Усы жылдың 19-июнь күни Президент тәрепинен қол қойылған Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске қосымшалар киргизилди.

Оған бола:

Мәмлекетлик мүлкти белгиленген тәртипте ижара шәртнамасын дүзбей ижараға бериў, ижараға алынған мәмлекетлик мүлкти қабыллап алыўда, ижара қатнасықларының объекти аймағына кириўде ҳәм оннан пайдаланыўда ижараға алыўшы тийкарсыз түрде тосқынлық етиў ямаса ижараға берилип атырған мәмлекетлик мүлктиң параметрлери ҳәм санын ижара шәртнамасында надурыс көрсеткен ҳалда мәмлекетлик мүлкти ижараға бериў:

– лаўазымлы шахсларға БЕМниң 5 есесинен 10 есесине шекем (1 млн 700 мың сумнан 3 миллион 400 мың сумға шекем)ги муғдарда жәрийма салыўға себеп болатуғыны;

Тап усындай ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза илажы қолланылғанынан кейин бир жыл даўамында қайта исленген болса:

– лаўазымлы шахсларға БЕМниң 10 есесинен 15 есесине шекем (3 миллион 400 мың сумнан 5 миллион 100 мың сумға шекем)ги муғдарда жәрийма салыўға себеп болатуғыны белгиленди.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

ӨзА