Нурпейсов Плис Қолгелдиевич – 2-Белоруссия фронты 4-ҳаўа күшлери 47-гвардиясы айрықша резведка авиациясы полкының разведкашы ушыўшысы, гвардия аға лейтенанты болған.

 

1919-жылы Қарақалпақстанның Тахтакөпир районында туўылған.

 

1939-жылы Қызыл Армия қатарына шақырылған. Мелитополь әскерий авиациялық мектебин питкерген. 1943-жылдың декабрь айынан Екинши жер жүзилик урыс саўашларында жоқары штаб ҳәм әскерий-ҳаўа күшлери бас штабының тапсырмаларын орынлап, айрықша разведка полкына өткен.

 

Полктың пәрўаз ҳәм навигациялық отряды күшли, жоқары тәжирийбеге, жаўынгерлик қүдиретке ийе еди. Плис Нурпейсов тез арада тәжирийбели ҳәм исенимли скаутлары қатарына кирди.

 

Полкта бириншилерден болып ол күндизги ўақытлары үлкен фронт арты объектлерин излеп табыў ушын уша баслады. Оның самолёты күнине он мәрте Берлин, Данциг, Гдиния үстинен, сегиз мәрте Кенигсберг, алты мәрте Штеттин ҳәм басқа қалаларда пайда болатуғын еди. Оның разведкалық пәрўазларынан соң ҳүжимге өткен самолётлар ҳәм әскерий күшлер душпанға үлкен зыян жеткерди.

 

Нурпейсов экипажы 148 аэродром, 3646 темир жол эшелоны, 1735 зенит батареясы, ҳәр қыйлы аўырлықтағы 925 кеме ҳәм басқа объектлерди сүўретке түсирген.

 

1944-жыл 15-майда Белоруссияда темир жол кесилиспелери ҳәм аэродромларын анықлаў ўақтында оның экипажы аўыр ҳәм қәўипли жағдайға түсип қалды. Могилевте фашистлер оның самолётын күшли оқ жаўдырып, қарсы алды. Солай болса да, экипаж артқа қайтып кетпестен, объектлерди сүўретке түсирди.

 

Бобруйскта олар және бир мәрте оққа тутылды. Фашистлердиң оқлары самолёттың шеп моторын истен шығарған болса да, олар объектлерди сүўретке түсирип, өз аэродромына қайтты.

 

1944-жыл 7-сентябрьде экипаж Шығыс Пруссиядағы Хайльсберг, Морунген, Алленштейн, Ортельсбург темир жол кесилиспелерин қайта сүўретке алды. Ортельсбург районы аймағында олардың самолёты фашистлердиң 3 қырыўшысы тәрепинен оққа тутылды. Экипаж душпанға қарсы оқ жаўдырып, манёвр қолланыў нәтийжесинде олардан узақласып үлгергени менен душпанлардың оқлары самолётының оң двигателин истен шығарған еди.

 

Олар самолётты Осовец қаласы аймағына қондырмақшы болғанында және бир мәрте артиллерия тәрепинен оққа тутылды. Экипаж сүўретлер түсирилген кассеталар менен өзлерин қутқарыўға еристи.

 

Солай етип, 1945-жылдың апрелине шекем аға лейтенант П.Нурпейсов экипажы 100 ден аслам нәўбетшиликлерди әмелге асырды. Олардан 10 нәўбетшилик күндизги шараятта, фронт арты ҳәм душпан қорғаныў объектлерин сүўретке түсириў менен өтти. Соның менен бирге, 27 нәўбетшилик аўыр шараятларда, төмен бийикликте, Германия әскерлери ҳәм темир жол эшелонларына және колонналарға болған ҳүжимлери менен бирге даўам етти.

 

Берлин ушын болып өткен саўашларға разведка хызмети де қосылды. Базы ўақытлары ҳаўаға үш-бес мәрте көтерилиўге туўра келетуғын еди. 1945-жыл 23-апрель… Фашистлер басқарыўының тәслим болыўынан бир ҳәпте алдын. Усы күни экипаж Берлин үстинен үш мәрте ушып өтти ҳәм ҳәр сапары қурғақлықтағы әскерий отрядлар ушын әҳмийетли болған материалларды топлап қайтты.

 

Төртинши мәрте де ушыўға туўра келди. Ол штаб тәрепинен берилген тапсырманы орынлады ҳәм радио арқалы штаб-квартираға хабар берди: «Ўазыйпаны орынладым, үйге қайтып баратырман». Бирақ, ол үйге қайтпады. Пүткил экипаж қайтыс болған еди.

 

1945-жыл 18-августта СССР Жоқарғы Кеңесиниң қарарына муўапық, Плис Нурпейсовқа «Советлер Аўқамының Қаҳарманы» ҳүрметли атағы берилди.

 

Ол урыстағы қаҳарманлықлары ушын Ленин ордени, еки мәрте Қызыл байрақ ордени, 1-дәрежели Ўатандарлық урыс ордени ҳәм медальлар менен сыйлықланған.

Соның менен бирге, оның атын мәңгилестириў мақсетинде Нөкис қаласындағы университетте оның атына мемориаллық тахта орнатылған, Тахтакөпир районындағы мектепке оның аты берилген. Калининград қаласында оның аты Кенигсберг саўашының қаҳарманлары қатарында тилге алынып, алтын ҳәриплеп менен жазып қойылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.