Пайтахтымызда Халықаралық электрбайланыс аўқамы (ХЭА) тәрепинен ҒМДА регионы ушын МКТ статистикасы ҳәптелиги өткерилмекте.
Илажда санлы жалғаныўлар тараўындағы миллий сиясат ҳәм стратегиялар ушын жуўапкер болған 70 тен аслам мәмлекетлик хызметкерлер ҳәм телекоммуникация/МКТ раўажланыўын өлшеў ушын жуўапкер министрликлер, миллий статистика басқармалары, тәртипке салыў уйымлары, байланыс операторлары, изертлеў институтлары ҳәм ҒМДА регионының басқа да тийисли шөлкемлериниң басшылары ҳәм экспертлери қатнаспақта.
МКТ статистикасы ҳәптелигиниң ашылыў мәресиминде Санлы технологиялар министриниң орынбасары Жамол Махсудов, Халықаралық электрбайланыс аўқамы атынан ҒМДА регионы ушын ХЭА регионаллық директоры Наталя Мочу ҳәм Байланыс тараўындағы аймақлық дослық аўқамы атқарыў комитетиниң бас директоры Алексей Бородин шығып сөйледи, делинеди Санлы технологиялар министрлигиниң мағлыўматында.
Универсал мазмунлы жалғаныў (УМЖ)ды баҳалаў ушын МКТ статистикасы бойынша Халықаралық электрбайланыс аўқамы оқыў семинары УМЖ концепциясы ҳәм оны миллий санлы сиясатта оптималластырыў жолларын үйрениў имканиятын береди.
Буннан тысқары, семинар ҒМДА мәмлекетлериниң тийисли статистикалық мағлыўматларды ислеп шығыў ҳәм тарқатыў бойынша потенциалын жақсылаўға жәрдем береди.
А.РУСТАМОВ,
ӨзА