Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 23-август күни елимизге әмелий сапар менен келген Россия Федерациясы Ҳүкимети баслығының биринши орынбасары Игорь Шуваловты қабыл етти.
Мәмлекетимиз басшысы мийманды қутлықлап, И.Шуваловты Экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның Россия тәрепинен баслығы етип тайынланғаны менен шын жүректен қутлықлады.
Президентимиздиң усы жыл 4-5 – апрель күнлери Россия Федерациясына мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлерди толық әмелге асырыўда, сондай-ақ, экономиканың ҳәр қыйлы салаларындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң жаңа бағдарламаларын ҳәм жойбарларын турмысқа нәтийжели еңгизиўде Комиссия әҳмийетли орын ийелейтуғыны айрықша атап өтилди.
Ҳәзирги ўақытта өз-ара қатнасықлар жедел раўажланып атырғанлығы атап өтилди.
Өз-ара саўда көлеми турақлы өсип бармақта – усы жылдың жети айы даўамында товар алмасыў көлеми 14 процентке өсип, 2,6 миллиард АҚШ долларынан асты. Онда экспорт ҳәм импорттың барлық тийкарғы бағдарлары бойынша өсиў бақланбақта. Июль айынан Россия базарына мийўе-овощ өнимлерин жеткерип бериўде «жасыл коридор» системасы толық жумыс ислеп баслады.
Россияның жетекши компанияларын ҳәм банклерин тартқан халда, тийкарғы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша бирге ислесиўде белсенди жумыс алып барылмақта.
Нефть-газ комплексиндеги геологиялық-излеў жумысларын әмелге асырыў ҳәм перспективалы кәнлерди өзлестириў, онда углеводород шийки затын қазып алыўды көбейтиў, Қандым газди қайта ислеў ҳәм Жиззақ қайта ислеў заводларын қурыў, сала кәрханаларын модернизациялаў, сондай-ақ, газ ҳәм нефть жеткерип бериў бойынша ири жойбарлар солардың қатарына киреди.
Металлургия саласында «Ёшлик-1» кәнин өзлестириў, мысты байытыў комплексин қурыў ҳәм Ташкентте металлургия заводын қурыў бойынша жойбарларды әмелге асырыў жумыслары басланды.
Машина қурылысы, автомобиль қурылысы, электротехника, химия, фармацевтика, тоқымашылық, азық-аўқат санааты, туризм ҳәм басқа да көплеген салаларда, сондай-ақ, еллеримиз аймақлары арасында киши бизнес субъектлерин белсене тартқан халда кооперация байланыслары кеңейип бармақта.
Бүгинги күнде Өзбекистанда Россия капиталының қатнасында мыңға шамалас кәрхана жумыс ислемекте, Россияның 60 компаниясы ўәкилханалары дизимнен өткен.
Социаллық байланыслар раўажланбақта, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, спорт, мәденият ҳәм көркем өнер салаларында қоспа жойбарлар әмелге асырылмақта.
Ушырасыўда еллеримиз арасындағы әмелий бирге ислесиўди буннан былайда раўажландырыў, сондай-ақ, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўды ҳәм жоқары технологиялы салаларда жаңа перспективалы бағдарламаларды таярлаўды жеделлестириў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.
Мийман мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыллағаны ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдирди ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен Ҳүкимет баслығы Дмитрий Медведевтың сәлемин және ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Ҳүкимет баслығының биринши орынбасары Россия Федерациясы Өзбекистан Республикасы менен стратегиялық шерикликти ҳәм аўқамласлық руўхындағы кең көлемли бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға ҳәм беккемлеўге таяр екенлигин атап өтти.
ӨзА