Соңғы гезлери үй алды қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланып, ҳәр қыйлы мийўе  жемис ҳәм овощ-палыз егинлерин жетистирип отырған шаңарақлар саны көбеймекте.

Нөкис районындағы «Ақтерек» мәкан пуқаралар жыйыны Қырантаў аўылы турғыны Ж.Жабаев өз қыйтақ жерине ерик ҳәм алмурт сыяқлы мийўе тереклердиң астына помидор, бурыш, картошка палыз егинлерин егип мол өним жетистирмекте.



-Базардан ҳеш қандай палыз өнимлерин яки мийўе, жемис сатып алмаймыз. Бәрин үй қапталындағы қыйтақ жерден жетистирип отырмыз. Шаңарағымызға пайдаланыўдан аўысқанын базарға апарып сатып, дәрамат таўып мүтәжликлеримизге жумсап атырмыз. Суў болса, ана тәбият қарасып турса жерге егин егип, жетистиргенге не жетсин. Соның ушын ҳәр бир адам  мийнеттен қашпай, бәрқулла ҳәрекетте болыўы керек,-дейди Ж.Жабаев.

Ҳәзирги ўақытта қыйтақ жериндеги  ерик, алма, алмурт, бурышлары писип, помидорлар қызарып баслады. Бул егинлерди тәрбиялаўда шаңарақ ағзалары  биргеликте ҳәрекет етип келмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги