30-июнь – Жаслар күни. Жаңа Өзбекстанда келешегимиз қурыўшылары болған жас әўладты қоллап-қуўатлаў мақсетинде жәрияланған қуўанышлы байрам.
Буннан төрт жыл бурын Президент Шавкат Мирзиёев жаслар ҳәрекети қурылтайында қатнасып, 30-июнь сәнесин мәмлекетимизде Жаслар күни, деп жәриялаўды усыныс еткен еди. Соннан берли бул сәне елимизде үлкен байрам сыпатында белгиленип келмекте.
Жаслар күни мүнәсибети менен быйылғы жылы Ташкент Ботаника бағында Өзбекстан жаслары ҳәм студентлери форумы шөлкемлестирилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-июнь күни усы форумға келди.
Форум өтип атырған Ботаника бағы байрам руўхында безелген. Жаслардың илим, технологиялар, әдебият, көркем өнер сыяқлы тараўларда ерисип атырған нәтийжелерин сәўлелендириўши көргизбелер аймақлары шөлкемлестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы усы көргизбелер бойлап жүрип, жаслардың ойлап табыўлары, шеберлиги, көркем шығып сөйлеўлерин көзден өткерди. Олар менен сәўбетлесип, оқыў ҳәм изленислеринде табыслар тиледи.
Президент байрам илажы майданына келип, барлық жигит-қызларды Жаслар күни менен қутлықлады.
Бизге белгили, бул әййям Ўатанамыз ғәрезсизилигиниң 30 жыллығы алдында болып өтпекте. Ең уллы, ең әзиз байрамымызды мүнәсип күтип алыў ушын пүткил мәмлекет бойлап әмелге асырылып атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларында жасларымыз да белсене қатнаспақта.
Мәмлекетимиз басшысы елимиз бойлап 6 миллионға шамалас ғайраты толып-тасқаны, умтылыўшаң жаслардың қатнасыўында «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» сүрени астында өткерилген фестивальлар барлық жасларымыз ушын жетиклик ҳәм ҳақыйқый ўатансүйиўшилик көриниси болғанын атап өтти:
– Жаңа Өзбекстанды қурыўға қаратылған улыўмахалықлық ҳәрекети қатарында сиз, әзиз жасларымыздың қудиретли толқын болып ортаға шығып атырғаныңыз, жоқары ҳүрметке ийе болап есапланады, – деди Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимизде жаслардың тәлим-тәрбиясы, ҳуқық ҳәм мәплерине тийкарғы әҳмийет қаратылмақта. Бул бағдарда айрықша мәмлекетлик шөлкем – Жаслар ислери агентлиги шөлкемлестирилген. Буннан тысқары, Жаслар аўқамы, оның жанында отыздан аслам мәмлекетлик емес шөлкемлер жумыс ислемекте. Барлық қала ҳәм районларда «Yoshlar – kelajagimiz» Мәмлекетлик бағдарламасы, түрли тараўларды қамтып алған «Бес баслама» әмелге асырылмақта.
Быйылғы жылдың мәмлекетимизде Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы, деп жәрияланғаны да жасларға итибардың айқын көринси болап есапланады.
Президентимиздиң жасларға байланыслы сиясатында еки ең әҳмийетли бағдар бар: бириншиси – оларға заманагөй билим бериў, екиншиси – жаслардың бәнтлигин тәмийннлеў. Кейинги жыллардағы реформалар, баслама ҳәм жаңа системалардың тийкарында әне усы мақсет жәмленген.
Атап айтқанда, жаслардың билим ҳәм қәбилетин раўажландырыў мақсетинде жаңа форма ҳәм мазмундағы Президент мектеплери, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң системасы жаратылды. Улыўма, барлық мектеплерге итибар, оқытыўшыларға бәсеки ҳәм ҳүрмет артты. Жас әўладта билимге умтылыў күшейди.
Өткен жылы билимли ҳәм шаққан жасларымыз халықаралық пән олимпиадаларында 4 алтын, 18 гүмис ҳәм 29 бронза медальларын қолға киргизди. Быйылғы жылы Президент мектеплерин тамамлаған 96 оқыўшының барлығы мүддетинен бурын абырайлы сырт ел университетлерине грант тийкарында оқыўға кирди.
Өсип киятырған билимге талпыныўшаң жаслардың талабына сай түрде жоқары билимлендириў мәкемелериниң саны 127 ге жеткерилди, 26 сырт ел университетиниң филиаллары ашылды. Соңғы 5 жылда жоқары билимлендириўге қабыллаў квотасы 3 есеге артып, быйылғы жылы 182 мыңға жеткерилди. Бул – улыўма қамтып алыныўы 28 процент болады дегени. 4 жыл бурын бул көрсеткиш тек ғана 9 процент еди.
Мәмлекетлик грантлар 21 мыңнан 47 мыңға шекем көбейтилгени, мүтәж шаңарақлардағы 2 мың қызға жоқары оқыў орынларына кириў ушын айрықша грантлар ажыратылғаны маңлаған шаңарақларға қуўаныш алып кирди.
Усы жылы және бир жоқары билимлендириў орайы – «Жаңа Өзбекстан» университети шөлкемлестирилди. Жаңа оқыў жылында оған 300 жас қабыл етиледи.
Бәнтлик мәселесин алсақ та, жасларға итибар ҳәм ғамхорлық тийкарғы орынға көтерилгенин көриў мүмкин. Соңғы 4 жылда 30 жасқа шекемги исбилерменлердиң саны 5 есеге көбейип, олар 500 мыңнан артқаны оның айқын дәлили болып есапланады.
Әмелий жумыслар нәтийжесинде өткен 8 ай ишинде «жаслар дәптери»не кирген 430 мың жастың машқалаларын шешиў ушын 300 миллиард сум қаржы қаратылды. Соның ишинде, «темир дәптер»деги шаңарақлардың перзентлери болған 2 мыңнан аслам студенттиң контракт пулы төлеп берилди.
Усы жылдан баслап, жумыс бериўшилерге олардың 25 жастан артпаған жумысшы-хызметкерлери ушын есапланған социаллық салық суммасын бюджеттен толық қайтарып бериў тәртиби енгизилди. Сондай-ақ, кәсип-өнер мектеби ҳәм техникумлардың оқыўшыларына кәрханаларда әмелият өтеген дәўири ушын 6 ай даўамында 500 мың сумнан субсидия бериў енгизилгени жаслар ҳәм олардың ата-аналары ушын үлкен хошамет болды.
Усы жылы 92 мыңнан аслам жигит-қызлардың исбилерменлик жойбарлары ушын 2 триллион 300 миллиард сум жеңилликли кредитлер ажыратылды. Аймақларда шөлкемлестирилген 186 Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналарындағы 3 мың жойбар шеңберинде 50 мың жаңа жумыс орны жаратылды.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң баянатында жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, ўатансүйиўшилик тәрбиясын күшейтиў, көркем өнер ҳәм спорт пенен шуғылланыў, жас шаңарақларды социаллық қорғаў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды белгилеп берди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 29-июньдеги пәрманына муўапық, өзиниң дөретиўшилик ҳәм интеллектуаллық потенциалын, таңлаған кәсип бағдары ҳәм социаллық турмыста ерискен әҳмийетли нәтийжелери менен түрли тараўларда елимиздиң раўажланыўына, оның халықаралық абырай-мәртебесин арттырыўға мүнәсип үлес қосып атырған, заманласларына өрнек ҳәм үлги болып атырған белсенди жаслар орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған еди.
Илажда мәмлекетимиз басшысы бул сыйлықларды өз ийелерине саланатлы түрде тапсырды.
Сыйлықланғанлар жоқары исеним ҳәм итибар, жасларға жаратылып атырған имканиятлар ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирип, оқыў ҳәм умтылыста белсене даўам ететуғынын, және де үлкен нәтийжелерге ерисип, мәмлекетимиздиң исенимин ақлайтуғынын атап өтти.
– Билимли жаслар – келешегимиз тийкары. Бүгинги ҳәрекетлериңиз бенен өз келешегиңизге тийкар салмақтасыз. Мен сизлер менен мақтанаман, – деди Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысы форумға жыйналған жаслар менен сөйлести. Жаслардың пикир ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлап, олар бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.
– Жасларға қаратып атырған итибарымыз нәтийжелер берип атырғанын көрип, қуўандым. Бүгин жаслар табысқа жетиспеген ҳеш бир тараў жоқ. Жаслардың жолын ашып берсек, оларға ийинлес болсақ, және де үлкен нәтийжелерге ерисемиз. Мениң ең үлкен исенген күшим, мәмлекетимиздиң ең үлкен байлығы – бул жаслар, – деди Президент.
Илаж үлкен концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.
ӨзА