Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-март күни Россияның «ЛУКОЙЛ» компаниясының президенти Вагит Алекперовты қабыл етти.
Мәмлекетимиз басшысы мийманды қутлықлап, жәҳәнниң жетекши энергетикалық корпорацияларынан бири ҳәм Өзбекстан нефть-газ комплексиниң әҳмийетли инвесторы – «ЛУКОЙЛ» менен стратегиялық шерикликте сезилерли раўажланыўға ерисилгенин айрықша атап өтти.
Бүгинги күнде компанияның қоспа жойбарларға киргизген инвестицияларының көлеми 10 миллиард доллар әтирапында. Жылына 8 миллиард куб метрден аслам тәбийғый газди қайта ислеў қуўатлылығына ийе Қандим газди қайта ислеў комплекси табыслы жумыс алып бармақта. Қубла-Батыс Ҳисор ҳәм Үстирттеги кәнлерди өзлестириў даўам етпекте. Буннан тысқары, «ЛУКОЙЛ» мәмлекетимиздеги социаллық бағдарламаларды жедел қоллап-қуўатламақта.
Ушырасыўда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў перспективалары көрип шығылды.
Компанияның корпоратив басқарыў ҳәм нефть-газ тармағында санлы технологияларға өтиў бағдарындағы тәжирийбеси ҳәм алдынғы шешимлерин тартыў мәселесине айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан аймағында геологиялық-излеў тараўында ҳәм углеводород кәнлерин, соның ишинде, қазып алыныўы қыйын болғанларды өзлестириў бағдарында кооперацияны беккемлеў имканиятлары додаланды.
Илимий излениўлер ҳәм энергетика тармағы ушын жоқары маман кадрлар таярлаў тараўында бирге ислесиў тийкарғы бағдар сыпатында белгилеп алынды.
ӨзА