Пайтахтымыздағы Халықаралық бирге ислесиў орайында 4-март күни Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша Өзбекстан – Қубла Корея ҳүкиметлераралық комитетиниң мәжилиси болып өтти.
Илажда еки мәмлекеттиң сыртқы саўда, инвестиция, банк-қаржы, транспорт, энергетика, нефть-газ, машина қурылысы, химия, қурылыс, азық-аўқат санааты, тоқымашылық, мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникациялары, аўыл ҳәм суў хожалығы, илим, медицина, туризм сыяқлы тараўлар ушын жуўапкер министрликлер және уйымлар, компаниялар ҳәм концернлердиң басшылары қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Элёр Ғаниев, Корея Республикасының саўда, санаат ҳәм энергетика министри Сунг Юн Мо ҳәм басқалар мәмлекетлеримиздиң қатнасықлары көплеген бағдарларда избе-избе-из раўажланып атырғаны, онда бир қатар тараўларда перспективалы жойбарларды әмелге асырыў бойынша орнатылған нәтийжели бирге ислесиў үлкен әҳмийетке ийе болып атырғанын атап өтти.
Өзбекстан менен Корея Республикасын тарийхый қатнасықлар, исеним руўхындағы дослық ҳәм стратегиялық шериклик байланыстырып турады.
Корея Республикасы Өзбекстанда экономиканы модернизациялаў ҳәм структуралық өзгертиў, электрон ҳүкимет системасын енгизиў, энергетика, химия, автомобиль қурылысы, инфраструктураны раўажландырыўға қаратылған жоқары тиехнологиялық жойбарларды турмысқа енгизиўде белсене қатнаспақта. Өзбекстанның турақлы раўажланып атырған экономикасы, қолайлы географиялық жайласыўы, инвестицияны тартыў бойынша исенимли стратегиясы көплеген мәмлекетлер қатарында Қубла Корея исбилерменлерин де қызықтырып келмекте. Бул мәмлекеттиң Орайлық Азия менен өз-ара саўда айланысы көлеминиң ярымынан асламы Өзбекстанның үлесине туўра келетуғыны да буған мысал бола алады.
Елимизде бирге ислесиўши мәмлекеттиң 70 тен аслам компаниясының ўәкилханалары бар. Экономика тармақларында Корея инвестициясының қатнасындағы 630 дан аслам кәрхана жумыс алып бармақта. 2018-жылы 150 ден аслам әне, усындай кәрхана дүзилди. Мәмлекетлеримиз арасындағы товар алмасыў көлеми 2 миллиард АҚШ долларынан артығын қурады. Бул 2017-жылға салыстырғанда 57 процентке көп.
Өзбекстан Президентиниң пәрманы менен Корея Республикасының пуқаралары ушын виза тәртибинде жеңиллик берилди. Бул еллеримиз арасындағы өз-ара байланысларды және де беккемлеўге хызмет етпекте.
Мәжилисте атап өтилгениндей, мәмлекетлеримиздиң бирге ислесиўин буннан былай да беккемлеў ушын барлық имканиятлар жетерли. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл ноябрь айында Корея Республикасына мәмлекетлик сапары ўақтында ерисилген узақ мүддетли келисимлерди толығы менен әмелге асырыў Өзбекстан – Қубла Корея саўда көлемин 5 миллиард долларға жеткериў имканиятын береди.
Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў кеңейип бармақта. Өзбекстанда бизнес жүргизиў ушын кең шараят жаратылғаны, экономиканы либералластырыў, валюта сиясаты, бажыхана төлемлерин қысқартыў бойынша нызамшылық базасын жетилистириў инвестициялық бирге ислесиўди беккемлемекте.
Илажда Корея Республикасы Президенти Мун Чжэ Инниң мәмлекетимизге сапарына таярлық көриў мәселелери додаланды. Өз-ара бирге ислесиўди жаңа мазмун менен байытыў, исбилермен топарлардың пикирлесиўин хошаметлеў, аймақлараралық делегациялардың алмасыўларын қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте еки мәмлекет ҳүкиметлери арасында қабыл етилген шәртнамалар шеңберинде әмелге асырылып атырған жойбарлардың орынланыўына айрықша итибар қаратылды. Оларды нәтийжели әмелге асырыўға қаратылған қоспа орайларды шөлкемлестириў керек екенлиги атап өтилди.
– Мәмлекетлеримиз ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша бай тәжирийбеге ийе, – дейди Корея Республикасы Энергия басқарыў корпорациясының атқарыўшы директоры Го Жэ Ёнг. – Кәрханамыз Өзбекстанда ГЭСлерди модернизациялаў, тараўға жоқары технологиялық исленбелерди енгизиў бойынша бирге ислесиў нийетинде. Диалог шеңберинде шериклер менен усы бағдардағы мәселелер ҳаққында пикирлесип алдық.
Әнжуманда Өзбекстанда жоқары тезликте ҳәрекетлениў имканиятын беретуғын темир жоллар қурыў, экологиялық таза автомобильлер ислеп шығарыў, туризм, ақыллы қала инфраструктураларын жаратыў ҳәм басқа да мәселелер додаланды.
Илаж шеңберинде Корея Республикасы Саўданы раўажландырыў агентлигиниң Ташкент бизнести қоллап-қуўатлаў орайының ашылыўы болып өтти. Бирге ислесетуғын мәмлекеттиң Саўда, санаат ҳәм энергетика министрлиги менен дүзилген структура дүньяның Дубай, Сан Паулу, Москва, Йоханнесбург, Ханой сыяқлы қалаларында бар. Орайдың тийкарғы ўазыйпасы – мәмлекетте инфраструктураны, экономиканы раўажландырыўдан ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаўдан ибарат.
Улуғбек ШОНАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршысы