Бурын хабар етилгениндей, усы жыл 13июнь күни Ташкент қаласында суд уйымлары системасында әдил судлаўды тәмийинлеў бағдарындағы жумыслардың жағдайы, машқалалар ҳәм келешектеги ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өткен еди.

Мәжилисте Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйлеп, бүгинги күнде елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет, пуқаралық жәмийет қурыўда нызам ҳәм әдиллик үстинлигин тәмийинлеў ең әҳмийетли ўазыйпа болып атырғанын атап өтти. Бул бағдарда мәмлекетлик ҳәкимияттың бийғәрез тармағы болған суд системасының орны ҳәм әҳмийети оғада үлкен. Бул болса, бүгинги күнде елимиздиң раўажланыўын жаңа басқышқа көтериўге қаратылған кең көлемли реформалар процесинде әҳмийетли роль ойнайды.

Жақында Беруний районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында суд уйымларында әдил судлаўды тәмийинлеў бағдарындағы жумыслардың жағдайы, машқалалар ҳәм келешектеги ўазыйпаларға бағышланған мәжилис болып, оған республика ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, Беруний, Елликқала ҳәм Төрткүл районлары судларының судьялары, район ҳәкимлери, ҳуқық қорғаў уйымларының аймақлық бөлимлериниң баслықлары, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Мәжлисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов басқарып барды.

Илажда Өзбекистан Республикасы Судлар Олий Кеңгаши баслығы Маъруф Усманов шығып сөйлеп, Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпаларға жыйналғанлардың дыққатын қаратып, пуқаралар тәрепинен Өзбекистан Республикасы Президентиниң Халық ҳәм Виртуал қабыллаўханаларына келип түсип атырған мүрәжатлардың көпшилик бөлеги суд уйымлары ҳәм судьялардың жумысы менен байланыслы екенин атап өтти. 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық пуқаралардың әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў, суд ҳәкимиятының ҳақыйқый еркинлигин тәмийинлеў, инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў, суд-ҳуқық саласындағы реформалардың тийкарғы бағдарлары, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды суд ҳәкимиятының жынайый, ҳәкимшилик ҳәм экономикалық судлаў саласында бирден-бир мәкеме сыпатында заман талабы тийкарында жаңадан қәлиплестирилгенин, әдил судлаўдың мазмун-мәнисине пүткиллей туўра келмейтуғын жағдай — судлар тәрепинен жынайый ислерди қосымша тергеўге қайтарыў әмелиятына шек қойыў системасын раўажландырыў жолында әҳмийетли қәдем болғаны атап өтилди.

Сондай-ақ, пуқаралардың суд уйымларына сергиздан болыўының алдын алыў, қозғатылған исти өз ўақтында көрместен адамларды әўере еткен суд хызметкерлерине мүнәсип баҳа бериў зәрүрлиги, усы мақсетте ҳәр бир судья тәрепинен халық пенен орынларда ушырасыў шөлкемлестирилип, олар менен ашық сәўбетлесиўлер алып барыў, мәҳәлле, кәрхана ҳәм шөлкемлерде көшпели суд мәжилислерин өткериўди буннан былай да жетилистириў, судлардың жумысына заманагөй мәлимлеме коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў бағдарындағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Мәжилисте бир қатар ҳуқық қорғаў ҳәм суд уйымлары басшыларының бул бағдардағы жумыслары бойынша есаплары тыңланды.

Атап өтилгениндей, суд-ҳуқық системасында алып барылып атырған кең көлемли реформалар нәтийжесинде унамлы өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар жүз берди. Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен атап өтилген: «Адамлар ҳәмме нәрсеге шыдаўы мүмкин, бирақ әдилсизликке шыдай алмайды, судьялардың санасында әдиллик, тилинде ҳақыйқатлық ҳәм қәлбинде пәклик болыўы лазым,» деген сөзлериниң мәнисин терең аңлаған ҳалда жумыс алып барыў зәрүр.

Бүгинги күнде елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетин қурыўда нызам ҳәм әдилликтиң үстинлигин тәмийинлеў үлкен әҳмийетке ийе болып, бул бағдарда мәмлекетлик ҳәкимияттың бийғәрез тармағы болған суд системасының орны ҳәм әҳмийети шексиз.

Усы мәселеге бағышланған мәжилис Мойнақ районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында да болып өтип, оған Шоманай, Қанлыкөл ҳәм Қоңырат районлары судларының судьялары, район ҳәкимлери, тийисли мәкеме ҳәм кәрханалардың, шөлкемлердиң басшы хызметкерлери қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги