«Даўыт ата» шегара бажыхана посты арқалы қоңсы мәмлекеттен кирип келген пуқара Р.Ж. бажыхана тексериўинен өткерилгенде, ол баҳасы 20 миллион сумнан аслам болған 24 түрдеги ҳеш қандай ҳүжжетлери болмаған медициналық буйымларды елимизге нызамсыз алып кириўге ҳәрекет еткени анықланды. Бул ҳаққында Мәмлекетлик бажыхана комитети хабар берди.
Және бир жағдайда усы пост хызметкерлери тәрепинен пуқара М.К.ның нызамсыз ҳәрекетлерине шек қойылып, баҳасы 37 миллион сумнан аслам аўырлығы 50 кг болған «Mizo» атамасындағы кальян темеки өнимлери ҳәм 2 түрдеги 220 дана кальян шегиў үскенеси бөлимлерин нызамсыз түрде алып кирилиўине шек қойылды.
Ҳәзирги ўақытта усы жағдайлар бойынша бажыхана тексериўлери даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги