ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тəрепинен  30-июнь “Жаслар күни” мүнəсибети менен жаслардың санлы технологиялар бойынша билимлерин арттырыў мақсетинде «Санлы технологиялар заман ҳəм мəканға сай» атамасында ушырасыў ɵткерилди.

Онда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң хызметкерлери, IT Park Қарақалпақстан Республикасы филиалы, жоқары оқыў орынларының студент- жаслары ҳəм ғалаба хабар қуралларының ўəкиллери қатнасты.

Ушырасыўда елимизде жасларға қаратылып атырған итибар, оларды қоллап-қуўатлаў бағдарында қабыл етилген қарар ҳəм пəрманлар, “Ɵзбекстан-2030” стратегиясының əҳмийети, əсиресе, стратегиядағы барлық тараўлар сыяқлы  IT  тараўы бойынша белгилеп берилген баслы ўазыйпалар, бул бағдарда IT Park Қарақалпақстан Республикасы филиалы тəрепинен алып барылып атырған жумыслар туўралы кең түрде мағлыўматлар берилип, пикир алысты.

Жаслардың санлы технологияларға болған билимлерин арттырыў, IT тараўында жаслардың қәбилетин раўажландырыў, мəлимлеме-технологияларын олар арасында ғалаба ен жайдырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

АҚШтың Аризона университетинде оқып атырған студент-жаслар Азизбек Толыбеков ҳəм Дәўранбек Қәдиримбетовлар заманласларына бүгинги күндеги санлы технологиялардың əҳмийетин атап өтип, елимизде алған билими ҳəм санлы технологияларды билиўи оқып атырған  университетинде пайдасы тийип атырғанлығын мысаллар менен айтып ɵтти.

Студент-жаслар IT тараўы бойынша ɵзлерин қызықтырған сораўларына тараў қəнигелеринен толық жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги