Мойнақ районында электр энергиясын тутыныўшыларға жеткерип бериў бойынша 2018-жыл даўамында көплеген жумыслар әмелге асырылды. Соның ишинде, райондағы электр энергиясы тутыныўшыларына өткен жылы жәми – 18,3 миллион киловатт саат электр энергиясы жеткерип берилди.

Президентимиздиң 2016-жылы  23-ноябрьде қабыл етилген «2017-2021-жылларда төмен күшлениў тармақларын модернизациялаў ҳәм жаңалаў Бағдарламасы ҳаққында»ғы қарары тийкарында бес жыл даўамында Мойнақ районында 22,5 километр узынлықта электр жеткерип бериў тармақларын, 17 дана трансформатор пунктлерин модернизациялаў ҳәм реконструкциялаў жумыслары белгиленген болып, бул ушын 2,8 миллиард сум қаржы жумсалыўы режелестирилген.

Өткен жылы усы қарар шеңберинде 10,4 километр электр жеткерип бериў тармақлары ҳәм 3 трансформатор пункти реконструкцияланды ҳәм жаңадан қурылды. Нәтийжеде, «Үшсай», «Дослық», «Таллыөзек» ҳәм «Тикөзек» мәҳәллелериндеги тутыныўшылардың электр тәмийнаты жақсыланады.

Сондай-ақ, гүзги-қысқы мәўсимге таярлық бойынша  43,8 километр узынлықтағы электр жеткерип бериў тармақлары ҳәм 19 дана трансформатор пункти ири оңланды. Әмелге асырылған жумыслардың нәтийжесинде 20 мәҳәлледеги 3 600 ден аслам шаңарақлар, орынлардағы санаат кәрханалары, исбилерменлик субъектлери ҳәм социаллық тараў объектлериниң электр тәмийнаты турақласты.

2019-жылы «Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде 14,1 километр электр тармақлары ҳәм 6 дана трансформатор пунктин реконструкцияланып, жаңадан қурылыўы режелестирилген.

Сондай-ақ, 2019-2020-жылғы гүзги-қысқы мәўсимге электр қурылмаларын таярлаў бойынша 48,4 километр узынлықтағы электр жеткерип бериў тармақлары ҳәм 20 дана трансформатор пунктин толық оңлаў жумыслары әмелге асырылады.

ӨзА