Сайлаў – 2019
Нөкис қаласындағы 20-cанлы сайлаў участкасында Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатларды сайлаў көтериңки руўхта болып өтпекте.
– Бизге бекитилген аймақтан депутатлыққа талабанлар ушын 2617 сайлаўшының даўыс бериўи күтилмекте,-дейди 20-санлы участкалық сайлаў комиссиясының баслығы Айдарбек Аймуратов. – Сайлаўшылардың 11 и мүддетинен бурын даўыс берди.
Барлық сиясий партиялардың исенимли ўәкиллери, Россия Федерациясы ҳәм Корея Республикасынан келген бақлаўшылар сайлаў процесин бақлап бармақта.
Сайлаўлардың нызамға муўапық ашық-айдын өтиўи, ҳәр бир сайлаўшының өз еркин билдириўи ушын имканият жаратып, әдил өтиўине ҳәрекет етемиз.
– Мен «Сәрбиназ» МПЖ да 60 жылдан берли жасайман. МПЖ белсендисимен,-дейди аймақ турғыны Қурбанбай Артықбаев. – Усы жерде болып өткен барлық сайлаўларға қатнасып келдим.
Быйылғы сайлаў үлкен көтериңкилик пенен өткерилип атыр. Сайлаўшылар ушын барлық шараятлар жаратылған.
Сайлаўда өзим исенген талабанларға даўыс бердим.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.