Усы жыл 22-июнь күни пайтахтымыздағы Туран стадионында 30-июнь «Жаслар күни» байрамына бағышланып, «Жаслар – Өзбекстан келешеги» атамасында спорттың футбол түри бойынша «Аўқам кубоги» жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.
Жарысты өткериўдеги мақсет – усы жыл 16-март күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Футболды раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў ҳәм жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, оларды ғалабалық спорт түрине кеңнен тартыў ҳәм саламат бәсеки орталықты жетилистириўден ибарат.
Жарысқа республикамыздағы министрликлер ҳәм мәкемелер, шөлкемлерде жумыс ислейтуғын адамлардан ибарат жәми 15 команда қатнасты.
Жарыс жуўмағында Шоманай районындағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң командасы биринши, Қоңырат районындағы темир жол узели командасы екинши, Нөкис қаласындағы Қарақалпақстан Республикалық мәжбүрий орынлаў бюросы командасы үшинши орын жеңимпазы деп табылды.
Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы