Президенттиң усы жылдың 2-февралындағы қарары тийкарында 2019-2020-жылларда Өзбекстанда мәлимлеме тараўы ҳәм ғалабалық коммуникацияларды еледе раўажландырыў бойынша бағдарлама қабыл етилди. Бул ҳаққында Daryo.uz хабар берди.
Бағдарламаға муўапық, 2019-жыл 1-июньға шекем жаңадан шөлкемлестирилген Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлиги төмендеги усынысларды ислеп шығыўы керек:
– Журналисттиң статусын көтериў;
– Медиа жәмийетте өзин-өзи басқарыў механизмлерин қәлиплестириў;
– Журналисттиң улыўма тән алынған миллий гүўалығын енгизиў.
Қарақалпақстан хабар агентлиги