Мойнақ районында тийисли министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң жуўапкер қәнигелеринен ибарат жумысшы топарлардың халықтың кейпиятын үйрениў, мүрәжатларын тыңлаў, машқаларын шешиў, әмелий жәрдем көрсетиў бойынша жумыслары даўам етпекте.

Районда халықтың машқалаларын үйрениў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар арасында саламат түрмыс тәризин қәлиплестириў, жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық илажларын шөлкемлестириў бойынша тастыйықланған бағдарлама тийкарында  Бозатаў аўыл пуқаралар жыйынындағы «Шағырлы» аўылының турғынлары медициналық тексериўден өткерилди.

Илаж халық арасында майыплығы болған, үйинде жатып қалған, басқалардың күтимине мүтәж нураныйлар ҳәм балалар, ҳаял-қызларға айрықша дыққат қаратылғаны менен әҳмийетли болды.

Медицина хызметкерлери олардың үйлерине барып, ҳал-жағдайын сорап, медициналық тексериўлерден өткерип жәрдем көрсетти.

Районда бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги