Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Соңғы жыллары елимизде суд-ҳуқық реформаларының әҳмийетли структуралық бөлими сыпатында физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықларын, еркинликлери менен мәплерин қорғаўды тәмийинлеўдиң нәтийжели институтларынан бири болған адвокатураның ролин ҳәм әҳмийетин күшейтиў бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылды.
Суд жумысын жүргизиўдиң барлық басқышларында тәреплердиң тартысыўы принципиниң зәрүр дәрежеде ислеўин шөлкемлестириўге қаратылған илажлар избе-из әмелге асырылды, адвокатлардың профессионаллық жумысты орынлаўы ушын зәрүр нызамшылық базасы жаратылды.
Соның менен бирге, талқылаўлардың көрсеткениндей, адвокатура елеге шекем адамлардың исенимине ерискен ҳуқықты қорғайтуғын институтқа айлана алмады, адвокатлардың ҳуқықларын толық жүзеге шығарыўға тосқынлық етип ҳәм олар тәрепинен сапалы юридикалық жәрдем көрсетилиўине кесент берип атырған бир қатар факторлар бар. Атап айтқанда:
бириншиден, сорастырыў ҳәм тергеў уйымларының айырым хызметкерлери тәрепинен адвокатлар өзлериниң исеним билдириўшилери (қорғаўындағылары) алдына кириўине жүзеки себеплерге бола тосқынлық етилмекте, бундай жағдайларда адвокатлардың шағымларын көрип шығыўдың әмелдеги механизмлери адвокатлық жумысына тосқынлық етиў жағдайларының нәтийжели алдын алыўды тәмийинлемей атыр;
екиншиден, адвокатлардың физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықларын ҳәм мәплерин нәтийжели қорғаў ушын ҳәр қыйлы шөлкемлерге жиберилип атырған сораўлары көпшилик жағдайларда, бәринен бурын, мәмлекетлик уйымлардың лаўазымлы шахслары тәрепинен итибарсыз қалдырылмақта, адвокат сораўын көрип шығыўдың анық тәртиплери ҳәм мүддетлери, билип турып жалған ямаса надурыс мәлимлемени усынғаны ушын жуўапкершилик белгиленбеген;
үшиншиден, Өзбекстан Республикасы Адвокатлар палатасының (кейингги орынларда Адвокатлар палатасы деп аталады) адвокатура институтының қорғаўшысы сыпатындағы роли төменлеп кеткен, оның адвокатлар менен өз-ара бирге ислесиўи статистика жыйнаў менен шекленип қалмақта және артықша бюрократиядан ибарат болмақта;
төртиншиден, адвокатлық структураларының әмелдеги шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый түрлери юридикалық хызметлер көрсетиў базарында бәсекиликтиң раўажланыўына хызмет етпей атыр, юридикалық мәсләҳәт хызметлерин көрсетиў адвокатлық жумысынан ажыратылмағанлығы тараўдың раўажланыўына унамсыз тәсир етпекте;
бесиншиден, адвокатлық жумысын лицензиялаў системасы юридикалық әмелияттың тийисли тараўларға бөлиниўин есапқа алмайды, бул болса адвокатлық кәсиптиң қәнигелесиўине унамсыз тәсир етпекте;
алтыншыдан, адвокатлық лицензиясының әмел етиўин тоқтатып турыў ҳәм сапластырыў мәселелерин көрип шығыўда салмақлы ҳәкимшилик тәсир етиўге жол қойылмақта, нәтийжеде адвокатураның еркинлигине ҳәм бийғәрезлигине зыян етпекте;
жетиншиден, билими жетиспеўи, өзиниң кәсиплик миннетлемелерине ҳүждансыз қатнаста болыўы себепли адвокатлар тәрепинен Адвокатлардың кәсиплик этикасы қағыйдалары талапларын, адвокатлық сырды ҳәм адвокат антын бузыў жағдайлары көплеп ушыраспақта, бул болса исеним билдириўшилердиң (қорғаўындағылардың) наразылығына себеп болмақта.
Адвокатура системасын түп-тийкарынан жетилистириў. профессионал юридикалық жәрдем сапасын ҳәм адвокат кәсибиниң абыройын арттырыў, сондай-ақ, суд жумысын жүргизиўде теңлик ҳәм тартысыў принциплерин толық жүзеге шығарыў мақсетинде:
- 2018-жыл 1-июльден баслап:
адвокат келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиў, тәреплерди жарастырыў бойынша илажлар көриў, сондай-ақ, төрешилик судьясы сыпатында жумыс жүргизиў ҳуқықына ийе болатуғыны, адвокат тәреплерден бириниң ўәкили болған жағдайлар буған кирмейтуғыны;
адвокатлық жумыс пенен шуғылланыў ҳуқықын беретуғын лицензияны алыў ушын адвокатлық структурасында мәжбүрий стажировкада болыў мүддети алты айдан үш айға қысқартылатуғыны, онда мәмлекетлик уйымлардың ҳәм шөлкемлердиң юридикалық хызметиниң хызметкерлери ҳәм судья, тергеўши ямаса прокурор лаўазымында кеминде үш жыл жумыс ислеген шахслар мәжбүрий стажировкадан азат етилетуғыны;
лицензияны сапластырыў ушын тийкар болатуғын адвокат тәрепинен кеширимли себеплерсиз өзиниң кәсиплик миннетлемелерин орынламаў мүддети әмелдеги үш айдан алты айға созылатуғыны;
судтың адвокатты жынаят ислеўде айыпкер деп табыў ҳаққындағы айыплаў ҳүкими күшке кирген жағдайда, судья бир сутка ишинде Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигин ҳәм Адвокатлар палатасын белгиленген тәртипте жазба хабардар ететуғыны;
жумыс ислеп атырған адвокатлар ҳәм жаңадан адвокат статусын алған шахслар Адвокатлар палатасы тәрепинен Әдиллик министрлиги менен биргеликте белгиленген ҳәр бир таңланған қәнигелик бойынша айрықша лицензия тийкарында юридикалық жәрдем көрсететуғыны. Онда жумыс ислеп атырған адвокатлардың лицензияларын қайта рәсмийлестириў оларды таңлаған қәнигелиги бойынша қайта аттестациядан ҳәм жыйымларды төлеўден азат еткен ҳалда әмелге асырылатуғыны;
адвокат тәрепинен адвокатура ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери, Адвокаттың кәсиплик этикасы қағыйдаларының талаплары, адвокатлық сыры ҳәм адвокат анты турақлы түрде ямаса бир мәрте қопал түрде бузылғанда, адвокаттың абыройына ҳәм қәдир-қымбатына дақ түсиретуғын және адвокатураның абыройын түсиретуғын қылмыс исленгенде, сондай-ақ, лицензияның әмел етиўи тоқтатып турылған шахс лицензияның әмел етиўи тоқтатып турылыўына алып келген жағдайларды лицензияның әмел етиўи тоқтатып турылған мүддетлерде сапластырмағанда, лицензияның әмел етиўин сапластырыў Жоқары маманлық комиссиясының жуўмағына тийкарланып Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң мүрәжаты бойынша тек суд трепинен әмелге асырылатуғыны;
адвокат статусын алыў бойынша маманлық имтиханын қайта тапсырыў мүддети бир жылдан алты айға шекем қысқартылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Адвокатлардың өзлериниң қорғаўындағы шахслар менен аудио ҳәм видео бақлаў қурылмалары болмаған арнаўлы бөлмелерде және бийтаныс шахслардың қатнасыўысыз өз ўақтында ҳәм ҳеш қандай иркинишсиз ушырасыўы тәмийинленетуғыны, онда адвокат ҳәм қорғаўындағы шахстың сөйлесиўин үшинши шахслар еситиўин киргизбеген ҳалда оларды визуал көрип турыў имканияты сақланып қалынатуғыны шәрт екенлиги;
адвокат өзиниң профессионаллық жумысын әмелге асырыў ушын, Өзбекстан Республикасы Жынаят-процессуал кодексиниң 19-стаьясына қатаң әмел ете отырып, суд имаратына компьютер, мобиль ҳәм басқа да байланыс қуралларын иркинишсиз алып кириў ҳуқықына ийе болып, жабық суд мәжилислери буған кирмейтуғыны. Онда атап өтилген қурылмалардан суд имаратының ишинде пайдаланыў суд процесин өткериў тәртибин бузбаўы керек екенлиги;
адвокатлардың маман юридикалық жәрдем көрсетиўи ушын зәрүр болған, мәмлекетлик ҳәм басқа да уйымлардан және кәрханалардан, мәкемелерден ҳәм шөлкемлерден мағлыўматлар, усыныслар ҳәм басқа да ҳүжжетлер ямаса олардың нусқаларын алыў ушын сораўлары сораў қабыл етилген ўақыттан баслап көби менен он бес күн мүддетте орынланыўы шәрт екенлиги, мәмлекетлик сырды ямаса нызам менен қорғалатуғын басқа да сырды өз ишине алған мағлыўматлар буған кирмейтуғыны;
адвокатлық бюроларын шөлкемлестирген адвокатлар өз жумысын мүлк ҳуқықы тийкарында ямаса басқа да нызамлы тийкарда өзлерине тийисли болған турақ жайларында әмелге асырыўы мүмкин екенлиги, онда усы турақ жайларды адвокатлық бюросы жумысында пайдаланыў ушын турақ жай емес категориясына өткериў талап етилмейтуғыны;
адвокат сораўына бола мағлыўматларды өз ўақтында көрсетпеў, жалған ямаса надурыс мағлыўматларды усынғанлықта айыпкер лаўазымлы шахслар адвокаттың судқа тиккелей мүрәжатына тийкарланып белгиленген тәртипте ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң ҳәм Адвокатлар палатасының 2018-жылдың 1-августынан баслап төмендеги тәртипти енгизген ҳалда ҳуқықый мәсләҳәт хызметлерин көрсететуғын субъектлердиң шеңберин кеңейтиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин:
коммерциялық шөлкемлер юридикалық мәсләҳәт хызметлерин лицензия алмай Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте әмелге асырыўы мүмкин. Онда атап өтилген шөлкемлер пуқаралық, жынайый, экономикалық ҳәм ҳәкимшилик ислери бойынша судларда ўәкиллик етиў ҳуқықына ийе болмайды;
адвокатлық структуралары юридикалық мәсләҳәт хызметлерин Өзбекстан Республикасының «Адвокатура ҳаққында»ғы нызамына муўапық әмелге асырады.
Әдиллик министрлиги Адвокатлар палатасы менен биргеликте еки ай мүддетте руқсат бериў тәртип-қағыйдаларынан өтпей улыўма талапларды нәзерде тута отырып, Коммерциялық шөлкемлер тәрепинен юридикалық мәсләҳәт хызметлерин көрсетиў ҳаққындағы нызамның жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Адвокатура институтын буннан былай да жетилистириўге байланыслы комплексли илажлар бағдарламасы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Адвокатлар палатасына:
заман талапларына, усы Пәрманның мақсет ҳәм ўазыйпаларына муўапық адвокатура жумысының кепилликлерин әмелде тәмийинлеў, адвокатлық структураларды адвокатлардың ҳуқықларын қорғаў, олардың мәмлекетлик уйымлар менен өз-ара қатнасықларында нызамлы мәплерин қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратқан ҳалда өз жумысын қайта бағдарлаў бойынша комплексли илажлар көриў;
Адвокатлар палатасы жанында маман юридикалық жәрдем көрсетиў стандартларын ҳәм басқа да адвокатлық жумыс стандартларын ислеп шығыў, Адвокатлардың кәсиплик этикасы қағыйдаларын қолланыў бойынша Адвокатлар палатасының аймақлық басқармалары, барлық адвокатлық структуралар ҳәм адвокатлар ушын мәжбүрий болған түсиниклер бериў, сондай-ақ, адвокатлық жумыстың жоқары стандартларын тәмийинлеў бойынша басқа да функцияларды әмелге асыратуғын Этика комиссиясын дүзиў;
адвокатура системасын да жумыс стажына бола маманлық комиссияларының жуўмақлары тийкарында Адвокатлар палатасының баслығы тәрепинен берилетуғын адвокатлардың маманлық дәрежелерин енгизиў;
Адвокатлар палатасы жумысының ашық-айдынлығын ҳәм жәриялылығын, соның ишинде, оның қаржы-экономикалық жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў бойынша илажлар көриў;
гүмандарға, айыпланыўшы ямаса судланыўшыға мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсететуғын адвокатлық структураны автоматикалық түрде белгилейтуғын, бир адвокаттың қайта-қайта тартылыўына, үшинши шахслардың бул процесске араласыўына жол қоймайтуғын жаңаланған тәртиплерди ҳәм өлшемлерди белгилеў усыныс етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Адвокатлар палатасы менен келисе отырып үш ай мүддетте:
адвокатлық статусын алыў ушын маманлық имтиханы процесслериниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў, соның ишинде, зәрүр ҳүжжетлерди онлайн тәртипте тапсырыў имканиятынан пайдаланыў, олардың дизимин отималластырыў ҳәм имтихан процесин Интернет тармағында реал ўақыт режеминде трансляция етиў;
адвокатлық структуралар ҳәм адвокатлар тәрепинен халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына бийпул ықтиярлы юридикалық жәрдем көрсетиўди (pro bono) раўажландырыў;
адвокатлар тәрепинен өзиниң исеним билдириўшилери (қорғаўындағылары)не сапалы юридикалық жәрдем көрсетиў ушын шет мәмлекетлдердиң уйымларына сораў жибериў механизмлерин енгизиў бойынша илажлар көрсин.
- Адвокатлық жумысын ҳәм суд исин жүргизиўге байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары Адвокатлар палатасы менен келисиўи шәрт екенлиги;
Адвокатлар палатасының баслығы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының нызам жойбарларын додалаў бойынша мәжилислеринде қатнасыў ҳәм оларға тийисли пикир билдириў ҳуқықына ийе екенлиги;
адвокатларға байланыслы интизамлы ис жүргизиўи тек тийисли маманлық комиссиялары ямаса Жоқары маманлық комиссиясының қарары менен қозғалыўы мүмкин екенлиги белгилеп қойылсын.
- Сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў уйымларының хызметкерлери адвокатлық жумысына ҳәр қандай түрлерде, соның ишинде, исеним билдиретуғын (қорғаўындағы) шахс пенен ушырасыў ҳуқықын шеклеў арқалы тосқынлық етиўге жол қойып болмайтуғыны ҳаққында ескертилсин.
Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы айыпкер лаўазымлы шахсларға, бәринен бурын, сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў уйымларының лаўазымлы шахсларына ең қатаң жуўапкершилик илажларын көрген ҳалда, адвокатлық жумысының кепилликлери ҳаққындағы нызамлардың сөзсиз орынланыўы үстинен прокурорлық қадағалаўды күшейтсин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти аппаратының Реформаларды ҳуқықый тәмийинлеў ҳәм ҳуқықты қорғаў жумысын муўапықластырыў хызмети Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги менен биргеликте:
адвокатлар тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық шахсларға юридикалық жәрдем көрсетилиўинде олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң бузылыўына байланыслы әмелиятты үйрениў ҳәм улыўмаластырыў, ҳуқықты қорғаў уйымлары менен биргеликте жынайый ҳәм ҳәкимшилик ис жүргизиў, пуқаралық ҳәм экономикалық келиспеўшиликлерди шешиўде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қорғалыўға болған ҳуқықларының бузылыўына жол қойып атырған лаўазымлы шахсларға жуўапкершилик илажларын көриў бойынша комплексли илажлар көрсин;
адвокатлардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине әмел етиў жағдайын ўақты-ўақты менен көрип шықсын және физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қорғалыўға болған ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша талқыланған мағлыўматлар киргизип барсын.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжелерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Б.Мурадовқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М. Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 12-май