2025-жылы жергиликли бюджетлердиң еркинлигин арттырыў ушын олардың ықтыярына қалатуғын салық түсимлерди көбейтиў режелестирилип атыр. Бунда 2025-жыл 1-январьдан баслап айланбадан алынатуғын салық, юридикалық тәреплерден алынатуғын мүлк ҳәм жер салығы, мәмлекетлик активлер ижарасынан түсетуғын түсимлер ҳәм физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы түсимлериниң кеминде 50 процентке шекемги бөлеги район (қала)лар бюджетлерине қалдырылады.

Соның менен бирге, 2026-жыл 1-январьдан баслап район (қала)лар бюджетлерине усы дәрамат түсимлеринен ажыратылған қаржылар муғдарына келеси үш жыл даўамында өзгерис киргизилмеўтуғыны нәзерде тутылмақта.

Бул ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы ӨзЛиДеП фракциясының мәжилисинде «2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы нызам жойбарын додалаў даўамында айтып өтилди.

Мәжилисте депутатлар бас финанс ҳүжжети жойбарын қызғын додалап, партияның сайлаўалды бағдарламасы, мақсет ҳәм идеялардан келип шыққан ҳалда бир қатар усынысларды билдирди. Атап айтқанда, депутатлар нызам жойбарында экспортшы исбилерменлик субъектлерге берилген салық жеңилликлерин бийкар етиў нәзерде тутылып атырғанына итибар қаратып, себеплери менен қызықты.


Буннан тысқары, Балаларды қоллап-қуўатлаў фондына ажыратылып атырған қаржы муғдары бойынша наразылық билдирип, Бюджетте нәзерде тутылған қаржы аўыр жағдайға түскен, социаллық қорғаўға мүтәж балаларды анықлаў ҳәм жәрдем көрсетиў ушын жетерли емес екени атап өтилди. Фондқа ажыратылып атырған қаржы муғдарын қайта көрип шығыў усынысы алға қойылды.

Муҳтарама Комилова, ӨзА