Усы жыл 4-март күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Бар жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм 2021-жылдың өними ушын аўыл хожалығы егинлерин ақылға уғрас жайластырыў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

Қарардың тийкарғы мақсети – жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди көбейтиў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде экспорт көлемин және де арттырыў, палыз, овощ, картошка ҳәм азықлық егинлерди ақылға уғрас жайластырыў, мийўели бағ, жүзим ҳәм тут атызларын шөлкемлестириў және өним жетистириўшилердиң экономикалық ҳәм финанслық турақлылығын тәмийинлеў болып есапланады.

– Усы қарардың 8-бәнтинде Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаят ҳәкимликлерине биргеликте, 2021-жылдың өними ушын тийкарғы ҳәм тәкирарый майданларға, бағ ҳәм жүзим атызларының қатар араларына егилетуғын аўыл хожалығы егинлерин егиў мәўсиминиң жуўмағы менен нәтийжеси бойынша Министрлер Кабинетине мағлыўмат берип барыў ўазыйпасы жүкленген,-дейди Өзагроинспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы бас инспекторы И.Бегжанов. – Себеби, овощ, палыз ҳәм картошка егинлеринен жоқары өним алыўда сортларды дурыс таңлаў, егиў, азықландырыў, суўғарыў, ҳәр қыйлы кеселликлер менен зыянкеслерге қарсы гүресиў жумысларын өз мүддетлеринде сапалы алып барыў әҳмийетли орын тутады.

Республикамыз аймақларында қарарда белгиленген аўыл хожалығы егинлериниң егилиўи, туқым, нәл, минерал төгинлер менен өз ўақтында тәмийинлениўи, аўыл хожалығын өнимдарлы, тез писетуғын ҳәм экспортқа мөлшерленген және сапалы туқымлар менен тәмийинлеў ҳәм басқа да агротехникалық илажларды өз мүддетлеринде өткериў илажларын көриў Өзагроинспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен системалы қадағалаўға алынған.

Республикамыз халқының азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм экспорт көлемин және де арттырыў, экспортқа мөлшерленген өнимлерди жетистириў мақсетинде районлардағы тийкарғы жер майданларының 9448 гектарына овощ егинлери, 3100 гектарына картошка ҳәм 5034 гектарына палыз егинлерин егиў режелестирилген болып, бүгинги күнде егиў жумыслары қызғын алып барылмақта.

Сондай-ақ, районлардағы бар бағлардың, жүзим атызларының қатар араларындағы 695 гектар жерге овощ, 100 гектарлық жерге картошка егилиўи режелестирилген болып, бүгинги күнде 808 гектар жерге овощ, 139 гектар жерге картошка егиў жумыслары жуўмақланды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги