Бүгин, 30-декабрь күни ерте таңда волейбол бойынша Өзбекстан еркеклер ҳәм ҳаял-қызлар сайланды командасы ағзалары Бангладештен Ташкент қаласына қайтып келди. Олар Бангладештиң Дакка қаласында болып өткен CAVA, яғный Орайлық Азия волейбол ассоциациясы қәўендерлигинде шөлкемлестирилген «Challenge CUP» жарысында жақсы нәтийжелерге еристи.
Халықаралық жарыста Өзбекстан ҳаял-қызлар сайланды командасы 2-орынды ийелеп, гүмис медальды қолға киргизди. Олар турнирде тек ғана Непаль сайланды командасынан жеңилиске ушырады. Ал басқа барлық қарсыласларына салыстырғанда жоқары тәжирийбе ҳәм спорт шеберлигине ийе екенлигин көрсетип, жеңислерге еристи.
Өзбекстан ҳаял-қызлар сайланды командасы қурамында жарысқа қатнасқан қарақалпақстанлы спортшылар, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының қызлар сайланды командасы ағзалары А.Жолдасбаева, Н.Рейимбаева ҳәм У.Турғанбаева сайланды командамыздың жеңислерине өзлериниң мүнәсип үлеслерин қосты.
Қарақалпақстан қызлар сайланды командасы ҳәм Әжинияз атындағы НМПИ қызлар сайланды командасының бас тренери, спорт ветераны Азат Казаков та Бангладеште өткерилген усы халықаралық жарыста Өзбекстан сайланды командасы тренерлери қурамында қатнасып, өзиниң көп жыллық тәжирийбеси және жол-жобалары, тактикалары менен жоқары нәтийжелерди қолға киргизиўге үлкен үлес қосты.
Сондай-ақ, жарыста Өзбекстан еркеклер сайланды командасы да табыслы қатнасып, бронза медалын қолға киргизди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.