Парламенттиң жоқары палатасының елиў үшинши жалпы мәжилисин кирис сөзи менен ашқан Сенат Баслығы Танзила Норбоева мәмлекетимизде барлық тараўларда реформалар жедел даўам етип атырғанына итибар қаратты.

– Реформалардың нәтийжеси тек ғана елимиздеги өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар мысалында емес, ал халықаралық майдандағы жоқары тән алыўлар арқалы да айқын болмақта, – деди Т.Норбоева. – Усы жылдың 7-июнь күни Женевада болып өткен Халықаралық мийнет шөлкеминиң Ҳәкимшилик кеңесиниң ағзалығына сайлаўларда Өзбекстан Европа аймағынан ең көп (194) даўыс жыйнап тарийхта биринши рет усы кеңес ағзалығына сайланды. Соның менен бирге, БМШ Бас Ассамблеясында 2025-2027-жыллар ушын Экономикалық ҳәм социаллық кеңеси (ЭКОСОС) ағзалығына болып өткен сайлаўларда да мәмлекетимиз дүнья жүзиниң 185 мәмлекети даўысын жыйнап, биринши рет усы кеңес ағзалығына сайланды.

Бул кейинги жылларда елимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар, әсиресе, мийнет тараўын заман талапларына сәйкес түрде реформалаў, экономиканы еркинлестириў жолындағы ҳәрекетлеримиз ҳәм «Инсан қәдири» принципине тийкарланған социаллық сиясатымыздың жоқары тән алыныўы болып есапланатуғынын атап өтиў керек.

Бул структураларға ағзалық – тийисли бағдарларға байланыслы глобаллық күн тәртибин қәлиплестириўде мәмлекетимиздиң тәсирин ҳәм қатнасыўын тәмийинлеўи нәтийжесинде бул бағдарда халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм миллий тәжирийбемизди дүнья жүзи көлеминде үгит-нәсиятлаў имканиятын бериўи менен де әҳмийетли болып есапланады.

– Бул процесслер, ҳәрекетлер, халықаралық тән алыўлар сиз ҳәм бизден де байланыслылық, белсендилик ҳәм жуўапкершилик талап етеди, – деди Сенаттың Баслығы.

Норгул Абдураимова, Носир Ҳайдаров (сүўрет), ӨзАның хабаршылары