Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң Әндижан ўәлаятына сапары даўамында берилген тапсырмалар ҳәм Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 17-июньдеги кеңейтилген Президиум мәжилисиниң қарары менен орынларда «Мениң мәҳәллемде бирде-бир шаңарақлық ажырасыў болмаўы керек» идеясы тийкарында ушырасыў ҳәм семинарлар өткерилмекте.
Нөкис қаласы ҳәкимлигинде Пуқаралардың өзин өзи басқарыў уйымлары жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық Кеңестиң шөлкемлестириўинде «Мәҳәлле ҳәм шаңарақларда руўхый-тәрбиялық орталықтың беккемлигин тәмийинлеўде пуқаралар жыйыны алдында турған ең әҳмийетли ўазыйпалар» темасында семинар өткерилди.
Оған Қарақалпақстан Республикасы Мусылманлар қазыяты ҳәм Шаңарақ орайының ўәкиллери, Нөкис қаласындағы МПЖ баслықлары ҳәм диний ағартыўшылық мәселелери бойынша қәнигелери қатнасты.
Семинарда Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының биринши орынбасары Т.Романов, орынбасары А.Пиримбетов, Нөкис қалалық медицина бирлеспеси бас шыпакериниң орынбасары З.Дошекенова, Нөкис имам ийшан Муҳаммед жомъе мешити имамының орынбасары Қ.Турдымуратов, «Қутлы қоныс» МПЖ қәнигеси Ә.Палўаниязова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, шаңарақлардың беккемлигин тәмийинлеў, шаңарақлық келиспеўшиликлерге шек қойыўда мәҳәллелердиң мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен бирге ислесиўин күшейтиў, жарастырыў комиссияларының шаңарақлардың беккемлиги ҳәм қоңсышылық қатнасықларда өз-ара ҳүрмет, аўызбиршиликти тәмийинлеўдеги әҳмийети туўралы айтып, усы бағдардағы жумыслар бойынша топланған тәжирийбелер, оны жетилистириўде бирге ислесиўди жолға қойыў механизмлери ҳаққында кең түрде түсиник берди.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде шаңарақлық келиспеўшиликлер, шаңарақлар, әсиресе, жас шаңарақлар арасындағы ажырасыўлар, жаслар тәрбиясына итибарсызлық, пуқаралар, әсиресе, жаслардың жат иллетлерге берилиўи, ҳуқықбузарлықлар шаңарақлық тәрбия орталығына унамсыз тәсир көрсетпекте. Мәселен, усы жылдың 6 айы даўамында Нөкис қаласында некеден өткен ҳаял-қызлардың көпшилиги ҳәмиледар болып некеден өтиўи ашынарлы жағдай. Усы некеден өткенлердиң 17синде ҳәр қыйлы тери венерик, туберкулёз ҳәм басқа да кеселликлер анықланған. Олар некеден алдын медициналық тексериўден өткенинде бундай унамсыз жағдайлардың алды алынған болар еди.
Ҳәр бир шаңарақтың татыўлығы, мәҳәллелердеги руўхый орталықтың турақлылығы жәмийетти беккемлейди, елимиздиң турақлылығын тәмийинлейди. Онда жарастырыў комиссиялары менен ата-аналар университети ҳәм басқа да структуралардың әҳмийети үлкен.
Семинарда ажырасыўлар ҳәм усы сыяқлы мәселелер ҳәм солар себепли келип шығатуғын машқалалардың шешимлери, олардың алдын алыў бойынша да пикир-усыныслар билдирилди.
Семинар қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.