Бүгинги күнде бәнт болмаған пуқараларға  өзин-өзи бәнт еткен ҳалда социаллық салық төлеў арқалы мийнет стажына ийе болыў имканияты жаратылған.

Бунда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 8-июньдағы ПҚ-4742-санлы «Исбилерменлик жумысы ҳәм өзин-өзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў  илажлары ҳаққында» қарарында өзин-өзи бәнт ететуғын шахслар ушын 101 жумыс түрлеринен бири менен шуғылланып, өзин-өзи бәнт еткен ҳалда дизимнен өтип, жылына БЕМның кеминде бир есеси муғдарында социаллық салық төлеген ҳалда 1 жыллық мийнет стажына ийе болыўлары мүмкин.

ӨзА