Ҳаўаның патасланыўы глобаллық машқала. Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматына қарағанда, ҳәр жылы 7 миллионға шамалас адам әйне ҳаўаның патасланыўынан келип шығатуғын кеселликлер себепли қайтыс болады. Инсан саламатлығына унамсыз тәсиринен тысқары, атмосфераның патасланыўы 8 триллион доллардан көбирекке баҳаланған үлкен экономикалық шығынларға алып келеди.

Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги тәрепинен Жәҳән банки ҳәм БМШ Қоршаған орталық бағдарламасы (UNEP) менен биргеликте «Орайлық Азияда таза ҳаўа келешегин қурыў» темасында биринши жоқары дәрежедеги регионаллық сөйлесиў шөлкемлестирилди. Илаж ҳаўа патасланыўының алдын алыў ушын регионаллық ҳәрекетлерди муўапықластырыў ҳәм билим алмасыўды хошаметлеўге қаратылды. Сөйлесиўде Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан ҳүкимет ўәкиллери қатнасты.

Тараў ўәкиллериниң атап өтиўинше, региондағы ҳаўаның сапасына байланыслы кеселликлердиң көпшилиги ҳәм ерте өлимшилик диаметри 2,5 микрон ямаса оннан аз болған зыянкеслер (ПМ2.5) ге байланыслы. Орайлық Азияның ири қалаларында патасландырыўшы элементлердиң концентрациясы көбинесе, әсиресе қыста ҳаўа сапасы бойынша ЖДСШ усынысларынан бир неше есеге артады. Үйрениўлерге бола, Орайлық Азия қалалары әлле қашан дүнья жүзиндеги ең патасланған қалалар қатарына киретуғыны анықланған.

Илажда Жәҳән банкиниң «Ташкент ҳаўасының сапасын баҳалаў ҳәм Өзбекстанда ҳаўаның сапасын басқарыўды жетилистириў бойынша жол картасы» баянатындағы изертлеў ҳәм усыныслары, Орайлық Азия мәмлекетлериндеги ҳаўаның сапасы бойынша баянатлар, сондай-ақ, БМШтың Қоршаған орталық бойынша бағдарламасы тәрепинен таярланған «Ҳаўаның сапасы бойынша Европа ҳәм Орайлық Азия ҳәрекетлери» есабаты усынылды.

Жәҳән банкиниң «Ташкент ҳаўасының сапасын баҳалаў ҳәм Өзбекстанда ҳаўаның сапасын басқарыўды жетилистириў бойынша жол картасы»на бола, ПМ2.5 ның унамсыз тәсиринен келип шыққан ҳалда денсаўлықты сақлаў қәрежетлери Орайлық Азия мәмлекетлеринде ЖИӨниң 5,1-7,3 процентин қурайды.

Қатнасыўшылар өз мәмлекетлеринде ҳаўа патасланыўының алдын алыў сиясаты ҳәм әмелиятын көрип шықты, оның тәсири ҳаққындағы мағлыўматларды алмасыў методологиясын үйренди ҳәм ҳаўаның сапасын басқарыў бойынша регионаллық бирге ислесиўди жеделлестириўдиң тийкарғы бағдарларын белгилеп алды.

– Ҳаўаның сапасын басқарыў қыйын ўазыйпа болып, көбинесе мәкан ҳәм ўақыт бойынша тийкарғы санаат факторларын түсиниў ҳәм үстинликти талап етеди, – дейди Жәҳән банкиниң қоршаған орталық бойынша глобаллық директоры Валери Хикки. – Атмосфераның патасланыўын азайтыў бойынша ҳәрекетлер ыссыхана газлериниң шығындыларын азайтыў ҳәм климат өзгериўин жумсартыў менен әҳмийетли синергия ямаса келисимге ийе болыўы мүмкин ҳәм оларды дыққат пенен баҳалаў керек.

Атап өтилиўинше, регионаллық мәсләҳәтлер атмосфера ҳаўасының сапасы бойынша улыўма бағдарламаны беккемлеў, соның ишинде, ҳаўаның узақ қашықлықларда трансшегаралық патасланыўы ҳаққындағы конвенция шеңберинде биргеликтеги ҳәрекетлерди жеделлестириў, Орайлық Азияда ҳаўаның сапасын ең кейинги баҳалаў, ҳаўаның патасланыўын сапластырыўға байланыслы қарарларды қабыллаў бойынша билим алмасыў, үгит-нәсиятлаў ҳәм Орайлық Азия регионында үстинликлерди анықлаў, жетилистириў ҳәм үйлестириў ушын регионаллық бирге ислесиўдиң алдынғы тәжирийбелери, машқалалары ҳәм имканиятлары бойынша сөйлесиўди күшейтиўге хызмет етеди.

– Ҳаўаның патасланыўы шегара билмейди, – дейди UNEPтиң Европа регионаллық бюросының директоры ҳәм ўәкили Арнолд Крейлхубер. – Сол себепли Орайлық Азия мәмлекетлери арасында бул бағдардағы бирге ислесиў оғада әҳмийетли. Бул сөйлесиў Орайлық Азия ушын таза ҳаўаны тәмийинленеў жолындағы инвестицияларды көбейтиўге жәрдем береди.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА