Жаңа жыл байрамы ҳәр жылы өзиниң өзгешелиги менен ядымызда қалады. Әсиресе, бул байрамды балалар өзгеше қуўаныш пенен күтеди. Ҳәр жылы Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен меҳирге мүтәж балаларымыз ушын Президент саўғаларының берилиўи дәстүрге айланған болып, быйыл да Жаңа жыл алдынан орынларда балаларға арналған Президент саўғалары тапсырылмақта.
Мәмлекетимизде жас әўладқа болған ғамқорлық ҳәм итибардың жарқын белгиси болған “Президент шыршасы” байрамы болса, кишкене балалардың ең сүйикли байрамларының бири десек қәтелеспеймиз.
Дәстүрге муўапық, Президент саўғалары өз ўақтында Қанлыкөл районына да жетип келди.
Бүгин Қанлыкөл районындағы «Жаслар сейили» майданына үлкен етип орнатылған жаңа жыл шыршасы әтирапында байрам илажы өткерилди.
Илажға район ҳәкими Б.Султанов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри Э.Турсунов, сектор башылары қатнасып, район халқын байрам менен қызғын қутлықлап, Президентимиз тәрепинен ҳәр жылы балаларымызға берилетуғын Президент саўғалары салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Атап өтилгениндей, елимизде балалар бәрқулла Президентимиздиң итибары ҳәм ғамхорлығында. Балалар бизиң келешегимиз, ертеңги күнимиздиң ийеси, ийгиликли ислеримиздиң даўамшылары ҳәм көзимиздиң нуры. Сонлықтан да, оларға қанша итибар қаратсақ, меҳир көрсетсек те аз. Оларға ғамхорлық көрсетиў болса, кеңпейил ҳәм мийримли халқымыздың ағла пазыйлетлеринен саналады. Ал, перзентлеримиздиң бизден де бахытлы ҳәм абадан турмыста жасаўы ушын бүгин барлық мүмкиншиликлер жаратылып берилмекте. Бул саўғалар көплеген балаларымызды қуўанышқа бөлеп, байрам кешеси ҳәр қыйлы байрам заўықлары менен даўам етти.
Шырайлы етип безелген шырша әтирапында шөлкемлестирилген байрам кешесинде мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған кеўилашар бағдарламалар ҳәм концерт номерлери мийманлар нәзерине усынылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги