«Өнерментшилик жумысын қоллап-қуўатлаў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-77-санлы, 30.12.2021-ж.) қабыл етилди.

Қарарға бола:

– 2022-жылы шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде ажыратылып атырған қаржылардың 500 миллиард сумы өнерментшилик жойбарларын қаржыландырыўға қаратылады;

– жеңиллетилген кредитлер өнерментшилик жойбарларын әмелге асырыў ушын 6 айға шекем жеңиллетилген дәўир менен 225 миллион сумға шекем шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде нәзерде тутылған шәртлерде ажыратылады;

-жеңиллетилген кредитлер өнерменттиң талабы бойынша нақ пул алыў имканияты менен бериледи;

-жеңиллетилген кредит ажыратыў бойынша «oilakredit.uz» электрон платформасында өнерментлерди онлайн гезекке қойыў ҳәм олардың жойбарларын кредитлеў ушын өз алдына бөлим иске қосылады.

2022-жылдан баслап:

– «устаз-шәкирт» дәстүрлери тийкарында жасларға өнер үйретип атырған өнерментлерге – шәкиртлер таярлаўы, зәрүр шийки зат сатып алыўы ҳәм шәкиртлерди мийнет ҳақы менен тәмийинлеўи ушын 6 ай даўамында ҳәр айда БЕМның 2 есесинен аз болмаған муғдарда;

-шәкиртлерге – еркин жумысын баслаўы ушн зәрүр әсбап-үскенелерди сатып алыўы, сондай-ақ, усталарға – интернет сайтларын шөлкемлестириў, өзиниң өнимлерин жәҳән электрон саўда майданшаларына шығарыў ҳәм реклама қәрежетлериниң 50 проценти, бирақ БЕМның 25 есеси муғдарынан артпайтуғын бөлегине субсидиялар ажыратыў тәртиби енгизиледи.

Онда, субсидия ажыратылатуғын өнерментлер ҳәм шәкиртлер есабы «Өнермент» ассоциациясы тәрепинен жүргизилип, Мәҳәлле кесиминде ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң «Онлайн мәҳәлле» электрон платформасы менен интеграцияланады.

Сондай-ақ, 2022-жылдан «Өнермент» ассоциациясының ағзалары ушын жумыс ислеў орнына қарамастан, коммуналлық инфраструктура хызметлериниң ҳақын төлеў халық ушын белгиленген тарифлер бойынша ҳәм шәртлер тийкарында әмелге асырылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги