Быйылғы жылы Төрткүл районында улыўма 2500 гектар жерге ашшы бурыш егиў режелестирилмекте. Соннан фермер хожалықларының 1890 гектар егислик майданына, халықтың 610 гектар қыйтақ жерлерине егиледи.
Төрткүл районы ҳәкимлигинде ашшы бурыш жетистириў, оның технологиясы ҳәм абзаллықларына бағышланып өткерилген аймақлық семинарда усы ҳаққында мәлим етилди.
Қәнигелер ашшы бурыш мол дәрамат дәреги екенлигин билдирмекте. Яғный, ашшы бурыш витаминге оғада бай палыз егини болып табылады. Жер шарының ыссы ҳәм тропикалық ықлымлы еллеринде ол дәм бериўши егин сыпатында жетистириледи. Өсип раўажланыў дәўириниң қанша даўам етиўине қарай оның сортлары ерте писер, орта писер ҳәм кеш писер түрлерине бөлинеди.
Өткерилген илажда бул дақылдың биологиялық өзгешеликлери, оның районласқан сортлары, туқымын егиске таярлаў, нәл жетистириў, егиў агротехникасы, жоқары зүрәәт алыўда қолланылатуғын профилактикалық илажлар, өнимди жыйнап алыў жоллары бойынша мәсләҳәтлер берилди.
Еслетип өтемиз, ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 15 ҳәм 16-декабрь күнлери республикамызға сапары ўақтында азық-аўқат санааты саласында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлар, сондай-ақ, қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыў бағдарламасының жойбары менен танысып, оларды және де жетилистириў ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў бойынша тапсырмалар берген еди. Соның ишинде, бүгинги күни жәҳән базарында талап артып баратырған ашшы бурыш егиў, оны жетистириў ҳәм экспорт етиў бойынша ўазыйпалар белгилеп берди.
Илажға Төрткүл, Беруний, Елликқала районларының Аўыл ҳәм суў хожалығы тараўының қәнигелери, фермерлер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги