Қазақстанда киберқәўипсизликти тәмийинлеў менен шуғыллатуғын «Security Operation Center» – мәлимлеме қәўипсизлиги бойынша оператив орай шөлкемлестириледи.

Бул ҳаққында «BNews» агентлиги мәмлекеттеги «Миллий мәлимлеме технологиялары» жәмийетиниң баслығы Асет Турисов мағлыўматына сүйенип хабар береди.

Бул орай мәмлекетлик қәўипсизлик комитетиниң мәлимлеме қәўипсизлигине жуўапкер орайы менен биргеликте шөлкемлестириледи. Мәлимлеме қәўипсизлиги бойынша комитет хызметкерлери өткен жылы Қазақстанда 92 қәўипли сайтты анықлаған.

ӨзА