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-апрельдеги ПҚ-2909-санлы «Жоқары билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының 14-бәнтинде белгиленген жеңилликлер Өзбекстан халықаралық ислам академиясына да енгизилсин.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Өзбекстан халықаралық ислам академиясының жумысын шөлкемлестириў ҳәм қоллап-қуўатлаў ҳаққындағы қарарды қабыл етсин.
- Өзбекстан халықаралық ислам академиясының қурамында Қарақалпақстан Республикасы, Самарқанд, Наманган ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларының регионаллық филиалларына ийе болған Маманлығын арттырыў орайы шөлкемлестирилиўи инабатқа алынсын.
Маманлығын арттырыў орайында ҳәм оның регионаллық филиалларында имам-хатиблер, имам-найиблары, диний тараў қәнигелери, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң хызметкерлери, жоқары ҳәм орта билимлендириў мәкемелериниң тараўға тийисли педагог кадрлары қайта таярлаўдан өтеди ҳәм маманлығын арттырады.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Өзбекстан халықаралық ислам мәденияты Маманлығын арттырыў орайы ҳәм оның регионаллық филиалларының жумысын шөлкемлестириў ҳәм қоллап-қуўатлаў ҳаққындағы қарарды қабыл етсин.
- Өзбекстан халықаралық ислам академиясы жанындағы «Зиё»меда орайы елимизде динниң негизги инсаныйлық мәнисин, бабаларымыздың ислам ҳәм жәҳән цивилизациясына қосқан бай диний-илимий мийрасын кеңнен енгизетуғын, диний-ағартыўшылық турмыстағы жаңалықларды жәмийетшиликке жеткеретуғын тийкарғы медиа структура сыпатында қәлиплестирилсин.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети үш ай мүддетте «Зиё» медиа орайының жумысын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде оны байланыс қураллары, кең қамтыйтуғын Интернет тармағы, заманагөй телестудия, телевизиялық үскенелер топламы, компьютер техникалары, бағдарламалық тәмийнат ҳәм басқа да техника қураллары менен тәмийинлеў илажларын көрсин.
«Зиё» медиа орайы 2021-жылдың 1-майына шекем белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизимлер бойынша республикада ислеп шығарылмайтуғын, заманагөй телестудия шөлкемлестириў ушын зәрүр болған әсбап-үскенелер, компьютер ҳәм сервер техникасы, техника қураллары, сондай-ақ, басқа да материаллық-техника ресурсларын алып кириў ушын бажыхана төлемлерин (бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйымлар буған кирмейди) төлеўден азат етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети, Өзбекстан мусылманлары мәкемеси ҳәм Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының жоқары диний-ағартыўшылық билимлендириў мәкемеси түриндеги Ҳадис илими мектебин шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
Қуран ҳәм ҳәдислердиң тийкарғы мәнисин, ҳәдис илиминиң илимий-теориялық тийкарларын терең үйренген, ҳәдис илиминиң раўажланыўына шексиз үлес қосқан уллы ўатанласларымыздың үлкен илимий мийрасын пуқта өзлестирген, ҳәдис тараўында илимий излениўлер алып барыў көнликпесине ийе қәнигелерди таярлаў және ҳәдислердеги жақсы улыўма инсаныйлық идеяларды халқымызға, әсиресе, жас әўладқа жеткериў Ҳәдис илими мектебиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленгени инабатқа алынсын.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Ҳәдис илими мектебиниң жумысын шөлкемлестириў ҳәм қоллап-қуўатлаў ҳаққындағы қарарды қабыл етсин.
- Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанындағы Муқаддес орынларды сақлаў ҳәм абат етиў қайырқомлық жәмийетлик қоры Қәўендерлик кеңеси усы қорды сапластырыў ҳаққында қарар қабыл еткенлиги, Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанында «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры шөлкемлестирилгенлиги, 2-қосымшаға муўапық усы жәмийет қорының Қәўендерлик кеңеси қурамының мақулланғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
«Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қорының тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленгени атап өтилсин’
пуқаралардың диний, руўхый ҳәм интеллектуаллық потециалын арттырыўға қаратылған басламаларды қоллап-қуўатлаў, миллий ҳәм диний қәдриятларымызды қәстерлеп-сақлаў;
мешитлердиң ҳәм диний билимлендириў мәкемелериниң имаратларын қурыў, оңлаў, реконструкциялаў, абаданластырыў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў;
тарийхый-архитектуралық әҳмийетке ийе зыярат етиў орынларын сақлаў, оңлаў, абаданластырыў, олардың инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў;
диний билимлендириў мәкемелери, илимий-изертлеў орайларының жумысын қаржыландырыў, олардың профессор-оқытыўшыларын, изертлеўшилерин, қәнигелерин ҳәм оқыўшы-студентлерин материаллық ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў;
мешитлер менен зыярат етиў орынларының хызметкерлерин, соның ишинде, имам-хатиблер, имам-найиблар, мутаваллилар, муаззинларды материаллық-социаллық қоллап-қуўатлаў;
ислам илими ҳәм мәдениятының раўажланыўына үлкен үлес қосқан уллы бабаларымыз, заманымыздың жетик илимпазларының қәлемине тийисли диний-ағартыўшылық шығармаларды басып шығарыў ҳәм халыққа жеткериўге көмеклесиў;
елимиздеги муқаддес зыярат етиў орынларының мусылман дүньясындағы абыройын буннан былай да арттырыў, бул жерлерге жергиликли ҳәм шет елли пуқаралардың зыяратларын шөлкемлестириў, зыраятшылар ушын зәрүр шараятлар жаратыў;
халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын, соның ишинде, имканияты шекленген шахсларды материаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаў.
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитет пенен биргеликте Өзбекстан мусылманлары мәкемесине бир ай мүддетте «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қорының қаржы-хожалық жумысын шөлкемлестириў, пуқаралардан закат, питир ҳәм басқа да қайырқомлық қаржылары сыпатында түсетуғын қәрежетлер Қордың айрықша есап бетинде жыйналыўын, заманагөй мәлимлеме технологияларынан пайдаланған (соның ишинде, Интернет тармағы арқалы онлайн бақлаў имканиятын жаратқан) ҳалда қаржылардың түсиўинде ҳәм жумсалыўында толық ашық-айдынлықты тәмийинлеў бойынша әмелий көмек берсин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Мәденият министрлиги, Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети, Мәмлекетлик салық комитети және Өзбекстан мусылманлары мәкемеси менен биргеликте үш ай мүддетте республикадағы барлық муқаддес зыярат етиў орынларын үйренип шықсын және олардың шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарларын жетилистириў бойынша анық усыныслар ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети 2018-жыл 1-июльге шекем үйрениў нәтийжелери тийкарында муқаддес орынларды ҳәм зыярат етиў орынларын «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қорына пайдаланыў ушын ижараға бериў ҳуқықы менен бириктирип бериўди нәзерде тутатуғын қарарды қабыл етсин.
Муқаддес ҳәм зыярат етиў орынлары материаллық мәдений мийрас объектлери болып есапланады және олардың талап дәрежесинде қорғалыўы үстинен Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен мәмлекетлик қадағалаў орнатылады.
- Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры қаржылары есабынан усы мәкеме системасындағы диний-ағартыўшылық шөлкемлерде:
жумыс ислеп атырған хызметкерлерге, соның ишинде, имам-хатиблерге айлық мийнет ҳақы төлеў;
жумыс ислеп атырған турақ жайға мүтәж хызметкерлерди хызмет турақ жайлары менен тәмийинлеў;
көп жыллар даўамында үлгили жумыс ислеп атырған, турақ жайға мүтәж имам-хатиблерге жаңаланған үлгидеги жойбарлар бойынша қурылып атырған турақ жайларды сатып алып, бийпул бериў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң буйыртпасына тийкарланып мәкеме системасындағы диний-ағартыўшылық шөлкемлердиң хызметкерлерине хызмет турақ жайлары ҳәм оларға сатып алып бериў ушын жаңаланған үлгидеги жойбарлар бойынша қурылып атырған турақ жайлардың ажыратылыўын тәмийинлесин.
- 2018-жыл 1-июльден баслап Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы, Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайында ислейтуғын:
оқытыўшы, илимий хызметкер ҳәм қәнигелерге бирден-бир тариф сеткасы бойынша мийнетке ҳақы төлеў разрядларына бола тариф коэффициентлери ҳәм базалық лаўазым айлықлары 3 есе, (Орай хызметкерлерине – 4 есе) муғдарда қолланылатуғыны;
пенсионерлерге олардың усы шөлкемлердеги жумысы бирден-бир болған жағдайда пенсиялары толық төленетуғыны белгиленсин.
Усы бәнттиң үшинши хат басы барлық диний-ағартыўшылық шөлкемлердиң хызметкерлерине енгизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети, Илимлер академиясы Руўхый-ағартыўшылық орайы, Өзбекстан мусылманлары мәкемеси ҳәм кең жәмийетшиликтиң ислам илимине ҳәм мәдениятына шексиз үлес қосқан уллы бабаларымыздың ибратлы өмирин ҳәм бай илимий мийрасын терең үйрениў, елимиздиң данқын дүнья көлеминде кеңнен ен жайдырыў жумысына мүнәсип үлес қосып киятырған шахсларды хошаметлеў мақсетинде «Имам Бухарий» мәмлекетлик сыйлығын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы қоллап-қуўатлансын.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте усы мәмлекетлик сыйлықты шөлкемлестириў илажлары ҳаққындағы тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети Әдиллик министрлиги менен биргеликте диний-ағартыўшылық тараўда үлгили жумыс ислеп атырған, жәмийетлик-руўхый жумысларда айрықша өрнек көрсетип атырған тараў ўәкиллерин хошаметлеў, соның ишинде, мәмлекетлик сыйлықларға усыныў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Президентиниң аппаратына киргизип барсын.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети:
бир ҳәпте мүддетте комитет жумысын жетилистириў ҳәм оның жаңаланған структурасын тастыйықлаў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын;
Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик кеңесгөйлери Р.Т.Камиловқа ҳәм Р.С.Қосимовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 16-апрель