Төрткүл районында бийдайдан босаған жерлерге қайта егиске бағышланған көргизбели семинар болып өтти.

Илажда район ҳәкиминиң орынбасары Ж.Худайбергенов ҳәм басқалар шығып сөйлеп,  азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде бийдайдан босаған орынларға қайта егин егиўдиң әҳмийетине тоқтап өтти.

Илажды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет, халықтың жумыссыз қатламының, миграциядан қайтқан пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў болып табылады.

Қатнасыўшыларға қәнигелер тәрепинен егинди егиўден баслап экспортқа шығарыўға шекемги процесслер бойынша толық түсиник берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги