Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде киши ҳәм орта бизнести қаржылай қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириўге қаратылған нызам жойбары биринши оқыўда додаланды.

Атап өтилгениндей, бул нызам жойбары исбилерменлик субъектлерин қаржылай қоллап-қуўатлаў механизмин кеңейтиў, исбилермен тәрепинен банк емес кредит шөлкемлеринен кредит алыўдағы бар  ҳуқықый тосқынлықларды сапластырыўға қаратылған. Нызам жойбары кредит алыўшыға кепилликлер бериў шөлкемин шөлкемлестириўге байланыслы ҳуқықый нормаларды өз ишине алған.

Сондай-ақ, жойбар менен банк емес кредит шөлкемлерин акционерлик жәмийети яки жуўапкершилиги шекленген жәмийет усылында шөлкемлестириў, микроқаржы шөлкемлери тәрепинен қарыйдарларға сырт ел валютасында қаржылай хызметлер көрсетиў ҳәм микроқаржы шөлкемлерине тийисли лицензия алған ҳалда төлем шөлкеми жумысын әмелге асырыў имканиятлары жаратылмақта.

Буннан тысқары, жойбарда физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен банк емес кредит шөлкеминиң устав капиталындағы алынып атырған үлес муғдары 10 проценттен 20 процентке шекем болғанда, Орайлық банктиң хабардар етиў тәртиби қолланылатуғынлығы нәзерде тутылған.

Атап өтилгениндей, нызам жойбарының қабыл етилиўи менен исбилерменлик субъектлериниң қаржылай хызметлерден пайдаланыў имканияты және де кеңейтиледи, бизнести қоллап-қуўатлаў ҳәм исбилерменлик жойбарларын қаржыландырыўдың жаңа қураллары жаратылады.

ӨзА