Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында 20-ноябрь күни базарларды қыс-бәҳәр мәўсиминде де аўыл хожалығы өнимлери менен үзиликсиз тәмийинлеў, оларды қайта ислеўдиң көлемин арттырыў, азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў, таза мийўе-овощлар экспортын кеңейтиў, сондай-ақ, палыз ҳәм мийўе-овощ өнимлерин,  картошка,  сатып алыў бойынша 2018-жылға мөлшерленген мәмлекетлик буйыртпаны қәлиплестириў ўазыйпаларының орынланыўына бағышланған мәжилис болып өтти.

Мәжилиске ҳүкимет ағзалары, аўыл хожалығы өнимлерин таярлаў бойынша мәмлекетлик буйыртпаны орынлаўға жуўапкер министрлик, ведомство ҳәм хожалық бирлеспелериниң басшылары қатнасты.

Президентимиздиң басшылығында ишки ҳәм сыртқы базарда өтимли болған аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ушын жер майданларын кеңейтиў, оларды қайта ислеўдиң көлемин арттырыў, өндириўшилер тәрепинен таза мийўе-овощ өнимлериниң экспортын көбейтиўди хошаметлеўге қаратылған бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Ишки тутыныў базарын қыс-бәҳәр мәўсиминде турақлы тәмийинлеў мақсетинде мийўе-овощ өнимлерин резервке ғамлаў, сондай-ақ, азық-аўқат өнимлерин ислеп шығаратуғын жергиликли кәрханалардың зәрүрлигин тәмийинлеў бойынша мәмлекетлик буйыртпасы системасы енгизилди.

Быйыл аўыл хожалығы өнимлериниң өтимли түрлерин қайта егиў майданлары сезилерли дәрежеде кеңейтилди. Сентябрь-октябрь айларында қайта егистен жетистирилген дерлик 65 мың тонна өним экспорт етилди. Бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 1,4 есеге көп.

Жыл басынан берли мийўе-овощ өнимлери 54 елге экспорт етилди. Бангладеш, Филлипин, Сирия, Тайван, Иордания, Македония ҳәм басқа да еллерде жаңа базарлар өзлестирилди.

Ишки тутыныў базарында мийўе-овощ өнимлери баҳасының артып кетиўине жол қоймаў мақсетинде Социаллық әҳмийетке ийе азық-аўқат товарларының тийкарғы түрлерине баҳаны мониторинг етиў ҳәм қадағалаў республикалық комиссиясы дүзилди. Импорт арқалы базарларды жетиспейтуғын ҳәм жоқары баҳадағы өнимлер менен тәмийинлеў бойынша илажлар қабыл етилди. Аймақлар кесиминде 490 мың тоннадан аслам аўыл хожалығы өнимлериниң тийкарғы түрлерин келеси қыс-бәҳәр мәўсими ушын ғамлаў параметрлери тастыйықланды.

Бул бағдарда әмелге асырылған унамлы жумысларды атап өткен ҳалда, айырым аймақларда қыс-бәҳәр мәўсими ушын аўыл хожалығы өнимлерин ғамлаў жеткиликли дәрежеде шөлкемлестирилмегени өткир сынға алынды. Атап айтқанда, Президентимиз тәрепинен Ташкент қаласы, Бухара, Наманган ҳәм Сырдәрья ўәлаятлары бойынша берилген тапсырмалардың орынланыўына айрықша итибар қаратылды.

Әсиресе, Ташкент, Наманган, Сырдәрья ҳәм Самарқанд ўәлаятларында аўыл хожалығы өнимлерин ғамлаў процессинде коммерциялық банклер тәрепинен итибарсызлыққа жол қойылып атырғаны анық сан ҳәм дәлийллер тийкарында көрсетип өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы қыс-бәҳәр мәўсиминде халқымыздың дәстүрханын сайланды мийўелер, сапалы ҳәм арзан азық-аўқат өнимлери менен толы болыўы зәрүрлигин атап өтти.

Қыс-бәҳәр мәўсиминде халқымыздың арзан өнимлерге болған талабын тәмийинлеў ушын ноябрь айының арқырына шекем қосымша рәўиште және 330 мың тонна өним ғамлаў бойынша анық тапсырмалар берилди. Бул мәселеде «Өзбеказықаўқатрезерв» ассоциациясының басшылығына үлкен жуўапкершилик жүкленди. Усы жыл октябрь айында ассоциацияда әмелге асырылған түпкиликли өзгерислер, оның қурамына киретуғын шөлкемлерге берилген жеңилликлер менен преференциялар буған кең имканият жаратады.

Коммерциялық банклерге таярлаў кәрханалары тәрепинен аўыл хожалығы өнимлерин дийқан ҳәм жеке жәрдемши хожалықлардан сатып алыў ушын ажыратылып атырған жеңилликли кредит ресурсларының көлемин сезилерли арттырыў усыныс етилди.

Мәжилисте аўыл хожалығы өнимлерин қайта егиўдиң көлемин арттырыў бойынша қабыл етилген илажларды есапқа алған ҳалда, таза мийўе-овощ экспортын кеңейтиў бойынша әмелдеги имканиятлар жетерли дәрежеде иске қосылмай атырғанына айрықша итибар қаратылды.

Президентимиз «Өзбеказықаўқатхолдинг» холдинг компаниясы  ҳәм «Өзагроэкспорт» акционерлик жәмийети басшылары тәрепинен экспорт етилип атырған өнимлердиң түрин ҳәм көлемин кеңейтиў бойынша дийқан және фермер хожалықларына көмеклесиў бойынша жол қойылып атырған кемшиликлерге айрықша итибар қаратты. Ташкент, Қашқадәрья, Наманган ўәлаятлары, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасында бул бағдардағы жумыслар жеткиликли дәрежеде әмелге асырылмай атырғаны сынға алынды. Соның менен бирге, бул бағдарда мийўе-овощ өнимлерин жетистириўге қәнигелескен 66 район ҳәкимлериниң жумысына айрықша итибар қаратылды.

Президентимиз елимиздиң экспорт потенциалын буннан былай да арттырыў ҳәм сыртқы базарға таза мийўе-овощ өнимлерин жеткерип бериўдиң көлемин арттырыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў мақсетинде ҳүкиметке «Өзбеказықаўқатхолдинг» холдинг компаниясы, Орайлық банк ҳәм коммерциялық банклер менен биргеликте он күн мүддетте Аўыл хожалығы кәрханаларын структуралық қайта дүзиў агентлигиниң 200 миллион долларға шекем болған қаржылай пулларын тартқан ҳалда аймақларда ири логистика орайларын шөлкемлестириў бойынша бағдарлама ислеп шығыўға тапсырма берди. Бул логистика орайлары заманагөй стандартларға жуўап бериўи ҳәм мийўе-овощ өнимлерин таярлаў, сақлаў, қайта ислеў, қадақлаў, тасыў, экспорт етиў ушын барлық зәрүр шараятларға ийе болыўы зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте палыз ҳәм мийўе-овощ өнимлерин, картошка, жүзим сатып алыў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша 2018-жылға мөлшерленген мәмлекетлик буйыртпа параметрлерин қәлиплестириўге байланыслы илажларға айрықша итибар қаратылды. Бул бағдарда әмелге асырылған жумыслар ҳәм мәмлекетлик буйыртпаның тийкарғы параметрлери ҳаққында мәлимлеме берилди.

Президентимиз ҳәр бир аймақ кесиминде анық басқышлар, мүддетлер ҳәм жуўапкер орынлаўшыларды белгилеген ҳалда, 2018-жылға мөлшерленген мәмлекетлик буйыртпаны тәмийинлеў бойынша мәнзилли илажлар ислеп шығыўға байланыслы тапсырмалар берди. Ишки тутыныў базарында, әсиресе, қыс-бәҳәр мәўсиминде баҳаның артып кетиўине ҳәм жетиспеўшилигине жол қоймаў мақсетинде ишки базарға мийўе-овощ өнимлерин жеткерип бериў ҳәм оларды экспорт етиўдиң тең салмақлылығын тәмийинлеў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.

Мәжилисте халықтың қумшекер, мәйек, балық, гөш ҳәм май сыяқлы күнделикли зәрүр өнимлерге болған талабын қанаатландырыў, оларды турақлы баҳаларда жеткерип бериў бойынша тийисли ведомстволардың жуўапкерлерине, барлық район ҳәм ўәлаят ҳәкимлерине анық тапсырмалар берилди.

Таза мийўе-овощ ҳәм палыз өнимлерин, картошка, жүзим сатып алыў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша мәмлекетлик буйыртпа параметрлериниң сөзсиз орынланыўын системалы түрде қадағалаў ҳәм мониторинг етиў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.

ӨзА