Россия Федерациясы Ҳүкимет басшысы Дмитрий Медведев басшылығындағы делегация 29-май күни мәмлекетимизге келди.

 Ислам Каримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртбели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас  министри Абдулла Арипов күтип алды.

Қысқа сөйлесиўден кейин делегация өзи ушын ажыратылған резиденцияға жол алды

Россия Федерациясының Ҳүкимет басшысы 30-май күни Үргенш қаласында Ҳүкимет басшылары дәрежесиндеги Өзбекстан – Россия қоспа комиссиясының биринши мәжилисинде қатнасады.

Мәжилис жуўмағында бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылыўы режелестирилген. Қоспа комиссия мәжилиси мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўдиң жаңа форматы болып, оған 2018-жыл октябрь айында Россия Президенти Владимир Путинниң елимизге мәмлекетлик сапары ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен өткерилген жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ўақтында тийкар салынған.

4.JPG

1.JPG

ӨзА