Орайлық банк 2024-жылдың 2-шереги бойынша халықтың тутыныў кейпияты шолыўын жәриялады. Онда атап өтилиўинше, быйыл 2-шеректе дәрамат бойынша субиндекси алдынғы шерекке салыстырғанда 0,7 процентке төменлеп, 70,3 бәнтке тең болған ҳәм өткен жылдың усы дәўири дәрежесинде қәлиплескен.
Келешекте дәраматлар артыўы бойынша күтилмелер индекси бираз төменлеген болса да, сораў қатнасыўшыларының дерлик үштен еки бөлеги келеси шереклерде дәраматлары көбейиўин күтпекте.
Келешекте дәраматы көбейиўин күтип атырған респондентлердиң айырым көпшилиги 5-7 млн сум, 7-10 млн сум ҳәм 10 млн сумнан жоқары айлық дәраматқа ийе болған топарларға туўра келмекте. Дәраматы салыстырмалы төменирек (2-3 млн сумға шекем) болған халық ўәкиллериниң келешекте дәраматы артыўы бойынша күтилмелери қалған дәрамат топарларына қарағанда төменирек қәлиплескен.
Респондентлердиң 68 проценти (өткен шеректе 75 процент) рәсмий мийнет ҳақыдан дәрамат алатуғынын атап өткен. Исбилерменлик, қыйтақ жер жумысы ҳәм пул өткермелери арқалы дәрамат алыўшылардың үлеси артқан.
Сораўда туризм, турмыслық хызмет, тасыў хызмети ҳәм аўыл хожалығы тараўларында жумыс ислеўшилер дәраматларының артыўы бойынша оптимистикалық күтилмелер атап өтилген болса, керисинше, мәмлекетлик басқарыў, банк-қаржы, коммуналлық хызметлер ҳәм қурылыс тараўларының күтилмелери салыстырмалы пессимистлик болған.
Қәрежет субиндекси
Екинши шеректе респондентлердиң көпшилиги пулдың үлкен бөлегин турақ жай оңлаў (25,8 процент), билимлендириў (20,5 процент) ҳәм емлениў (20,1 процент) ушын сарыпланғанын атап өткен. Өз гезегинде қәрежетлер қурамында автомобиль сатып алғанлардың үлеси биринши шеректеги 12,3 проценттен 10,5 процентке шекем, турақ жай сатып алыўдағы үлеси 6,2 проценттен 5,8 процентке шекем қысқарған.
Мебель сатып алыў (5,3 проценттен 4,3 процентке), электрон қурылмалар (4,8 проценттен 3,5 процентке), шаңарақлық илажлар (11,5 проценттен 9,2 процентке) менен байланыслы қәрежетлердиң үлеси де азайған.
Өз гезегинде, мәресимлер (7,7 проценттен 8,4 процентке), саяхат (5,2 проценттен 6,5 процентке) ҳәм турақ жайларды оңлаў (23,7 проценттен 25,8 процентке) менен байланыслы қәрежетлердиң үлеси артқан.
Таллаўларға бола, көпшилик респондентлер қорлары жоқ екенлигин атап өткен. Сондай-ақ, қорлары 1 айға шекем жететуғын респондентлер үлеси шама менен 34 процентти қураған болса, 1-3 айға шекемги болған дәўир ушын бул көрсеткиш шама менен 17 процентке тең болған.
Ш.Маматуропова, ӨзА