Жаңа ири санаат имаратлары, түпкиликли экономикалық ҳәм социалық реформалар Өзбекстанның абырайын арттырмақта. Елимизге сырт ел инвесторлары пайдалы ҳәм исенимли бизнес мәканы, сырт елли туристлер пәк гоззаллық тымсалы ҳәм тарийхтың қайталанбас көриниси спатында қарамақта.
Экспертлер болса усылардың қатарында Өзбекстанның дөретиўшилик үлкесине айланғанын да атап өтеди.
Ҳақыйқатында да, елимиздиң қайсы орнына бармаң, қурылыс материалларын тасып баратырған үлкен жүк машиналары, тынымсыз ислеп турған кранлар көзге тасланады. Өзбекстанға бир келген адам екинши рет оның танып болмайтуғын дәрежеде өзгерип кеткенлигин тән алып атырғаны да ҳақыйқат. Өзлеримизде қайсы қалада жасаўымызға қарамастан, оның айырым бир көшелерине бир еки жыл бармай тосыннан жолымыз түсип қалса адасып қалатуғынымыз рас. Жаңадан бой тиклеп атырған имаратлар ески көз қарастағы мөлшерди бузып жибереди.
Бир сөз бенен айтқанда, тән алынып атырған экономикалық жетискенликлер, пүткиллей жаңа тийкардағы нәтийжели сыртқы сиясат пенен бирге дөретиўшилик ҳәм Өзбекстан ҳаққында айтылып атырған сөзлер, билдирилип атырған пикирлердиң баслы темасына айланған.
Буның негизинде халқымызға тән жаңаланыўға умтылыў сезими, әтираптағы көринисти гөззаллық пенен байытыў пазыйлети, әйне ўақытта үлкен ислерге қол ура алыў күш-жигери жәмленген.
Ташкент орайында ең заманагөй стандартларға толығы менен сай келетуғын муз спорты сарайы қурылғаны бул пикирди бийкарлап болмайтуғын айқын дәлийли.
Президент Шавкат Мирзиёев 2017-жылы 3-февраль күни «Ҳумо Арена» комплексиниң ирге тасын қойыў мәресимине қатнасып, усы сыяқлы заманагөй спорт имаратлары бәркамал әўлад тәрбиясында айрықша әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.
Өткен ўақыт аралығында мәмлекетимиз басшысы усы тәкирарланбас қурылыс процеси менен бир неше мәрте танысып, жуўапкер басшыларға қурылысты жоқары сапада әмелге асырыў бойынша тапсырмалар берди.
Мине, архитектордан бағманға шекем, конструктордан айдаўшыға шекем, инженер ме ямаса краншы айдаўшы ма, қулласы, бул үлкен исте қатнасқан бәршениң пидайы мийнети, халқымыздын уллы күш-жигери нәтийжесинде бугин бас қаламыз болған Ташкент қаласы, пүткил Өзбекстанымыз усындай дурдана көриниске ийе болды.
Афросиёб ҳәм Бешёғоч көшелери кесилиспесинде қурылған усы комплекс дизайнында заманагөй қурылыс шешимлери ҳәм алдынғы технологиялар миллий мәдениятымыз элементлери менен үйлесип кеткен. Комплекс аспанда пәрўаз етип атырған бахыт ҳәм еркинлик белгиси-Қумай қусы көринисинде қурылған.
15-март күни усы көркем спорт комплексиниң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасып, бәршени усы қутлы ўақыя менен қутлықлады.
Мәмлекетимиз басшысы елимизде алып барылып атырған кең көлемли реформаларда саламат ҳәм жетик жас әўладты тәрбиялаў, дене тәрбиясы ҳәм спортты раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти.
Өзбекстанның Мәмлекетлик гимни жаңлады.
Комплекстиң салтанатлы ашылыў мәресими спорт ықласбентлериниң ядында узақ ўақыт сақланып қалады. Мәресимниң бас идеясы көркем өнер ҳәм спортты үйлесимли түрде раўажландырыўдан ибарат болды.
Ашылыў мәресими спортшы ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң биргеликте таярлаған шоу бағдарламасы менен даўам етти. Муз майданы қәддинде 3D мэппинг технологиясы тийкарында Қумай қусы, бул жерде өткерилген спорт түрлери көриниси көрсетилди.
Спортшы-жаслар ҳәм балалар көргизбели шығыўлары менен қатнасты. Өзбекстанның жас спортшылары ҳәм белгили хоккейшилери арасында жолдаслық ушырасыўы болып өтти.
«Ҳумо Арена» заманагөй муз сарайының пайдаланыўға тапсырылыўы Өзбекстан спорты тарийхында жаңа басқышты баслап берди.
Көп тармақлы «Ҳумо Арена» муз сарайы дүньяға белгили оннан зыят сырт ел фирмалары ҳәм компаниялары менен биргеликте қурылғанлығын атап өтиў керек.
Комплекстиң концептуал жойбары Қубла Кореяның «Нееrim Architects & Planner» компаниясы тәрепинен ислеп шығылған. Улыўма, имаратты қурыў ҳәм үскенелеўде Германия, Уллы Британия, АҚШ, Испания, Италия, Бельгия, Франция, Финляндия, Россия сыяқлы мәмлекетлерде ислеп шығарылған техника ҳәм технологиялардан пайдаланылған.
Имарат еки бөлимнен ибарат болып, онда тийкарғы еки шынығыў муз ареналары орын алған. Улыўма майданы 82 мың 250 квадрат метрден ибарат 6 қабатлы имараттың ең бийик жери 40 метр.
Мобиль орынлықлар менен үскенеленген сарайда хоккей ойынларын 12 мың 500, басқа спорт жарысларын 14 мың, түрли концерт ҳәм дем алыў бағдарламаларын 10 мың тамашагөйлер көре алады. Дем алыў орны ҳәм жәмийетлик орай сыпатында қурылған муз сарайында түрли илажлар өткериў мүмкиншилиги бар. Соның ишинде, аренада халықаралық хоккей ойынлары, кёрлинг, гандбол, фигуралы ушыў, шорт-трек бойынша жарыслар, баскетбол, волейбол, футзал, бокс, таэквондо жарысларын өткериў имканияты жаратылған. Буннан басқа, комплексте улыўмахалықлық байрамлар, концертлер, көргизбе ҳәм форумлар шөлкемлестириў ушын да барлық шараятлар бар.
Комплексте инженерлик тармақлары, өрт өшириў, суўытыў системалары, жақтыландырыў, вентиляция, ысытыў үскенелери толық автоматластырылған болып, энергия үнемлеўши технологиялар тийкарында ислейди.
Қысқаша етип айтқанда, бул имарат Өзбекстан халқының абаданлығы, раўажланыўы жолында жаңа бет ашылғанының белгиси.
Мәресимде Халықаралық хоккей федерациясы президенти Рене Фазель, дүньяға белгили спортшы ҳәм көркем өнер ғайраткерлери қатнасты.
Зиёдулла Жонибеков,
ӨзАның хабаршысы