Маска тағып жүрмегени ушын адамларға «ескертиў» берилиўи белгиленди. Ескертиў берилмеген адамды жуўапкершиликке тартыў мүмкин бе?
Әдиллик министрлиги Жәмийетшилик пенен байланыслар бөлиминиң баслығы Севара Ўринбоеваның мағлыўмат бериўинше, 25-март күни саат 6:00 ден баслап жәмийетлик орынларда маскасыз болған адамлар бурын ескертилмегенлигине қарамастан жуўапкершиликке тартылады.
Бул ҳаққындағы ескертиўлер барлық пуқараларға ҒХҚ ҳәм интернет тармақлары арқалы әмелге асырылмақта.
ӨзА