Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен шырша унтақ қуртына  (PlanococcusvovaeNass) шөлкемлескен түрде қарсы гүресиў илажларын алып барыў мақсетинде усы жылдың 26-апрелинен 10-май аралығы «Әҳмийетли он бес күнлик» деп белгиленди.

Усы илажлар даўамында жол бойларында, тоғай хожалықларында ҳәм басқа да жерлерде өсирилип атырған ийне жапырақлы декоратив тереклер ҳәм путаларға күшли зыян тийгизип атырған шырша унтақ қуртына қарсы гүресиў илажлары алып барылады.

Атап айтқанда, зыянкес тарқалған орын ҳәм аймақларды анықлаў және усы аймақлардан зыянланыўы мүмкин болған ийне жапырақлы нәллердиң басқа бир аймақларға жиберилиўин қатаң қадағалаў, зыянкеске қарсы гүресиўде оның мәйегинен личинка шығыў дәўиринде химиялық препаратларды қолланыў жоқары нәтийже беретуғынлығын инабатқа алып, химиялық жақтан қайта ислеўди өз ўақтында өткериўди шөлкемлестириў зәрүр.

Сондай-ақ, зыянкес пенен күшли зыянланып, қуўраўға келип қалған тереклерди кесип, қурттың кең тарқалмаўы ушын оларды сол жердиң өзинде жағып жибериў ямаса көмип таслаў жумысларын әмелге асырыў зәрүр.

– Шырша унтақ қурты зыянкесине қарсы агротехникалық илажларды өз ўақтында ҳәм толық орынлаў (фосфорлы, азотлы, микроэлементлер мастер, кропшелд, вегрутлар менен азықландырыў) ҳәм Би-58 (жаңа) 40 процентли эм.к, карбофос химиялық препаратларынан пайдаланыў усыныс етиледи,-дейди инспекцияның фумигаторы Кеңесбай Сайтов. – Усы препаратлар менен зыянкеслердиң пайда болыў пайытында дәслепки қайта ислеў өткериледи ҳәм зыянкес пүткил жоқ болғанға шекем ҳәр он бес күнде химиялық қайта ислеўлер алып барылыўы керек.

– Ҳәзирги күнде республикамыз бойынша фитосанитариялық қадағалаў күшейтилип, шырша унтақ қуртына қарсы гүресиў илажлары үзликсиз өткерилмекте,-дейди инспекцияның ишки карантин бөлими баслығы Улуғбек Жумамуратов.

Атап айтқанда, усы жылдың 27-апрель күни Нөкис қаласы ҳәм Хожели районларында мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларына және абаданластырыў басқармасына қараслы жол бойларындағы декоратив тереклер ҳәм путалар карантин тексериўинен өткерилди ҳәм 2 унтақ қурт анықланды, 14 қуўраған шырша тереги кесип тасланды ҳәм тийисли мәкемелерге агроном-инспекторлар тәрепинен мәсләҳәтлер, усыныслар берилди. Егер бул зыянкес анықланса, көмиў яки жоқ етиў илажларын алып барыў бойынша ескертилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги