Қарақалпақстанлы жас алым, ҳәзирги ўақытта Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтының таяныш докторанты Реймов Маманбек Полатович аўыл ҳәм суў хожалығы бағдары бойынша Президент стипендиясының жеңимпазы болды. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги баспасөз хызмети хабар берди.
Маманбек Реймов ҳәзирги ўақытта «Геоинформациялық технологиялар базасында қорғалатуғын тәбийғый аймақлар системасын жаратыў ушын Арал бойы экосистемасын изертлеў» атамасындағы илимий жумысы бойынша излениўлер жүргизбекте.
Ол Erasmus Mundus «Casia» жойбарының грант жеңимпазы болып, Голландияның Вегенинген университети «Қоршаған орталықты қорғаў» қәнигелиги бойынша халықаралық магистрлик дәрежесине ийе.
Темпус ГЕ-УЗ «Геоинформатика: Өзбекстанда турақлы раўажланыўға ерисиўди тәмийинлеў» жойбарының 2014-2015-жыллардағы менеджери, Эразмус Мундус «ТИМУР» жойбары грантының 2017-жылдағы жеңимпазы есапланады.
1 оқыўлық қолланба, 1 методикалық көрсетпе және 14 илимий мақала ҳәм тезислердиң авторы.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.