Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы аймағында 5 нефть-газли (Үстирт, Бухара-Хийўа, Ҳисар, Сурхандәрья ҳәм Ферғана) ҳәм 4 нефть-газге перспективалы (Хорезм, Орта Сырдәрья, Орайлық Қызылқум ҳәм Зарафшан) аймақлар ажыратылған болып, оларда 270 нефть ҳәм газ кәнлери ашылған. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
Атап өтилиўинше, соңғы еки жылда 11 нефть ҳәм газ кәнлери ашылып, углеводород шийки зат резервлери көбейген.
Мағлыўматта жазылыўынша, ҳәзирги ўақытта «Өзбекнефтьгаз» АЖға қараслы болған кәрханалар тәрепинен 154 кәнде углеводород шийки заты қазып алынады. Соңғы еки жылда Бесқала, Төменги Сүргил, Учтепа, Чордарбоза, Миркомилқудуқ, Саватли, Арқа Сузма, Жайрон, Тегирмон, Батыс Тегирмон ҳәм Узуншор кәнлери өзлестирилип, иске қосылды ҳәм 148 жаңа қудықлар бурғыланған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги