Соңғы ўақытларда халықаралық жәмийетшилик Түркий Мәмлекетлер Шөлкеми (ТМШ)ниң регионда әҳмийетли бирге ислесиў моделине айланып атырғанын тән алмақта. Бул платформа қәлиплесиўине бола салыстырмалы жас болса да, ерискен табыслары менен қысқа ўақыт ишинде анық стратегиялық мақсетлерди әмелге асырыў имканиятына ийе халықаралық шөлкем сыпатында өзин көрсете баслады.

ТМШ шөлкемлестирилиўиниң тарийхый зәрүрлиги

Дүнья өзгерип, ҳәр күнимиз түрли шақырықлар, машқала ҳәм кризислер менен жүзлесип атыр. Айырым мәмлекетлердеги тынышсызлық жағдайлары, урыслардың күшейиўи, глобал азық-аўқат ҳәм энергетика кризиси ҳәм оның пүткил дүнья экономикасына тәсири, инфляция басымының артыўы, дүнья ҳәм миллий экономиканың төменлеп атырғаны, миллионлаған адамлардың кәмбағалласыўы, АҚШ-Қытай тартысларының күшейиўи ҳәм Азия мәмлекетлериндеги полюслениў халықаралық системасының қәўетерли екенлигин көрсетеди. Оның үстине COVID-19 пандемиясы экономикалық турақлылықты және де тереңлестирди.  Бир сөз бенен айтқанда, Екинши жер жүзилик урысынан кейин орнатылған тәртип ҳәзирги халықаралық системаны қоллап-қуўатламай қалды. Дүнья жәмийетлик-сиясий системасында түпкиликли өзгерислер болып атырған бир шараятта Азиядағы әҳмийетли регионның қандай раўажланыўы, келешекте оның перспективасын кимлер ямаса нелер белгилейтуғыны, онда өтмиши ҳәм тәғдири бир болған түркий мәмлекетлер халықларының сиясий кейпияты, социаллық белсендилиги қандай болыўы керек екенлиги мәселеси әҳмийетли стратегиялық мақсетке айланды. Усы көзқарастан мәмлекетлердиң өз-ара бирге ислесиў ҳәм тилеклесликке тийкарланған қатнасықларын белгилейтуғын рәсмий шөлкемниң шөлкемлестирилиўи заман талабы еди.

Совет структурасы тарқағаннан соң, Орайлық Азиядағы мәмлекетлер ҳәм Әзербайжан өзиниң суверенитетин жәриялады ҳәм халықаралық қатнасықлардың толық ҳуқықлы субъектине айланды. Гегемон мәмлекетлер саясында жоқ болып кетпеў ямаса, жат идеялар тәсиринде басқа бир күшли мәмлекетке ғәрезли болмаў ушын да ҳәр бир мәмлекет еркин түрде өз раўажланыў жолын белгилеп, халықаралық майданда да өз орнына ийе болыўға ҳәрекет ете баслады.

Әйне усы дәўирде, Түркий мәмлекетлердиң бирлесиў идеясы әҳмийетли мәселе сыпатында күн тәртибине шықты. Тийкарында бул идеяның алға қойылыўы жаңалық емес еди. Уллы Әмир Темур да түркий халықларды бирлестирген бирден-бир Туранды әрман еткенлиги тарийхтан белгили. Мине, усы жуўапкершиликти Түркия өз мойнына алды. Орайлық Азиядағы айырым мәмлекетлер, Түркия ҳәм Әзербайжан структура қатарына кирди. Өзбекстан ҳәм Түркменстан болса шөлкемге ағза болмады ҳәм «унамлы нейтралитет» позициясында турды. Бирақ жаңа шөлкем ушын бул еки мәмлекет әҳмийетли болып есапланған. Өзбекстанда Орайлық Азиядағы түркий тилде сөйлесетуғын халықтың ярымы жасап, Түркменстан болса дәлилленген газ резервлери бойынша дүньяда 4-орында ийелеп турған еди.

Бирақ бул сиясий платформа системалы түрде шөлкемлестирилмегенлиги, алға қойылып атырған басламалардың болса қаржылай тәмийнатының жоқлығы себепли, сондай-ақ, региондағы мусылман мәмлекетлери дүньялық принциплер тийкарында раўажланғаны себепли, 1991-1996-жылларға келип Түркияның жаңа түркий тиллес республикалар қәлиплесиўиндеги қатнасы төменледи. Тек ғана 1996-жылға келип бул реал сиясий қураллар ҳәм узақ мүддетли есап-санақлар менен тәмийинленген структураға айланды ҳәм кейин ала, оның дәлили сыпатында түркий тиллес мәмлекетлер Кеңеси шөлкемлестирилди.

ТМШниң эволюциялық раўажланыўы

1992-жылы 30-октябрьде Түркияның басламасы менен биринши «Түркий тиллес мәмлекетлер саммити» Анқара қаласында өткерилди. Онда Әзербайжан, Түркия, Қазақстан, Қырғызстан, Өзбекстан басшылары қатнасты. Президентлердиң гезектеги саммитлердеги ушырасыўлары 1994, 2001 ҳәм 2010-жыллары Стамбулда, 1995-жылы Бишкекте, 1996-жылы Ташкентте, 1998-жылы Астанада, 2000-жылы Бакуда, 2006-жылы Анталияда болып өтти.

2009-жылы Нахичеванда Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў Кеңеси (Түркий Кеңес) шөлкемлестирилди. Бул структура ҳүкиметлер аралық шөлкем сыпатында шөлкемлестирилген болып, оның тийкарғы мақсети түркий мәмлекетлер арасындағы ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў еди. Нахичеван саммитиниң жуўмақлаўшы ҳүжжетинде де түркий мәмлекетлердиң регион ҳәм дүньяда тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты беккемлеўге үлес қосыў тилеги билдирилген.

Кейинги жыллары Кеңес тараўлық бирге ислесиўди институционалластырыў ҳәм Түркий Мәмлекетлердиң Парламент Ассамблеясы (ТҮРКПА), Халықаралық Түркий мәденият шөлкеми (ТҮРКСАЙ), Халықаралық Түркий Академия сыяқлы басқа жәрдемши платформаларды жаратыўға еристи.

Өзбекстан Түркий тиллес мәмлекетлер Кеңесине рәсмий түрде 2019-жылдың сентябрь айында ағза болды. Оған себеп Өзбекстанда жаңа реформалар дәўириниң басланыўы, «Жаңа Өзбекстан» позициясы ҳәм халықаралық қатнасықларда көп тәреплеме платформаларға ашықлық еди. Президент Ш.Мирзиёев «ашық ҳәм конструктив сыртқы сиясат бәринен бурын, миллий мәплер ушын» деген позицияны алға қойды.

2021-жылдың ноябрь айында Стамбулда болып өткен тарийхый саммитте Түркий Кеңес Түркий мәмлекетлер шөлкеми сыпатында қайта шөлкемлестирилди. Саммит даўамында Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң (ТМШ) бирге ислесиўшилери ҳаққындағы Реже тастыйықланды. Теңлик, исеним, мәпдарлық, өз-ара мәсләҳәтлесиў ҳәм бирге ислесиў арқалы раўажланыўға умтылыс руўхында жақсы қоңсышылық, тилеклеслик ҳәм бирге ислесиў потенциалынан пайдаланыў ТМШның тийкарғы мақсетлерине айланды. Яғный, «Уллы Туран» түсиниги арқалы барлық түркий тиллес халықларды бир супер конфедерацияға бирлестириў нәзерде тутылған еди. Жаңа структура үшинши мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен конструктив бирге ислесиў байланысларын орнатыў ушын ашық екенлигин де билдирди.

Бирге ислесиў көлемин кеңейтиўдиң стратегиялық әҳмийети

Шөлкем мәмлекетлер арасындағы ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў менен бир қатарда, бириншиден, Кавказ ҳәм Орайлық Азияда жаңадан раўажланып атырған транспорт ҳәм энергетика жолларының тармағы бойлап исенимли, қәўипсиз ҳәм бирге ислесиў қатнасықларын байланыстырыўды режелестирди. Бул өз гезегинде, тек ғана ағза мәмлекетлер арасындағы саўда байланысларын кеңейтиў емес, сондай-ақ, шөлкемниң экономикалық ғәрезсизлиги ҳәм абаданлығына ерисиў менен бирге, глобал басымлар, мәселен, Аўғанстан аймағынан келиўи мүмкин болған қәўип-қәтерлерге қарсы турыў факторы сыпатында да керек еди. Екиншиден, Шөлкемге ағза мәмлекетлердиң оғада геосиясий амбициялар ҳәм жаратылып атырған трансмиллий жойбарлардың жумысында қатнасып атырған басқа да халықаралық күшлер басымына қарсы турыўында өз-ара жәрдемлесиў де үлкен әҳмийетке ийе. Үшиншиден, мәдений өзине тәнликти сақлап қалыў көзқарасынан да бул шөлкем әҳмийетли болып есапланады.

ТМШ халықаралық майданда нәтийжели, конструктив ҳәм мәплер теңлиги тийкарында жумыс алып барып атырған шөлкем сыпатында баҳаланып, оның қатарына қосылыў тилегинде болған мәмлекетлер саны да артып бармақта.

Мәселен, 15 ке шамалас мәмлекетлер, соның ишинде, Россия Федерациясының айырым структуралық қурамлары (Чувашия, Башқуртстан, Татарстан, Қрым Республикасы, Тува ҳәм басқалар), Гагаузия (Молдова Республикасы қурамындағы автоном аймақлық бирлик) ҳәм Қытай Халық Республикасының Шинжон Уйғыр автоном ўәлаятындағы түркий халықлар да бул платформа арқалы бирге ислесиў тилегин билдирген.

Ҳәзирги күнде Түркия, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Өзбекстан ТМШниң толық ағзасы, Түркменстан ҳәм Венгрия мәмлекетлери болса бақлаўшы статусында болып есапланады.

Жуўмақлап айтыў мүмкин, ТМШниң потенциалы оған ағза мәмлекетлердиң өз-ара аўызбиршилигинде көринеди. Шөлкем өз қатарын кеңейтиў арқалы халықаралық шеңберде тәсир күши ҳәм имканиятларын арттырыў, түркий мәмлекетлер арасындағы сиясий ҳәм экономикалық интеграцияны жеделлестириў, мәмлекетлердиң ҳәзирги күн шақырықларына бейимлесиўи ушын илим-технологиялар ҳәм инновациялық тараўларда жаңа жойбарларды енгизиў, мәдений-гуманитарлық тараўларда бирге ислесиўди беккемлеў сыяқлы бир қатар режелерди өз алдына мақсет етип қойған. Сондай-ақ, климат өзгериўи, пандемия ҳәм экономикалық боранлар шараятында да машқалаларды шешиўде ағза мәмлекетлер күшлерин бирлестириў шөлкем дәрежесиниң күн сайын артып баратырғанынан дәрек береди.

Барчиной Жўраева,

халықаралық журналист.

Қарақалпақстан хабар агентлиги