Термиз қаласында Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы шеңберинде «Жәҳән цивилизациясында бақсышылық көркем өнериниң орны» темасында еки күнлик халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти.
Онда Франция, Болгария, Россия, Қубла Корея, Молдова, Түркия, Иран сыяқлы мәмлекетлерден келген фольклортаныўшы алымлар, илимий изертлеўшилердиң қатнасыўында бақсышылық ҳәм дәстаншылық көркем өнерин раўажландырыў, халық аўызеки дөретиўшилиги дүрданаларының Шығыс ҳәм Батыс мәденияты ҳәм көркем өнери раўажланыўындағы орнын және де арттырыў, өзбек ҳәм басқа да халықлардың дәстанларын илимий жақтан үйрениў, өз-ара дөретиўшилик қатнасықларды жолға қойыў сыяқлы мәселелер додаланды.
Әнжуманның екинши күни де илимпазлар, қәнигелердиң қызғын пикир-таласларына бай болды. «Бақсышылық дәстүрлери тарийхы, теория ҳәм атқарыўшылық шеберлиги», «Эпос – халық руўхый мийрасының дүрданасы сыпатында», «Бақсышылық көркем өнериниң ҳәзирги жағдайы ҳәм оны сақлаў машқалалары», « Эпикалық мийрас этномузыкатаныў контекстинде» сыяқлы темаларда баянатлар тыңланды. Материаллық емес мийрастың турмысымыздағы орнын, халықлардың миллий қәдириятларын раўажландырыў ҳәм жас әўладты ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўдағы әҳмийети хаққында ҳәр тәреплеме пикир алысылды. Жасларды халық аўызеки көркем өнеринен узақластырып атырған «ғалабалық мәденият» идеяларына қарсы тәсир етиўши илажларды қолланыў бойынша уыныслар билдирилди.
– Өзбекстанда дәстаншылық ҳәм бақсышылық көркем өнериниң бийбаҳа байлық сыпатында қәдирленип атырғаны жас әўладты миллий қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға хызмет етеди,-дейди Россиядағы «Монгол халықлары мәдений мийрасы» халықаралық илимий орайы директоры, филология илимлериниң докторы Василий Илларионов.- Бул конференцияда усы тәрепи айрықша атап өтилди. Бирақ бүгин Россияда да көркем өнердиң бул түрине жасларда қызығыўшылық жоқары деп болмайды. Әнжуманда, әне, усы мәселеге итибир берилгени жақсы болды. Елиңизде өткерилип атырған бақсышылық көркем өнери фестивалы тараў қәнигелерин ойландырып атырған, әне, усы машқалаларға шешим табыўға бағдарланғаны менен де әҳмийетли.
Әнжуман жуўмағында сектор модераторларының есаплары тыңланды. Әййемги көркем өнердиң әжайып үлгилерин қәстерлеп-сақлаў ҳәм раўажландырыў, оны жас әўлад санасына терең сиңдириў бойынша усыныслар ортаға тасланды.
Жаңа басылымларды таныстырыў мәресими өткерилди.
Холмўмин Маматраймов,
ӨзАның хабаршысы