Республика Гидрометеорология хызмети орайы 23-26-июль күнлеринде бақланатуғын ҳаўа-райы болжаўын жәриялады. Оған бола, Қарақалпақстан Республикасы аймағында ҳаўа бираз бултлы болып өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Шығыстан секундына 7-12 метр тезликте самал еседи. Айырым жерлерде самалдың тезлиги 15-20 метрге шекем күшейиўи мүмкин.  Түнде 22-27, күндизги ўақытлары  36-41 дәреже ыссы болады.

ӨзА