Қазақстан Республикасындағы 10 жоқары оқыў орынлары студентлериниң дипломы Өзбекстанда тиккелей нострификацияланады.
QS халықаралық рейтингинде ТОП-1000 лыққа киретуғын Қазақстан Республикасындағы 10 жоқары оқыў орынларының дизими менен танысың:
1) Фарабий атындағы Қазақ миллий университети (207-орын);
2) Евразия миллий университети – ENU (418-орын);
3) Әўезов атындағы Қубла Қазақстан университети – SKSU (491-орын);
4) Абай атындағы Қазақ миллий педагогикалық университети (561-570-орынлар);
5) Сәтбаев университети (561-570-орынлар);
6) Қазақ миллий аграр университети – KazNAU (651-700-орынлар);
7) Қазақ-Британ техникалық университети (751-800-орынлар);
8) Қарағанда мәмлекетлик университети (801-1000-орынлар);
9) Қарағанда мәмлекетлик техникалық университети (801-1000-орынлар);
10) Халықаралық қатнасықлар ҳәм жәҳән тиллери университети (801-1000-орынлар).
Еслетип өтемиз, дизим ҳәр жылы жаңаланады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.