Елимизде бәҳәр пасылының кирип келиўи менен орынларда Наўрыз байрамына байланыслы ҳәр қыйлы илажлар, қәўендерлик жумысларының әмелге асырылыўы дәстүрге айланған.

16-март күни Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен усындай илажлардың бири әмелге асырылды.

Олар Нөкис қаласындағы  «Айдын жол» МПЖ аймағында жасайтуғын кем тәмийинленген, бағыўшысынан айрылған бир қатар шаңарақларға барып, оларды байрам менен қутлықлап, жағдайларынан хабар алды.

Олардың үйлериниң алдына өзлери алып барған шырша, мийўе ағашларын отырғызып, роза гүллерин егип, көгалландырыў илажларын әмелге асырды.

 

Усындай илажлар республикамыз бойлап даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.