Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты дене мәденияты факультети оқытыўшысы Нурышов Дәрменбай Есназарович педагогика илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алды.

Илимпаздың дене тәрбиясы ҳәм спорт шынығыўлары теориясы ҳәм методикасы (педагогика илимлери) бағдары бойынша «Жас гүресшилерде базалық элементлерди қәлиплестириўдиң илимий-методикалық тийкарларын жетилистириў» атамасындағы илимий изертлеў жумысына педагогика илимлери докторы, профессор Талъат Усмонходжаев басшылық етти.

Изертлеў жумысы теориялық ҳәм әмелий әҳмийетке ийе болып, оның баслы мақсети жас гүресшилерде базалық элементлерди қәлиплестириўдиң илимий-методикалық тийкарларын жетилистириў бойынша усынысларды ислеп шығыўдан ибарат болып табылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.